К содержанию
РецензированоRU2026

ҚУРБАНБАЙ ЖЫРАЎ РЕПЕРТУАРЫНДАҒЫ УНАМЛЫ ҲӘМ УНАМСЫЗ ОБРАЗЛАРҒА СЫПАТЛАМА

ОБРАЗЛАРҒА СЫПАТЛАМА · Оразымбетова Айшолпан Муратбай қызы

Общественные науки в современном мире: теоретические и практические исследования · 2026

Аннотация

Усы илимий мақалада образ ҳәм оның түрлери ҳаққында мағлыўмат берилди. Қурбанбай жыраў репертуарындағы унамлы ҳәм унамсыз образларға сыпатлама келтирилди. Жыраў атқарған «Қырық қыз» ҳәм «Алпамыс» дәстанларынан мысаллар берилди. Гилт сөзлер: Фольклор, сюжет система, жыраў, репертуар, образ, образ түрлери. Образ - рус тилинде «образ», инглиз тилинде «image» яки «character» деген мәнини билдиреди. Фольклорда образ дегенде – халық әўызеки дөретиўшилигинде ушырасатуғын символлық ҳәм типик персонаж түсиниледи. Бул образлар халықтың дүньяға көзқарасы, қәдириятлары, арзыў-үмитлери ҳәм жәмийетлик пикирин сәўлелендиреди. Фольклорда ушырасатуғын образлар тийкарынан төмендегилерден ибарат: 1. Қаҳарманлық образлар -Ўатанды сыртқы душпанлардан қорғайтуғын, ғәрезсизлик ушын гүресетуғын, батырлық ҳәм мәртлик тымсалы (Алпамыс, Гүлбаршын, Гүлайым); 2. Унамлы образ (мәрт жигит, дана ҳаял, меҳрибан ата-ана); 3. Унамсыз образ – әдилсизлик, жаўызлықты көрсетип береди. Қаҳарманлар оларды жеңип, халықты қутқарады, әдилликти тәмийинлейди (залым патша, жаўыз адам); 4. Сыйқырлы образ – халықтың исеними ҳәм фантазиясына тийкарланған (әйдарҳа, дәў, пери, сыйқырлы кемпир); 5. Ҳайўанлар ҳәм тәбият образлары (түли, қасқыр, ат, терек, дәрья); 6. Әпиўайы халық ўәкиллери образлары (данышпан ғарры, ақыллы бала) ҳ.т.б. Бул санап өтилген образлардың барлығы Қурбанбай жыраў репертуарында көзге тасланады. Қурбанбай жыраў репертуарының басым көпшилигинде дәстан ядросын қурған негизги ўақыя урыс болып есапланады. Бул ҳақкында профессор Қ.Мақсетов та «Урыс қаҳарманлық дәстанның тийкарғы ядросын қурайды» [5.99] – деп атап өтеди. Ҳақыйқатында да, урыс еки тәреп ортасында басқаша айтқанда, урыс басшылары ҳәм оларға жәрдем берген персонажлар арасында жүз береди. Демек, усы орында унамлы ҳәм унамсыз образларды еске түсириў орынлы. Бир елди басып алыўға келген, басқыншылық ислеген ҳәм адамлардың ар-намысына тийиўге ҳәрекет еткен…. унамсыз образларға қарсы әдиллик пенен гүрескен унамлы образлар ҳәм оларға жәрдем берген затлар, персонажлар бар екенлиги белгили. Дәстанларда бәрқулла бас қаҳарманға жақын болған адамлар, ҳайўанлар ҳәм затлар болады. Олар гейде мәсләҳат берип, гейде урысып, гейде дәртине қулақ салып бас қаҳарманның түрли қыйыншылықлардан қутылыўына жәрдем береди. Буларды «қоллап-қуўатлаўшы» ямаса «екинши дәрежели» қаҳарманлар деп есаплаў мүмкин. 149 Олар ўақыяларға тиккелей қатнасады. Бундай сюжетлер басқа қаҳарманлық дәстанлар сыяқлы Қурбанбай жыраў репертуарында да көзге тасланады. Мәселен, «Алпамыс» дәстанында Қаражан Алпамыстың аты Байшубар менен бир инсан киби өз-ара сөйлеседи: Сен салмадың бас ийеге қайғы-зар, Мойныңа таққанды тилладан тумар, Ақылсыздан таяқ урдым өзиңе, Гүнәйымды кеширегөр жәңиўар. Атым еди батыр туўған Қаражан, Ўәдем болмағайды дүньяда жалған. Кеширегөр мениң енди гүнайым, Көзгенеңнен айлан безибан [2.265]. Усы сыяқлы сюжет «Қырық қыз» дәтанында Гүлайым ҳәм оның аты Ақтамкер арасында да сүўретленеди. Қарақалпақ дәстанларында қаҳарманлар ҳәм оны сүйген адамлар арасындағы гүрес ўақыялары бас қаҳарманның ақыл-парасаты арқасында оның қәлегениндей жуўмақланады. Биз буған Қурбанбай жыраў репертуарының «Қырық қыз» дәстанындағы Гүлайым, «Алпамыс» дәстанындағы Гүлбаршын образынан мысал келтирсек болады. Бул жерде унамлы қаҳарманлардың унамсыз персонажлар үстинен жеңиске ерисиў мотиви ўақыяларда өз көринисин табады. Дәстанларда бир сюжет екинши сюжетти жетеклеп келеди. Буның нәтийжесинде сюжет системасы жүзеге шығады. Буған «Қырық қыз» дәстаны негизинде төмендеги еки ўақыяны мысал келтирсек болады: – Хорезмди басып алыўға келген Нәдиршаның Алтынайды көрип ашық болыўы, бирақ Алтынайдың оған итибар бермеўи; – Елди қорғаў ушын Алтынай ҳәм оның ағасы Арысланның азатлық ушын гүреси; Бул еки ўақыяның ишинде унамлы ҳәм унамсыз образлардың гүреси жүз береди. Усы гүресте Нәдирша мақсетине ерисиў ушын барлық жаманлықларды әмелге асырады. Атап айтқанда, сыйқыр китабын ашып дем салады ҳәм гәўҳар тастың сыйқырынан пайдаланыўға ҳәрекет етеди: Сол ўаклары сум кемпир, He болғанын биледи, Алтынайдың қасына, Сылт етпестен келеди, Қолтыктағы китабын, Ол қолына алады, Отырып турып сум кемпир, Көп ўақыт дем салады, Көп ўакытлар дем салып, Кызды жайсыз уўлады, Оннан кейин залымлар, Арысланньң қасына, 150 Ғаз-ғаз басып барады, Жымыңлаған сум кемпир, Оған да дем салады [1.73]. Негизинен жаўларға қарсы батырлардың күш бириктириўи әҳмийетли бир мәселе болып табылады. Биз буны Қурбанбай жыраўдың «Ҳажы Гирей» дәстанында да көремиз. Ҳажы Гирейдиң жалғыз өзи көп санлы қалмақ ләшкерине атланғанда Хозермнен Айдың улы Айқозы, Жанқозы, Уйсин елден Арғын бий, Сайрамлыдан Сәрўанлы сыяқлы 4 ел батырларының өз ерки менен қосылып жаўға атланыўы жоқарыда келтирип өткен «Қырық қыз» дәстанындағы Гүлайым, Арыслан, Алтынай ҳәм Сәрбиназдың Нәдиршаға атланыс ўақыясына уқсас келеди. Илимпаз К.Палымбетов «Қоблан» дәстаны бойынша изертлеўинде: «Халық батырларының ... жеңилислери душпан күшлериниң сумлығы ҳәм ҳийлеси, дуўаханлығы ҳәм сыйқыр күши себепли болады. Бундай сүўретлеўл

Доказательный фрагмент

«Усы илимий мақалада образ ҳәм оның түрлери ҳаққында мағлыўмат берилди.»

Образец извлечения

Демо-превью

Усы илимий мақалада образ ҳәм оның түрлери ҳаққында мағлыўмат берилди. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

Цитирований
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
Фольклор, репертуар, сюжет система, образ, образ түрлери., жыраў
Открыть DOI
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники