К содержанию
РецензированоRU2025

ҚАРАҚАЛПАҚ РОМАНЫНДА ТУМАРИС ОБРАЗЫ (С.БАҲАДИРОВА ҲӘМ Ҳ.ӨТЕМУРАТОВА ШЫҒАРМАЛАРЫ МЫСАЛЫНДА)

Ҳ.ӨТЕМУРАТОВА ШЫҒАРМАЛАРЫ МЫСАЛЫНДА) · Турдыбаева Азиза Тахир қызы

Современная наука и исследования · 4 · 2025

Аннотация

This article is dedicated to the study of the image of Tomyris in Karakalpak literature. The article analyzes the historical and literary aspects of the image of Tomyris, particularly through the works of S. Bahadirova and H.Utemuratova. The article also provides information about the historical sources, folk tales, and legends used in creating the image of Tomyris. Key words: artistic sources, character, dialogue, monologue, character, conflict. Қарақалпақ әдебияты бүгинги күнде раўажланып бармақта. Соның ишинде епикалық шығармалар да өзиниң жанрлық ҳәр түрлилиги менен әдебиятымызды 7 38 International scientific journal ISSN: 2181-3906 «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» 2025 VOLUME 4 / ISSUE 3 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ байытпақта. Әдебиятымызда тарийхый шахслар өмирине арналған прозалық ҳәм поезиялық шығармалар жазылды. Тарийхый шахслар өмири ҳәм олардың тарийхта қалдырған искерликлери тарийхый шығармаларда, романларда жазыла баслады ҳәм бир қанша жетискенликлерге де ерисилди. Қарақалпақ әдебиятында тарийхый романлар қатарына Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақ дәстаны», К.Султановтың «Әжинияз», О.Бекбауловтың «Беруний», К.Мәмбетовтың «Посқан ел», «Бозатаў», А.Садиковтың «Бостансыз бүлбүл», Ҳ.Өтемуратованың «Ҳүрлиман», «Тумарис» романлары киреди. Бул романлардың ҳәммесиниң прототипи бар. Мысалы, «Қарақалпақ дәстаны» романында Маман бий Оразан улы, Айдос бий, Ерназар алакөз, «Әжинияз» романында Әжинияз Қосыбай улы, О.Бекбауловтың «Беруний» романында уллы илимпаз Абу Райҳан Беруний, «Посқан ел» романында Исмайыл Султан, Орманбет бий, Жийен жыраў, «Бостансыз бүлбүл» де Бердақ Ғарғабай улы, Өтеш Алшынбай улы прототип есапланады. Тарийхта жасаған массагетлер патша ҳаялы Тумарис ҳәм оның ерликлерин сүўретлейтуғын шығармалар жазылды. Тумарис тек қарақалпақлар тарыйхында жасаған шахс емес, ол пүткил түркий халықлар ушын ортақ шахс есапланады. Сонлықтан Тумарис образы түркий халықлар әдебиятында дөретилген. Қоңсылас халықлар әдебиятында соның ишинде Тумарис образын қазақ әдебиятында Болат Жандарбеков «Саклар» роман диалогиясының биринши китабы «Тумарис» деп аталады. Романда тарийхый шахс Тумаристиң ерликлери Кир менен болып өткен саўашлары, оның ўатанына, халқына болған муҳаббаты сүўретленеди. Б.Жандарбеков романды жазыўда тийкарғы дерек сыпатында Герадоттың «Тарийх» деп аталған тоғыз китаптан ибарат шығармасын алған. Бул роман ҳаққында әдебиятшы Римғалий Нурғалий улы былайынша деген еди: «Б.Жандарбеков жазыўшылық шеберлигиниң арқасында усындай бир тарийхый деректи көркемлик шынына жеткизе алған. Ҳәр бир ўақыя өзиниң тәсирлилиги менен қатар, оқыўшыларды көп ойларға қалдырады. Тарийх тереңнен бойына енип, сол ўақытлары болған түрли ўақыяларды жай ғана емес, терең логикалық жол менен қабыллаўға мүмкиншилик жаратады». Өзбек әдебиятында ер жүрек Тумарис образын Ергаш Жуманбулбул улынан Ҳ.Зарипов жазып алған «Айсулыў» дәстанында Туран мәмлекетиниң патшасы Айсулыў образында Тумарис образы өзиниң әдебий көринисин тапқан. Дәстанда Туран мәмлекетиниң патшасы –Айсулыў бас қаҳарман болған. Дәстан терең социаллық-сыясый мазмунға бай болып, онда халықтың арзыў-әрманлары, ўатан сүйиўшилик сезимлери, басқыншыларға қарсы гүресиў сүўретленген. 7 39 International scientific journal ISSN: 2181-3906 «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» 2025 VOLUME 4 / ISSUE 3 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ Айсулыў өз халқы ҳәм журтына садық, пидәйи, батыр, мәрт, гүресте теңсиз, душпанға аяўсыз апсанаўий қаҳарман образы есапланады. Шығармада Айсулыў Иран патшасы Доро ләшкерлерин қарсы қаҳарманларша гүреседи ҳәм жеңеди. Бул халық дәстаны болып есапланады. Сондай-ақ, жазыўшы Миркәрим Осим «Тумарис» повестинде Тумарис ерликлерин жырлайды. Қарақалпақ әдебиятында Тумарис образы бириншилерден болып И.Юсуповтың «Тумарис» поемасы жарық көрди. [Юсупов И., 1974.] Поемада мәрт қаҳарман ҳаял патша Тумаристиң ерликлери жырланады. Тумарис поемасы тарийхый қаҳарманлық поема. Өз халқының өткен тарийхы туўралы фактлер, аңыз әңгимелер шайыр ушын оғада бай материал береди. Өткенди сүўретлеў шайырға бүгинги күнди улығлаў ушын керек. Ҳәр бир халықтың өтмишинде аңызға айланған қаҳарманлық ўақыялар жүдә көп. Усылардың бири массагетлердиң ҳаял патшасы Тумарис туўралы қаҳарманлық ҳәдийсе. Шайырдың Тумарис поемасында сол ҳаял патшасының Кирге қарсы мәртлик саўашы сәўлеленеди. Оқыўшының көз алдына аңызға айланģан ана Тумарис образы келеди. Сондай-ақ, қарақалпақ әдебиятында Гүлистан Дәўлетованың 2014-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан шыққан «Тумар қыз» қосықлар ҳәм поемалар топламын баспадан шығарды. Топлам ишиндеги «Тумар қыз» деп аталған тарийхый дәстаны тарийхый қаҳарман Тумарис патшайым ҳаққында жазылады. Шығармада Тумарис ҳаққындағы ўақыялар төрт қатарлы қосықларға жазылған. Шығарма ақырында қосық атамасын не ушын Тумар қыз деп қойғанлығын шайыр дәлиллеп көрсетеди. Қарақалпақ прозасында Тумарис образын С.Баҳадированың “Тумарис” повести ҳәм Ҳ.Өтемуратованың «Тумарис» тарийхый романы ҳәм А.Әбдиевтиң «Өмир,өлум ҳәм өмир» тарийхый роман-дилогиясының биринши китабы бар. бар. Бул шығармаларда авто

Доказательный фрагмент

«This article is dedicated to the study of the image of Tomyris in Karakalpak literature.»

Образец извлечения

Демо-превью

This article is dedicated to the study of the image of Tomyris in Karakalpak literature. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

Цитирований
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
artistic sources, character, dialogue, monologue, character, conflict, konflikt., xarakter, dialog, monolog, qahramon obrazi, badiiy ma’nbalar
Открыть DOI
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники