Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
ЖАЗ МӘЎСИМИН КЕЎИЛЛИ ƟТКЕРИЙИК
Д.К. Бердиев
Современная наука и исследования · 2025
Аннотация
This article discusses the work carried out to ensure that children have a meaningful and safe summer vacation. Keywords: safe vacation, swimming rules, promotion and propaganda. ДАВАЙТЕ ХОРОШО ПРОВЕДЁМ ЛЕТНИЙ СЕЗОН Аннотация. В статье обсуждается работа, проводимая для обеспечения детям содержательных и безопасных летних каникул. Ключевые слова: безопасные каникулы, правила плавания, продвижение и пропаганда. Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен жаз мәўсиминде балалардың дем-алысын мазмунлы ҳәм қаўип-қәтерсиз өткериў мақсетинде балалар саўаландырыў ҳәм дем алыў орайлары, бағлары тийисли хызметлер менен биргеликте үйренилип шығылды ҳәм әмелий жәрдемлер көрсетилди. Соның менен бирге шомылыў мәўсиминде пуқаралардың шомылыў қағыйдаларына қатаң әмел етиўлери, шомылыў қадаған етилген орынларда шомылмаўы бойынша ғалаба хабар қуралларында көрсетиў, еситтириў ҳәм мақалалар берилип барылмақта, сондай-ақ республикамыз аймағында жайласқан колледж, академиялық лицей, мектеплер ҳәм мекетепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде кең түрде түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Тилекке қарсы, шомылыў мәўсиминиң енди басланыўына қарамастан, жас өспиримлердин суўға кетип қалыў ҳәдийселери гүзетилмекте. Усылардың алдын алыў мақсетинде Қаракалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы барлық пуқараларды шомылыў мәўсиминде шомылыў қағыйдаларына қатаң әмел етиўлерин, шомылыў қадаған етилген орынларда шомылмаўы бойынша ескертеди, «Ҳүрметли ата- аналар соңғы жыллары республикамыз аймағында жайласқан шомылыў қадаған етилген суў хаўизлеринде, дәрья ҳәм каналларда инсанлардың суўға кетиўи менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер артып бармақта, жүз берип атырған бахытсыз хадийселерде әсиресе, жас өспиримлерди қараўсыз қалдырыўлары, айрым пуқаралардың дус келген орынларда шомылыўлары, жүзиў қағыйдаларын билмеўлери, бийик жерлерден (көпир, терек, тик жарлар) бойын таслаўлары, спиртли ишимликлер ишип суўға түсиўлери баслы себеплерден болып қалмақта. 649 Iyun, 2025-Yil Кең колемли профилактикалық ис илажлардың алып барылыўына қарамастан суўға кетиў менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер ҳәр жылы орташа есап пенен 15-25 адам санына туўра келмекте. Жоқарыда келтирип өтилген жағдайлардың жүз бермеслиги ушын, Төмендеги жағдайларда шомылмағаныңыз мақул: - егерде шаршаған болсаңыз; - қатты терлеп турған болсаңыз; - қарныңыз аш болса; - жақында аўырып кеселханадан шыққан болсаңыз; - спиртли ишимликлер ишкен болсаңыз. Шомылыўға болмайтуғын жерлер: - шомылыў қадаған етилген жерлерде шомылмаў; - таныс емес жерлерде суўға бас тасламаў; - көпирлер, бийик қырғақлар, кеме тоқтайтын жерлер, қайықлар ҳәм кемеден суўға секириў, шегараланған белгилерден жүзип өтпеў, өтип атырған кемелер ҳәм қайықлар жанына жүзип бармаў; - суў ағысы күшли болған орынларда шомылмаў. Ҳурметли ата-аналар ҳәм пуқаралар жоқарыдағы ҳәдийселер жүз бермеўи ушын шомылыў қадаған жерлерде шомылмаўыңызды, шомылып атырған жас балаларды қараўсыз қалдырмаўыңызды соранамыз. 650
Доказательный фрагмент
«This article discusses the work carried out to ensure that children have a meaningful and safe summer vacation.»
Образец извлечения
Демо-превьюThis article discusses the work carried out to ensure that children have a meaningful and safe summer vacation. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Просмотров
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- safe vacation, swimming rules, promotion and propaganda, профилактикалық ис илажлар., қаўип-қәтерсиз өткериў, шомылыў қағыйдалары
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Лучшие интеллектуальные исследованияTursunaliyeva Anoraxon Umarbek qizi –, Hakimzoda Niyoziy +12025
Развитие и инновации в наукеАбдусодиқов Маруфжон, Мамаражабов Беҳруз1945