К содержанию
РецензированоRU2026

ПОНИМАНИЕ ТЕКСТА И СПОСОБЫ ЕГО ИЗУЧЕНИЯ

Турешова Сарбиназ Муратовна

Современная наука и исследования · 2026

Аннотация

In this article, the terminological meaning of text interpretation and its widespread use in linguistics, literary science, aesthetics, semiotics, cultural studies, and philosophy is described in full. Key word: Text, Linguistics, cultural studies, philosophy, literature, terminological, artistic work. ПОНИМАНИЕ ТЕКСТА И СПОСОБЫ ЕГО ИЗУЧЕНИЯ Аннотация. В статье подробно раскрыто терминологическое значение интерпретации текста и ее широкое применение в лингвистике, литературоведении, эстетике, семиотике, культурологии, философии. Ключевые слова: Текст, языкознание, культурология, философия, литература, терминология, художественное творчество. Текст (лат. textum – байланыс, биригиў) қатаң терминологиялық мәнисинде сөздиң, сөз өнериниң дөретпеси. Ол қағазда жазылып, баспадан шыққан ҳәм оқып қабыл етиўге шамаланған болады. Ал кеңейтилген метафоралық мәнисинде қәлеген нәрсе, қәлеген қубылыс текст сыпатында қабыл етилмеўи мүмкин. Мысалы, «Тәғдир китабында жазылған», «тәбият китабын оқып», «аспан сырларын оқып» дегенге уқсаған сөзлерде көрингениндей. Бул термин ҳәзирги ўақытта лингвистикада, әдебияттаныў илиминде, эстетикада, семиотикада, культурологияда, философияда жүдә кең қолланылады. Ол ең алды бурын лингвистикада пайдаланыла баслады. Текст линвист ушын тәбийий тилдиң қолланылыўы. Оған байланысқанлық ҳәм ақырына жеткенлик тән. Демек, оның басы ҳәм аяғы болады. Текст логикалы тығыз байланысқан гәплердиң дүзиминен қуралған болып, бир пүтинликти 68 пайда етеди. Әдебияттаныў илиминде де текст термини өзиниң кең көринисин тапқан. Ол көркем шығарма тилиниң сөз, сөйлеў (речь, нутқ) тәрепин бир тутас қамтыйды. «Текст, - деп жазады Ю.М.Лотман, - көркем шығарманың бир компоненти»1. Текст көп жағдайларда «шығарма» сөзи менен синоним сыпатында қолланылады. Усыннан келип шығып, шығарма текстин «тийкарғы текст» ҳәм оның «қосымша текст» (побочный текст) деп екиге бөлип қараў дәстүри қабыл етилген. Қосымша текстке шығарманың аты, ескертиўлер, эпиграфлар, арнаўлар, автордың алғы сөзлери, жазылган ўақтының ҳәм жериниң көрсетилиўлери киреди2. Буларды «ишки ҳәм сыртқы» текстлер деп те атайды. Бул түсиниклердиң қарақәлпақ әдебияттаныў илиминде үйренилиў жағдайына тоқтайтуғын болсақ, онда булар бойынша төмендегилерди айтыўымыз мүмкин. Публицистикалық шығармалардың тиккелей ишки текстлерин үйрениў анаў я мынаў дәрежеде үйрениў қолға алынғанлығын айтыўымыз мүмкин. Үш-төрт диссертация, бир неше мақалалар пайда болған. Бирақ булар путкиллей жеткиликсиз, деп есаплаймыз. Өйткени, республикада көплеген газета-журналлар үзликсиз шығып тур, телевидение, радио ислеп тур. Буларда жарық көрген материаллардың барлығы дерлик алымлардың дыққатынан шетте қалып атыр. Ал, енди қосымша сыртқы текстлердиң үйренилиўине келетуғын болсақ, онда булар ҳаққында ҳеш нәрсениң жоқ екенлигин мойынлаўға мәжбүрмиз. Басқа еллерде соңғы ўақытларда бул түсиниклердиң ҳәр бири изертлеў объектине айналып атыр. Мысалы, З.Д.Блисковскийдиң «Муки заголовки» («Ат қойыў азабы») китабын көрсетиўимиз мүмкин. Биз өзимиздиң жумысымызда қарақалпақ публицистикасының айырым сыртқы текстлериниң стилистикасына дыққат аўдарыўды мақул көрдик. Олардың ишинен шығармаға ат қойыў, яғный шығарманың аталыўы мәселесин қысқаша ҳалымыздың келгенине қарай қарап шықпақшымыз. Улыўма алғанда, шығарма китаптың муқабасы ҳәм оның безелиўинен басланады. Өйткени олар да текст. Айтып кететуғын бир нәрсе, соңғы ўақытта шығып атырған китаплардың безелиўи кеўилдегидей емес. Профессионал художниклердиң орнына компьютерлик жансыз дизайн, рекламалық мақсетке муўапық арзан қол «мындалап»турған алабажырақ я сып-сыйқақ сүўретлер ҳәм соған қусағанлар. Ал шығарманы атаў ямаса оған ат қойыў мәселесине келсек, онда буның жүдә машақат ҳәм жуўапкершиликли мәселе 1 Лотман Ю.М. Анализ художественного текста. – М., 1973., с.24. 2 Хализов В.Е. Теория литературы. – М., 1999., с.148. 69 екенин мойынлаўымыз керек. Бийкарға З.Д.Блисковский өзиниң китабына атақлы рус жазыўшысы К.Паустовскийдиң «Ўой, мына ат қойыўдың таўсылмас азабын-ай» («О, эти постоянные мучительные поиски названий!») деген сөзин эпиграф етип алмаған. Усы бағдарда соңғы жылларда шыкқан китаплар бойынша бизиң үстүртин бақлаўларымыз азлы-көпли дыққатқа турарлық нәтийжелерди берди. «Соңғы жылларда китапларға ат қойыў бойынша қандай сәтсизликлер есиңизде қалды?» деген сораўға қәниге- тилши муғаллимлер төмендеги еки факты келтирди. Бириншиси Ҳ.Өтемуратова менен Г.Дәўлетованың бирге шығарған бирге шығарған китабы. (муқабасындағы аты тырнақшада берилген). Әлбетте, бул надурыс. Неге екени түсиникли. Екиншиси, И.Өтеўлиевтиң монографиясы төмендеги ат пенен шыққан: … Бул жерде сөзлердиң грамматикалық үйлесимсизлиги көзге тасланады. Ал бизиң өзимиздиң бақлаўымызша, Ө.Өтеўлиевтиң 2013-жылы баспадан шыққан «Жабайы көк» атлы топламының аты да сәтсиз қойылған. Бул жерде, бизиңше, сөзлердиң грамматикалық үйлесимлилиги есапқа алынбаған. Қәлеген еки сөз қатар турып мәни бер бермейди. Сөзлердиң бири бири менен үйлесимлилиги қатаң нызамлылықларға бағынады. Мысал ушын, Ө.Өтеўлиев

Доказательный фрагмент

«In this article, the terminological meaning of text interpretation and its widespread use in linguistics, literary science, aesthetics, semiotics, cultural studies, and philosophy is described in full.»

Образец извлечения

Демо-превью

In this article, the terminological meaning of text interpretation and its widespread use in linguistics, literary science, aesthetics, semiotics, cultural studies, and philosophy is described in full. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

Цитирований
0
Просмотров
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
Текст, языкознание, культурология, философия, литература, Tekst
Открыть DOI
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники