Современная трансформация образованияOtelbayev Bekzod Atabek ug`li2025
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ТУРКМЕНЛЕРИ СӨЙЛЕСИỶ ТИЛИНДЕ ТЕРМИНЛЕР
Куртчаев Алтыбай
Общественные науки в современном мире: теоретические и практические исследования · 2026
Аннотация
Мақолада Қорақалпоғистон минтақасида истиқомат қиладиган туркманларнинг умумсўзлашув услуби таҳлилга тортилади. Унда қариндошлик лексикаси ўзига хослиги, истеъмол доираси ҳақида сўз юритади. Қарақалпақстанда түркменлер күнделикли турмыста созлердин қолланылыў жагдайлары, шаңарақтың қайсы миллет ўәкиллериниң көпшилик болып отыратуғын жеринде жайласқанлығы көпшилик жағдайларда өз тилин үрп-эдетин сақлаған. Сөйлесиỷ тилинде терминлер пүткил адамзат жәмийетиниң әсирлер даўамында раўажланыўының, түрли басқышларында пайда болған ҳэм кең таралған. Олардың тийкарғы топарынң пайда болыўы түркий тиллердиң еле түрли шақапларға бөлинбеген ўақтына тийисли болып есапланады. Бул жағдайды ҳәзирги ўақытта өнимли қолланылып киятырған көп санлы туўысқанлық терминлердиң өзлери толық тастыйықлайды. Бул терминлердиң айырымлары узақ дэўир даўамында формасы ҳэм мазмуны жағынан ҳэр қыйлы болып өзгерген. Олардыц айырымлары туўысқанлықты билдириўи жағынан көп мәнили болса, гейбиреўлеринде бул жағдай сақланбаған. Бир тилдиң сөзлик қурамында ески лексикалық элементлерди көбирек сақлап қалған туўысқанлық терминлерди ушыратыў мүмкин. Туўысқанлық терминлер, тийкарынан, адамға өмирлик қойылатуғын индивидуал қэсийетке ийе жеке атлардай емес, олар өмири даўамында адамға қәўендерлик қатнасығы бойынша берилетуғын улыўма қәсийеттеги атлық сөзлер болып есапланады. Соны ушын да бул сөзлер өмир басқышлары бойынша әўладпа-эўлад (огулжака>ата//баба, гыз>эже>эне//мама, ул >әке>ата//буўа, гыз>ана>кемпир апа) тәкирарланып турады. Бул процесстиң тәкирарланып турыўы негизи бир урыўға қараслы болған ишки ҳэм сыртқы, урыў, қәўим т.б. жақын ҳэм узақ туўысқанлықгың пайда болып, раўажланыўына алып келген. Күнделикли турмыста бул тараўға тийисли қолланылатуғын сөзлер өзинше кең түсиникти, яғный ҳақыйкый туўысқанлықты ҳэм ҳүрмет мәнисин аңлатады. Себеби, ата, ул, қыз, аға-ини, ҳэм т.б. түсиниклер ғана тек ҳүрмет ушын қойылатуғын атлар емес, олар толық, анық ҳэм оғада жуўапкерликти көрсетеди. Түркмен ҳэм қарақалпақ тиллеринде туўысқанлық терминлердиң айырымлары улыўма қэсийетте болса, айырымлары мэниси жағынан өзгермеген. Оны биз төмендеги туўысқанлық терминлердиң ҳәр бирине салыстырып өтемиз. Огул//ул ( даата > дада//дәде) ҳэзирги жағдайына келген. Бул жағдай ана тәрепинен болған туўысқанлықты ацлататуғын тага (тай ага), дайза (дай эзе) сөзлериниц де усы термин менен негизиниц бир екенлигин билдиреди. Өзбек, уйғыр ҳэм қырғыз тиллериндеги домулла//дамылла сөзи дайе ҳәм мулла компонентлердиң қосылып қолланылыўынан келип шыққан сөз болып есапланады.7 Гардаъш-бул термин биринши топардыц сөйлеў тилинде агайын- гарындаш сөзлериниң қурамында қолланылып, улыўма туўысқан м
Доказательный фрагмент
«Мақолада Қорақалпоғистон минтақасида истиқомат қиладиган туркманларнинг умумсўзлашув услуби таҳлилга тортилади.»
Образец извлечения
Демо-превьюМақолада Қорақалпоғистон минтақасида истиқомат қиладиган туркманларнинг умумсўзлашув услуби таҳлилга тортилади. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- болып есапланады, туўысқанлық терминлердиң, күнделикли турмыста, терминлердиң айырымлары, бул жағдай, емес олар, ҳэм
Смежные источники
Медицина и инновацииМ Сабиров, О Скосырева +12021
Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
ЖУРНАЛ ПРАВОВЫХ ИССЛЕДОВАНИЙСуванов Сардор Бахадирович2026