Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
ЗНАЧЕНИЕ СОЦИАЛЬНЫХ ВПЕЧАТЛЕНИЙ В ФОРМИРОВАНИИ «САМОСОЗНАНИЯ» И ОБРАЗА «Я».
СОЦИАЛЛЫҚ ТӘСИРЛЕРДИҢ ӘҲМИЙЕТИ · Матуразова Зулфия Матиязовна
Современная наука и исследования · 2 · 2023
Аннотация
In this article, the self-awareness of a person is a characteristic of age and gender, the division of a person's inner "I" into components, the aspect of a person's "I" according to W. James. Key words: Self-awareness, "I", person, cognitive component, emotionality component, manners - moral component. ЗНАЧЕНИЕ СОЦИАЛЬНЫХ ВПЕЧАТЛЕНИЙ В ФОРМИРОВАНИИ «САМОСОЗНАНИЯ» И ОБРАЗА «Я». Аннотация. В данной статье самосознание человека является характеристикой возраста и пола, разделением внутреннего «Я» человека на компоненты, аспектом «Я» человека по У. Джеймсу. Ключевые слова: Самосознание, «Я», личность, когнитивный компонент, эмоциональность, манеры – моральный компонент. Ең терең, ең нәзик ҳәм түсиниў қыйын болған өлшеў – бул адамның ишки «мен»и. Инсанның ишки дүньясы тек оның өзи ҳәм шахстың «мен»и ҳаққындағы пикири менен терең байланыслы. Өз – өзин аңлаў – бул шахстың «Мен» образының пайда болыўы демек (И.S.Кон). «Мен» образы инсанда тез пайда болмайды. Ол пүткил өмири даўамында социаллық тәсирлер нәтийжесинде жүзеге келеди. Көплеген илимий дереклерде «мен» образына сәйкес бир неше көз-қарастағы теориялар бар. Оларды үш компанентке бөлип үйренсек мақсетке муўапық: 1. Билиў компоненти; (өзин – өзи билиў) 2. Эмоционал компонент; (өзин – өзи баҳалаў) 3. Әдеп – икрамлылық компоненти (өзине мүнәсебет) Д. Милл «мен» концепциясын «есте сақлаў» менен байланыстырған болса, В.Вундт «мен»ди «инсанның жеке сезимлери» менен уйғынластырады. Сондай-ақ илимпаз И.С.Кон өзиниң «мен»иниң жаратылысы» мийнетинде өзин-өзи аңлаў - бул биргеликтеги искерликке бирлескен адамлардың көзи менен қараў, деп биледи. А.Н. Леонтев болса өзин– өзи аңлаўда социаллық искерликтиң роли ҳаққында «Индивидуал «Мен» өзиниң қурамы бойынша социаллық тәжирийбе нәтийжесинде пайда болатуғын социаллық қурам»деген пикирди илгери сүреди: Ҳәр бир инсан өзин, өзлигин қаншелли анық билсе, өзи 6 18 International scientific journal ISSN: 2181-3906 «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» 2023 VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ ҳаққындағы образды анық жарата алса, оның жәмийет мүнәсибетлерине қарсы ҳәрекет етиўи соншелли аз ҳәм тәрбияланған болады. «Мен» образының тийкарғы қурамлылық бөлими өзин баҳалаў болып, оны У. Джеймстиң оригинал формуласы бойынша есаплаў мүмкин. Жетискенлик ---------------------- = ө з и н - ө з и б а ҳ а л а ў . Талапшаңлық У.Джеймс шахстың «мен»ине тийисли еки аспектти ажыратып көрсетеди: 1. Эмперикалық «мен». 2 Ҳақыйқый «мен» Эмперикалық «мен» адамның өзи тәрепинен ерисилген нәтийжелеринде көринеди. Ол төмендегише басқышлардан ибарат: - Материаллық «мен» – шахстың дене дүзилиси ҳәм жеке оның өзине тийисли болған барлық нәрселерди өз ишине қамтып алады.. - Социал «мен» шахстағы оның әтирапындағылар тән алған «мен» ҳәр бир инсанның өзи ҳаққында, оның дөгерегиндегилердиң пикирлери қызықтырыўы болып есапланады. - Психологиялық «мен» индивидтиң социум орталықта оның кимлигин көрсете алатуғын қәбилети, уқыбының жыйындысынан ибарат . Ҳақыйқый ямаса әдепли «мен» шахстың өзин аңлаўы, өз–өзине баҳа бериўинен ибарат. Солай етип, «мен» концепциясы – социаллық пикирлеримизди билдириўши ҳәм минез–қулқымызды басқарыўшы бир пүтин система. Шахстың өзин – өзи аңлаў жас ҳәм жынысый өзине тән қәсийетке ийе. Бул әсиресе, өзиниң ким екенлигин билиў, аңлаўға умтылыў, жас өспирим дәўирден баслап раўажланады. «Мен» образының жақсы ҳәм жаман болыўы оның қоршап турған сыртқы орталық, өзгелер мүнәсибетлери тәсиринде болады. «Мен» социаллық мүнәсибетлер ҳәм орталық пенен байланыслы процесс екен оған тәсир етиўши факторларда бар Булар: - биз орынлайтуғын роллер; - биз қәлиплестиретуғын социаллық идентификациялар (уқсаслық,теңлесиў); - әтираптағылар менен өзимизди салыстырыўымыз; - ерисилген табысларымыз ҳәм әўметсизликлеримиз; - әтираптағылардың биз ҳақымыздағы пикирлери; - бизге тийисли болған мәденият. Жоқарылардан жуўмақ шығарып айтатуғын болсақ, шахстың өзин–өзи аңлаўда социаллық орталықтың тәсирин шәртли түрде төрт бир бири менен байланыслы тәреплерин көрсетип өтемиз: 1. Өзин – өзи билиў, өзин тәрбиялаў дәстүрин белгилейди; 2. Өз – өзине мүнәсебети, өзине шахс сыпатында мүнәсебетте болыўы; 3. Өзин – өзи сезиниўи, өзин тастыйықлаўы, өзинен-өзи қанаатланыўы ҳәм шахстың руўхый жағдайы менен байланыслы; 6 19 International scientific journal ISSN: 2181-3906 «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» 2023 VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ 4. Өзине–өзиниң тәсири, шахс өзин туўры басқарса, өз ис- ҳәрекетлерине критиканы дурыс қабыл етсе, онда өзин–өзи тәрбиялаўға зәрүрлик сезеди. Ѳзин раўажландырыў ушын жаслық дәўиринен билим,ѳнер үйрениў,излениў,ѳз үстинде ислеў ертенги кунги улкен социаллық орталыққа мүнәсиб кадр,қәнийге болыў заман талабы.Студент жаслардың өзи ҳаққындағы пикирлерин билиў мақсетиде алып барылған сораў-жуўап нәтийжелеринде, 322 студенттен 25% «керекли ўақытта өз пикирлеримди айта алмайман» деген болса, 43% «базыда», деген жуўапты белгилеген. «Кемшиликсиз адам болмайды», деген пикирди 70% респондент мақул көрген. «Әтираптағыларға жақсы тәреплеримди
Доказательный фрагмент
«In this article, the self-awareness of a person is a characteristic of age and gender, the division of a person's inner "I" into components, the aspect of a person's "I" according to W.»
Образец извлечения
Демо-превьюIn this article, the self-awareness of a person is a characteristic of age and gender, the division of a person's inner "I" into components, the aspect of a person's "I" according to W. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- Self-awareness, "I", person, cognitive component, emotionality component, Самосознание, Өзин-өзи аӊлаў
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Развитие и инновации в наукеАбдусодиқов Маруфжон, Мамаражабов Беҳруз1945
Образовательные инновации и интеграцияQodirova Odinaxon Xayitboy qizi2026