Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ ҚАҒЫЙДАЛАРЫНА ӘМЕЛ ҚЫЛАЙЫҚ
NEW RENAISSANCE
Современная наука и исследования · 2 · 2025
Аннотация
This article discusses the current decision of the district governor on fire safety and measures aimed at further preventing fires Keywords: construction, buildings, residential areas, emergency situations. ДАВАЙТЕ СОБЛЮДАТЬ ПРАВИЛА ПОЖАРНОЙ БЕЗОПАСНОСТИ. Аннотация. В статье рассматривается действующее постановление губернатора округа по вопросам пожарной безопасности и меры, направленные на дальнейшее предупреждение пожаров. Ключевые слова: строительство, здания, жилые массивы, чрезвычайные ситуации. Шоманай районы Айрықша жағдайлар бөлими Профилактика ҳәм қәдағалаў бөлимшеси инспекторлары тәрепинен район аймағында жайласкан мәкеме, карханаларда ҳәм пухаралардын жеке меншик турақ жайларында өрттиң алдын алыў бойынша бир қанша угит-насият жумыслары алып барылыўына қарамастан, пуқаралардың жеке меншик турақ жайларына тартылған электр ток сымлары ҳәм жылытыў печлериниң насазлығы, жас балаларды жалғыз қараўсыз калдырып кетиўи, ақмайды газ плитасына қойып умытып кетиўи, транспортлардан пайдаланыў ҳәм дузилиў қағыйдаларын бузғанлығы ҳәм де әпиўайы өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел қылмағанлығы ақыбетинде район аймағында өткен 2024-жылдын 12 айы даўамында пуқаралардың жеке меншик турак жайлары, мал қоралары ҳәм транспорт қўралларында 11 өрт жуз берип, бул жуз берген өртлерден көрилген материаллық зыян 845 444 837 сумды қурайды. Бул жуз берген өртлердиң келип шығыў себеби электр ток сымларының қысқа тутасыўы нәтийжесинде 3 мәрте, жылытыў печлериниң насазлығы нәтийжесинде 1 мәрте, отқа итибарсызлық пенен қарағанлы нәтийжесинде 1 мәрте, жас балалардың шоқлығы нәтийжесинде 2 мәрте ҳәм басқа себеплерден 4 мәрте өртлер келип шыққан. 434 NEW RENAISSANCE 2025 FEBRUARY INTERNATIONAL SCIENTIFIC AND PRACTICAL CONFERENCE VOLUME 2 | ISSUE 2 Мысалы: 2024-жыл 21-январь куни Шоманай районы Дыйханабад АПЖда жасаўшы пуқара Н.Бға тийисли болған HYUNDAI ROBEX-140W маркалы экскаватордың элект тоқ сымларының қысқа тутасыўы нәтийжесинде, өрт келип шығып, экскаватордың салон ҳәм маторы өрттен зиянланып, 682 583 837 сум материаллық зыян көрилген. 2024-жыл 19-апрель куни Шоманай районы Ақжап АПЖда жасаўшы пуқара С.Сның 2018-жыл туўылған баласы К.Аның мал корасында шырпы жағып ойнаўы натийжесинде, мал қорасының 70м2 жери өрттен зиянланып, 2 040 000 сум материаллық зыян көрилген. 2024-жыл 29-август куни Шоманай районы Қарабайлы МПЖда жасаўшы пуқара Ҳ.Аның 2014-жыл туўылған қызы Ж.Аның мал корасында шырпы жағып ойнаўы натийжесинде, мал қорасының 60м2 жери өрттен зиянланып, 1 820 000 сум материаллық зыян көрилген. 2024-жыл 08-октябрь куни Шоманай районы Наўрыз МПЖда жасаўшы пуқара Д.Сның жеке меншик турак жай асханасында ақмайды куйдириў ушын газге қойып қараўсыз қалдырғанлығынан турак жайдың 120м2 жери ҳәм уй буйымлары өрттен зиянланып, 91 886 000 сум материаллық зыян көрилген. Бундай мысалларды коплеп келтире берсек болады, бирак буның менен пукаралардың өзлери бул жағдайларга азғана болсада итибар аударса «Өрт деген тилсиз жау»дың алдын алып, ең ахмийетлиси адамлардың набыт болыўына ҳәм орны толмас зыян көриўине шек қойган болар едик. 435
Доказательный фрагмент
«This article discusses the current decision of the district governor on fire safety and measures aimed at further preventing fires Keywords: construction, buildings, residential areas, emergency situations.»
Образец извлечения
Демо-превьюThis article discusses the current decision of the district governor on fire safety and measures aimed at further preventing fires Keywords: construction, buildings, residential areas, emergency situations. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- construction, buildings, residential areas, emergency situations, Өрт қәўипсизлиги, обьект, айрықша жағдайлар, контрамарка
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Журнал универсальных научных исследованийAND RESTORATION, Khatamov Orif Yusupovich2024
Магистерские диссертацииЮлдашев Ж.Х2014