Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
Қазы Мәўлик шығармаларында гөнерген сөзлердиң қолланылыўы
UZBEKISTAN” JURNALI · Орынбаева Жупаргул (Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети)
Журнал научно-инновационных исследований в Узбекистане · 2 · 2024
Аннотация
The article discusses the linguistic differences of the works of Qazi Máwlik. The words used in the poet's poems are divided into archaic and historical words. Basic words: linguistics, Old Turkic language, ancient words, archaisms, historical words. Ҳәзирги дәўирдеги түркий тил билиминиң ең әҳмийетли ўазыйпаларының бири миллий әдебий тиллердиң қәлиплесиў ҳәм раўажланыў басқышларын еле де тереңирек изертлеў болып табылады. Сол тийкарда қарақалпақ тилиниң де қәлиплесиў ҳәм раўажлныў басқышларын үйрениў әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып есапланады. Түркий тиллес халықлардың әдебий тиллериниң раўажланыў тарийхын үйрениўде халықтың мәдений турмысында айрықша орын ийелейтуғын көркем сөз шеберлериниң шығармаларын лингвистикалық бағдарда изертлеў үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, әдебий тил улыўма халықлық тилдиң көркем сөз шеберлери тәрепинен қайта исленген ҳәм дөретиўшилик бағдарында байытылған түри. Сонлықтан да, әдебий тилди улыўма халықлық сөз мәдениятының жетилискен жоқары түри сыпатында баҳалаў зәрүр. Сол тилде сөйлеўши халықтың сөз 256 “JOURNAL OF SCIENCE-INNOVATIVE RESEARCH IN UZBEKISTAN” JURNALI VOLUME 2, ISSUE 12, 2024. DECEMBER ResearchBib Impact Factor: 9.654/2024 ISSN 2992-8869 мәдениятының жетилискен жоқарғы жемиси. Көркем сөз шебери усы дөретиўшилик процессти басқарып ҳәм раўажландырып барады. XX әсирдиң басында жасап әдебий дөретиўшилик пенен шуғылланған шайырлардың ишинде тиллик белгилери жағынан Қазы Мәўлик Бекмухаммед улының шығармалары айрықша орынды ийелейди. Қазы Мәўлик шығармаларының көркемлик дәрежеси әдебияттаныў илиминде Б.Дәўлетов тәрепенен өз алдына монографиялық бағдарда изертленилди. Шайыр шығармаларының тили өзине заманлас шайырлардың дөретпелеринен өзине тән болған өзгешеликлери менен көзге түседи. Яғный, сөз шебери өз дөретпелерин тийкарынан сол дәўирдеги барлық түркий халықларына ортақ болған жазба әдебий дәстүрлер үлгисинде дөретти. Қазы Мәўлик XX әсирдги қарақалпақ шайырлары Сарыбай, Гүлмурат Қурбаналы улы ҳәм т.б. шайырлардың шығармаларынан өзине тән болған сөз қолланыў өзгешеликлери, көркем баянлаў усыллары, әсиресе, тилиниң өзгешеликлери менен айрықша көзге түседи. Онда көбинесе ески түркий әдебий тилине тән болған фонетика-морфологиялық өзгешеликлер көринеди. Солай екен, шайыр шығармаларының тилин бир неше аспектлерден изертлеў талап етиледи. Биз мақалада шайыр шығармалары тилиндеги гөнерген сөзлердиң қолланылыў өзгешеликлерине тоқтап өтемиз. Қазы Мәўлик шығармаларының сөзлик курамында халықтың тарийхый раўажланыўының айырым басқышларында өнимли жумсалып, соң қолланыў өрисин тарайтқан гөнерген сөзлер белгили муғдарда ушырасады. Илимпаз Е. Бердимуратов қарақалпақ тилиндеги гөнерген сөзлердиң еки топары –архаизм ҳәм тарийхый сөзлерден ибарат екенлигин көрсетеди [1.117.]. Шайыр шығармаларында ушырасатуғын гөнерген сөзлерди де усындай еки топарға бөлип караўға болады. Архаизмлер. Қазы Мәўлик шығармаларындағы архаизмлер тилдиң раўажланыў барысында анаў я мынаў түсиниктиң атамасының екинши бир сөз бенен алмасыўы нәтийжесинде қолланылыў белсендилигинен айрылған сөзлер болып табылады. Ўакыттың өтиўи менен тилдиң сөзлик қурамында архаизмлердиң синонимлери пайда болып, олар жийи жумсалыў арқалы қолланыў өрисин шеклейди. Архаизмлер ҳәм тарийхый сөзлер белгили 257 “JOURNAL OF SCIENCE-INNOVATIVE RESEARCH IN UZBEKISTAN” JURNALI VOLUME 2, ISSUE 12, 2024. DECEMBER ResearchBib Impact Factor: 9.654/2024 ISSN 2992-8869 стилистикалық категориялар. Олар заман колоритин, реал тарийхый жағдайлардың анаў ямаса мынаў картинасын көрсетиў ҳәм. т.б.ушын қолланылып, шайыр дөретпелеринде жийи ушырасады. Мысалы: Бир дуқтар тазадан келди, Ат мойныны лағлы-маржанлар тақар. [171] («Шымбай баязы») Нази - нағметлери налдиң ҳаўазы. [171] («Жасарған илҳам») Ғаним көрсе тәндин башыны қақар. [171] («Шымбай баязы») Бул мысаллардагы дуқтар-ҳаял, лағлы-ҳасыл, нағметлери - ийбелери, ғаним - душпан, жаў сөзлери архаизмлер болып табылады. Шайыр шығармаларының сөзлик қурамындағы бундай архаизмлер сүўртленип атырған дәўирдиң колоритин, руўхын бериў ушын қолланылған. Тарийхый сөзлер. Тарийхый сөзлер тарийхый дәўирлер даўамында қолланылған белгили бир түсиниклердиң, буйымлардың, қубылыслардың, жәмийетлик қубылыстың раўажланыўына байланыслы қолланыўдан шығып қалған атамалар. Мысалы: Ақ орданың оң жағында, Арбасимлер төселмишдур. Бул мысалдағы «арбасим» сөзи қара үйдиң ишине төселген баҳалы төсек мәнисин аңлатып тур. Қазы Мәўлик шығармаларының лексикасында тарийхый сөзлерди төмендегидей тематикалық топарларға бөлип үйренемиз: 1. Мәмлекетлик басқарыў ислерин, адамлардың социальлық жағдайын билдиретуғын сөзлер: Мысалы: ақсақал, болыс, қусбеги, инақ, бажы, шах, тажы. Арық ақсақалға арна қаздырсаң, Ақсақал-болысқа буйрық жаздырсаң.(189) Мәртебең қусбеги ҳәм инақ болса (190) Бәрше саўдагерден сен алсаң бажы, Шах болып басына қыстырдың тажы. (190) («Ол неге дәркар») 258 “JOURNAL OF SCIENCE-INNOVATIVE RESEARCH IN UZBEKISTAN” JURNALI VOLUME 2, ISSUE 12, 2024. DECEMBER ResearchBib Impact Factor: 9.654/2024 ISSN 2992-8869 Буларда ақсақал,
Доказательный фрагмент
«The article discusses the linguistic differences of the works of Qazi Máwlik.»
Образец извлечения
Демо-превьюThe article discusses the linguistic differences of the works of Qazi Máwlik. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- тарийхый сөзлер, ески түркий тили, архаизмлер, гөнерген сөзлер, лингвистика
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Выпускные квалификационные работыUtegenova Gúlbaxar2015
Академические исследования в современной наукеKhudaiberdiyeva Arafat Israilovna, Ph.D Professor hudayberdiyevaarofat@gmail.com +12026