К содержанию
РецензированоRU2026

ДАМИР АБДИМУРАТОВНИНГ РЕЖИССЁРЛИК МАҲОРАТИ

Бахтияр Сметович Мадияров

Interpretation and researches · 1 · 2026

Аннотация

This article talks about the history of Karakalpak film art and the creative path of film director Damir Abdimuratov, who has his own creativity in the field of cinematography, and the documentary films shot by the director. Film productions filmed in the current and subsequent periods were widely analyzed and shown. Key words: cinematography, direction, artistry, character, film, filmmaker, literary script. 73 International scientific journal “Interpretation and researches” Volume 1 issue 1 (47) | ISSN: 2181-4163 | Impact Factor: 8.2 Кино тараўында әҳмийет бериўимиз керек болған еки нәрсе бар, бири- әдебий киносценарий, екиншиси, режиссёрлық сценарий. Еӊ баслысы болажақ кино тараўы қәнигелери усы еки сценарий ҳаққында жақсы мағлыўматқа ийе болыўы жүдә әҳмийетли саналады. Тәжирийбели кинорежиссёр Дамир Абдимуратовтыӊ режиссёрлық шеберлигиниӊ сыры да усы еки сценарийди шебер меӊгерип алыўы менен өзгешеленип турады. «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған фильмлерде кинорежиссёр Д.Абдимуратовтыӊ шеберлиги ҳәм өз қол таӊбасы көзге тасланады. Әдебий киносценарий менен режиссёрлық сценарийлерин ислеў барысында ол қандай усыллардан пайдалана алды мине, усы сораўларға толығырақ жуўап бериўимиз ушын еӊ дәслеп бул түсиниклерге тоқтап өтиўимиз керек. ««Әдебий киносценарий»- кинематография тараўына тийисли болған атама болып, кинодраматургия шығармасын аӊлатады. Бундай шығарма кадр (сахна), көринис, диалоглардан ибарат болып, ўақыя мазмуны ҳәм әҳмийети, идеясын толық, үзликсиз, анық баян етип, қаҳарманлар тәбиятын ашып бериўи керек. «Әдебий сценарий» -фильмлер ислеп шығарыўдыӊ өзине сай талапларына жуўап беретуғын, (сүўретлеў ҳәм ҳаўаз бериў, актёрлардыӊ атқарыўы жәрдеминде фильм көринислериниӊ баянланыўы) көркем шығарма есапланады» [8]. Режиссёрлық сценарий турақлы түрде бир қатар үстинлерге ийе болады, яғный, «Т.б. №» - кадрдыӊ тәртип саны. ХРН-кадрдыӊ метр яки минут, секундлардағы ўақты, хронометражы, раскадровка- кадрдыӊ мазмунын, камераны қай жерге қойылыўын түсиндириўши сызықлар. Объект –Интерьер (ИНТ) яки Экстерьер (ЭКСТ), Павильон яки Натура (НАТ), сондай-ақ, объекттиӊ анық аты ҳәм оныӊ классификациясы. Режиссёрлық сценарийиндеги «кадр» ҳәм «план» түсиниклериниӊ мазмун- мәнисине айырықша итибар қаратыў зәрүр. Кинорежиссёр Дамир Абдимуратов ҳүжжетли фильмлерге режиссёрлық етиўи менен бирге сценарий авторы болып әдебий сценарийлер де жазды. Оныӊ режиссёрлығы менен авторлығындағы фильмлерди тематикасы бойынша портретлик ҳәм этнографиялық, илимий-көпшилик ҳүжжетли фильм деп бөлип қараўымызға болады. Портретлик бағдардағы режиссёрлық фильмлеринен «Бердақ», «Пидайы инсан», «Сөнбес жулдыз», «Ҳәмийше биринши», «Илим аспаны жулдызы», «Баҳадыр», «Алакөз», «Халық даналығы» ҳүжжетли фильмлеринде қарақалпақ [8] Аъзам Исоҳов. «Кинематография тарихи». Тошкент, 2019-й. 311-б. 74 International scientific journal “Interpretation and researches” Volume 1 issue 1 (47) | ISSN: 2181-4163 | Impact Factor: 8.2 халқыныӊ мақтанышлы перзентлериниӊ мәртликлерге толы өмир жолын сөз етеди. «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен 1999-жылы сүўретке түсирилген «Пидайы инсан» бир бөлимли ҳүжжетли фильминде академик Ж.Базарбаевтың илим жолы ҳәм искерлиги сөз етиледи. Фильм режиссёры Д.Абдимуратов академиктиӊ келбетин ашып бериўде киноға тән элементлерден шеберлик пенен пайдалана алған болса «Ҳәмийше биринши» бир бөлимли ҳүжжетли фильми(2002-ж.)нде дөретиўши инсанныӊ ишки дүньясын жаратыўдағы өзине тән рёжиссёрлық усыллардан утымлы пайдаланады. Фильм қарақалпақ халқыныӊ сүйикли композиторы, Қарақалпақстан гимниниӊ намасын жазған Н.Мухаммаддиновтың өмир жолы ҳәм дөретиӯшилик дүньясына бағышланады. Усы фильмлердиӊ сәтли шығыўында режиссёр Д.Абдимуратовтыӊ излениўшеӊлиги менен режиссёрлық сценарийди жақсы меӊгерип алыўдағы шеберликлери үлкен әҳмийетке ийе екенлигин фильмлерди таллаў барысында гүўасы болдық. Фильмлерде режиссёр ўақыялардың исенимли сәўлелендирилиўин тәмийинлейди. Режиссёр Д.Абдимуратовтыӊ этнографиялық темадағы фильмлеринде “видео -ҳәм даўыс қатарлары ҳәм видео-, даўыс -, логика қатарлары бирикпеси”[ 9 ] көзге тасланады.«Бесик» (режиссёры Д.Абдимуратов) бир бөлимли ҳүжжетли фильминде видео-, даўыс -, логика қатарлары көзге тасланады. Фильм ана Ӯатанды, ана журтты улығлайды. «Гештек» бир бөлимли фольклор-этнографиялық ҳүжжетли фильминде де усы кино элементлеринен пайдаланып, фильм тәсиршеӊлигин арттырады. Кинорежиссёр Д.Абдимуратовтыӊ сценарий авторы ҳәм режиссёрлығындағы фильмлерде ҳүжжетли фильмниң тийкарғы қәсийетлеринен өнимли пайдалана алған. «Қара жорға», «Ҳәӯжар», «Нама алыспақ», «Бет ашар», «Келиншек» ҳүжжетли фильмлеринде жақтылық, даўыс, ўақыялар, ҳәрекет, рең ҳәм музыкалардың тәсирин бириктиреди. Ең баслысы, олар тамашагөйлердиң буның барлығын өз көзи менен көриўине мүмкиншилик береди (көриў – демек, исениў).10 Режиссёр тәрепинен сүўретке алынған илимий-көпшилик ҳүжжетли фильмлер («Елабад», «Тиклениӯ», «Инсан камалатқа жеткенше», «Қарақалпақ ҳаққында сөз», «Қарақалпақты кимлер басқарған», «Ана тилим сен

Доказательный фрагмент

«This article talks about the history of Karakalpak film art and the creative path of film director Damir Abdimuratov, who has his own creativity in the field of cinematography, and the documentary films shot by the di…»

Образец извлечения

Демо-превью

This article talks about the history of Karakalpak film art and the creative path of film director Damir Abdimuratov, who has his own creativity in the field of cinematography, and the documentary films shot by the di… Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

DOI не указан
Цитирований
0
Просмотров
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
cinematography, direction, artistry, character, film, filmmaker, характер, кинорежиссёр, адабий сценарий., бадиийлик, режиссура, фильм, кинематография
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники