К содержанию
РецензированоRU2026

Көркем тәкирардың «Алпамыс» дәстанында қолланылыў өзгешелиги

Қудайбергенова Гулпаршын Полатбаевна

Актуальные вопросы лингвистики и преподавания иностранных языков: достижения и инновации · 2026

Аннотация

Бул мақалада көркем текст, көркем тәкирар ҳәм онын турлериниң дәстанда қолланылыў өзгешеликлери, эстетикалық әҳмийети анализленеди. Гилт сөзлер: лингвофольклористика, көркем текст, көркем тәкирар, анафора, эпифора, аллитерация, ассонанс, эпанстрофа, эпаналепсис. Қарақалпақ лингвофольклористикасы қарақалпақ тил билиминиң жаңадан раўажланып киятырған тараўларының бири болып, көплеген арнаўлы илимий мийнетлер, оқыў қолланбалар, методикалық қураллар илимпазларымыз тәрепинен ислеп шығылмақта. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта фольклордың тиллик өзгешеликлерин ўйрениў ҳәр бир илимпаздың алдына қойылатуғын ўазыйпалардың бири. « Аўызеки халық дөретпелеринде уллы ойшыллар этикалық тәрбия мәселесиндеги исенимли қурал сыпатында қараўды, ал оның тили – ана тилин үйрениўдеги жетилискен усыл ҳәм мәдениятқа тәрбиялаў қуралы сыпатында қарайды »1. Көркем шығарманың тилин изертлеўши дәслепки илимпазлардың бири А.А.Потебня болып, ол өзиниң илимий мийнетлеринде теориялык поэтика мәселесинде поэтикалык сөзди оның образлылығы мәселелери менен байланыстырып изертлейди. 2. Қосықтың көркемлилигин, тәсиршеңлигин еле де арттырыўда көркем тәкирардың хызмети айрыкша. Көп томлык Қарақалпақ фольклорының 1-8 томында « Алпамыс» дәстаны ( Хожамберген Нияз улы варианты) берилген болып, онда пикирдиң тәсиршеңлиги, образлылығы, күшейтиўшилиги суўретленип атырған қубылыста көркем тәкирар усылларында шебер қолланған. Ҳәр қандай шығарманың тәсирлилигин, көркемлилигин еле де күшейтип бериўде көркем тәкирар айрықша хызмет аткарады. Мәселен, дәстанларда қаҳарманның пикирин, образын, сүўретлеп атырған нәрсени яки қубылысты бир неше рет тәкирарлайды. Дәстанда көркем тәкирар сөз, сөз дизбеги, фраза, гәп түринде қолланылғанын көриўимизге болади. Әсиресе, көркем тәкирардың аллитерация, ассананс, анофара, эпифора, эпанстрофа, эпаналепсис киби турлери дәстанларда жийи қолланылған. Мәселен, аллитерациянын қолланылыўы “Алпамыс” дәстанында көркем тәкирарлаўды күшейтип бериў мақсетинде қонсылас келген сөзди ҳәм сөз дизбеклерин толық бирдей сеслерде тәкирар қолланғанын көремиз. Кимиңди қул демейин, Кимиңди тул демейин, Кимиңди хан демейин, Аты озғанға тийейин. Бул қосық қатарларының басында «к» даўыссыз сеси кимиңди сөзинде ҳәм соңында демейин сөзи «д» даўыссыз сесиниң қайталаныўы көркем тәсир етиўдиң әҳмийетли усылы аллитерацияны пайда еткен. Сондай-ақ, Тандыр басында жеңгелер, 393 Беррегирек келиңлер, Биз бенен ойнап күлиңлер, Бир-бир наннан бериңлер. (61 б) Бул қосық қатарларындағы «б» үнли даўыссыз сесиниң қайталаныўы басында, беррегирек,биз бенен, бир-бир, бериңлер сөзлеринде тәкирарланып келип, баянланып атырған пикирдиң тәсиршеңлигин ҳәм жағымлылығын тәмийинлеўде көркем усылдың бир түри сыпатында хызмет атқарған.Соның нәтийжесинде олардың эмоционаллык- экпрессивлик тәсиршеңлиги күшейттирилип берилген. Сөз дизбеклериниң арасында ямаса гәптиң қурамында гезлесетуғын даўыслы сеслердиң бир-бирине тәсир етисип,үнлесип келиўи ассонанс есапланады. “Алпамыс” дәстанында бул қубылыс өнимли қолланылғанын көриўимизге болады. Мәселен: Алып едим ал менен , Алпыс еки туӯар мал менен, Бул қатарда «а» даўыслы сеси алып, ал, алпыс, туўар , мал сөзлеринде бир неше рет қайталанып даўыслы сеслердиң үнлеслигин тәмийинлеп келген. Гәптиң, сөз дизбеклериниң басында бирдей сөзлердиң ямаса конструкциялардың тәкирарланып келиўи анафора қубылысы да «Алпамыс» дәстанындағы қосық қатарларында көплеп ушырасады. «Анафора» термини грекше сөз болып «гәптин басында» ямаса «жоқарыға шығарыў» деген мәнисти билдиреди. Менде әскер қойдын ба? Менде нөкер қойдын ба, Мен-мен деген ерлерди, Батпансыған шерлерди. Бул мысалда «менде» бетлик алмасығы қосық катарларының басындағы биринши ҳәм екинши қатарларында тәкирарланып, айтылажақ пикирдиң тәсиршеңлигин арттырғанын көремиз. Ат үстинде алысты, Жағаға қол салысты, Биреўи арман тартады, Биреўи берман тартады. Бул қосық қатарларындағы «биреўи» белгисизлик алмасығы болса, соңғы үшинши ,төртинши қатарларында тәкирарланып келип, қосықтың мазмунына күшейтиўшилик мазмун берип қолланылған. Фольклорлық шығармаларда ушырасатуғын көркем тәкирар дизбеклесип, қайталанып келиў арқалы мәни өткирлигин де тәмийинлеўге тәсирин тийгизеди. Төмендеги келтирилген қосық қатарларында көркем тәкирар анафоралык усылда дәслеп екинши, төртинши қатарларында шалыс уйкас туринде келтирилген болса, соңғы куплетте биринши, үшинши қатарларда тәкирарланып келип инсанға өзгеше эмоционаллык тәсир тийгизиў менен бирге, мораллык сезимди де оятады. Ата деген қәдирдан, Сыйлайгөр,балам, атаңды Ене деген мийирман Сыйлайгөр,балам, енеңди. Сыйламасаң атаңды, 394 Қойларды баққан қул болар. Сыйламасаң енеңди, Тезеклеп терген күн болар. Дәстан тилинде қосық қатарларының кейнинде бирдей сөзлердин, сөз дизбеклериниң тәкирарланып келиўи эпифора қубылысы да көплеп ушырасқанының гуӯасы боламыз. Ҳаўа жаўып,айдын көллер ҳөл болсын, Жылдан жылға аз даўлетиң мол болсын. Бул мысалда «болсын» тилек мейили қосыктың дәслепки қатарының соңында жумсалыўы арқалы пикир күшейттирилип берилген. Кимиңди қул демеймен, Кимиңди

Доказательный фрагмент

«Бул мақалада көркем текст, көркем тәкирар ҳәм онын турлериниң дәстанда қолланылыў өзгешеликлери, эстетикалық әҳмийети анализленеди.»

Образец извлечения

Демо-превью

Бул мақалада көркем текст, көркем тәкирар ҳәм онын турлериниң дәстанда қолланылыў өзгешеликлери, эстетикалық әҳмийети анализленеди. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

Цитирований
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
linguo-folkloristics, artistic repetition, epiphora, epanstrophe, көркем тәкирар, көркем текст, лингвофольклористика, эпанстрофа, аллитерация, художественный текст, anaphora, эпифора, эпаналепсис, ассонанс, assonance, alliteration, анафора, художественный повтор, epanalepsis, artistic text
Открыть DOI
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники