Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТТАНЫЎЫНДА ЛИРИКАНЫҢ ҮЙРЕНИЛИЎИ МӘСЕЛЕСИНЕ (Т.Мәмбетниязов илимий излениўшилиги мысалында)
Т.Қ. Байниязова
Современная наука и исследования · 2 · 2026
Аннотация
The article is devoted to the problem of the research the lyrics in Karakalpak Literary Study. There is studied the monograph “Karakalpak lyric” of T.Mambetniyazov. The author pays attention to T.Mambetniyazov’s scientific approach to the problem of studying lyrics, successes and failures that befell the scientist in this matter. The shortcomings in the monograph are explained by objective and subjective factors that were peculiar to the time of creation of this scientific work. The author of the article comes to the conclusion that nowadays there is a need for a special study of scientific methods that were applied in scientific research carried out in Karakalpak Literary study. Keywords: Karakalpak Literary Study, lyrics, T.Mambetniyazov, Literature, scientific research. Мәлим болғанындай, қарақалпақ әдебияттаныўы ХХ әсирдиң 60-жыллары илимий кадрлар менен әдеўир толысқан еди. Бул жыллары Қ.Айымбетов, И.Сағитов, 751 ResearchBib IF - 11.01, ISSN: 3030-3753, Volume 2 Issue 4 М.Нурмуҳамедов, Қ.Мақсетов, С.Ахметов, соңын-ала З.Насурлаева, С.Бахадырова, Қ.Байниязов, С.Аллаяров сыяқлы жергиликли қәнигелер илимий майданда көрине баслады. Усы қатарда Т.Мәмбетниязовтың да атын атап өтиў орынлы. Т.Мәмбетниязовтың дәслепки қәдемлери қарақалпақ лирикасын үйрениў менен байланыслы болып, бул изленис тийкарында автор 1966-жылы кандидатлык диссертация жақлайды, изертлеў жумысы 1989-жылы «Қарақалпақ лирикасы» атамасында монография түринде баспадан шығады. «Қарақалпақ лирикасы» атамасындағы изленисинде илимпаз 1950-1960- жыллардағы лириканың түрлери, олардың бир-биринен айырмашылығы, усы дәўирдеги лириканың тематикасын, идеялық ҳәм көркемлик жақтан өзгешелигин, негизги бағдарын көрсетип бериўди мақсет еткен еди. Автор усы ўақытқа дейин лириканың толық анализи болмағанын, қарақалпақ адебияттаныўында ҳәм миллий әдебий сында, атап айтқанда, М.Нурмуҳамедов, Г.Есемуратов, И.Юсупов, Б.Исмаилов, И.Сагитов, С.Ахметов, Қ.Мақсетов ҳәм басқа да авторлардың китаплары менен мақалаларына ортақ бир кемшилик – олар лирикалық шығармаларды анализ еткенде, оның жетискенлиги менен кемшилигин көрсеткенде, сиясий лирикадан ары өте алмағанын ескертеди. Яғный, «лириканың муҳаббат, тәбият, философиялық түрлерине пикир жүритпеди. Усы күнге шекем қарақалпақ совет лирикасының изертлениўи қандай екенлиги усының өзинен ақ белгили. Усыған қарағанда, қарақалпақ совет лирикасы еле бети ашылмай, из түспей атырған тың сыяқлы сезиледи», деп тастыйықлайды [3, 8]. Көп жыллық үзилистен кейин 1955-жылдан баслап «Әмиўдәрья» журналының шығыўын илимпаз Т.Мәмбетниязов әҳмийетли ўақыя ретинде атап өтеди, бунда «журнал дөретиўшилик күшлерди (яғный жазыўшылар ҳәм әдебиятшыларды – Т.Б.) өз әтирапына топлады ҳәм олардың шығармаларын, мақалаларын өз бетинде жәриялап отырды. Бул әдебият пенен искусствоның ҳәм әдебияттаныў илиминиң раўажланыўына тәсир жасады», деп жазады [3, 9]. Буннан соң автор әдебий сынның сол гездеги ҳалаты туўралы азы-кем пикир билдиреди. Өйткени, илимпаздың пикири бойынша, әдебий шығармаға сын пикир билдириўшилер «шайырдың шығармаларының я жаман жағын қазады, я жақсы жағын таў етеди, сөйтеди де, шайырды я дана етеди, я жоқ етеди. Бул әдил сын емес» дей отырып, жергиликли илимпазлардың әдебий шығарманы баҳалаўдағы жетискенликлери менен кемшиликлерине жеке көз-қарасын билдирип өтеди [3, 9]. Деген менен, илимпаздың өзи тәрепинен де базы қәтеликлерге жол қойылған болып, олар ҳәтте усы изертлеў жумысының баспадағы варианты болған монографиясында да сақланып қалған. Бул олқылықты сезген Қ.Оразымбетов: 752 ResearchBib IF - 11.01, ISSN: 3030-3753, Volume 2 Issue 4 «Қарақалпақ лирикасы» жақында ғана, яғный 1989-жылы басылып шығыўына қарамастан, онда қәўпеки, исенимсиз талқылаўлар орын алған. Усы мийнеттеги лириканы тематикалық жақтан бөлиў принципи менен де келисиў қыйын» деп орынлы түрде ескертиў жасайды [4, 7]. Т.Мәмбетниязовтың изертлеўине тән болған жантасыў, яғный миллий әдебият материалын идеялық-тематикалық жақтан анализлеўди қарақалпақ әдебияттаныўында кең қолланылғанына гүўа боламыз. Мысалы, «Қарақалпақ поэзиясы» монографиясында 1945- 1956-жыллардағы қарақалпақ лирикасы туўралы сөз етилгенде, лирикалық поэзияда Бурынғы Аўқам халқының тарийхый жеңиси үлкен мақтаныш, күшли патриотизм менен жырланғанын, халықтың руўхый турмысындағы өзгерислер, кешеги солдаттың парахат мийнет ҳаққындағы ой-пикири, сағынышлы хошласыўлар менен перзентин күткен ата- ана, сәўер ярлардың зарлы үни менен кеширмелери лирикалық поэзияның идеялық- тематикалық диапазонын кеңейтти, деп жазылған. Жаңа қурылыслар, аўыл-қаланың өзгерген тулғасы шайырлар шығармаларының тийкарғы мазмунын қурады, дей отырып, китап авторы С.Ахметов қарақалпақ поэзиясы материалын тематикалық жақтан қарастырады ҳәм таллаўды әдеп кемшиликлерди көрсетиўден баслайды [1, 193-194]. Бул жерде С.Ахметовтың лириканы үйрениўге тийисли дыққатқа ылайық пикири соннан ибарат, ол қарақалпақ поэзиясын тарийхый шәраятқа байланыста алып, лириканы тематика бойынша қарастырады, бунда «теориялық жақтан лириканы тематикаға бөлип
Доказательный фрагмент
«The article is devoted to the problem of the research the lyrics in Karakalpak Literary Study.»
Образец извлечения
Демо-превьюThe article is devoted to the problem of the research the lyrics in Karakalpak Literary Study. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- Karakalpak Literary Study, lyrics, T.Mambetniyazov, Literature, scientific, лирика, научное изыскание., литература, Т.Мамбетниязов, каракалпакское литературоведение
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Научные статьиI.B.Yangiboyev, E.X.Berdanov +22025
МонографииK.J.Murodov2026