К содержанию
РецензированоRU2026

Мифологическое обсуждение Байтерек

Р Сапарниязов

Развитие лингвистики и литературоведения и образовательных технологий в эпоху глобализации · 5 · 546 – 566 · 2026

Аннотация

Бул мақалада байтерек култының дүнья фольклорында мифологиялық түсиниклери талқыйын етиледи. Соның менен бирге байтеректиң “өмир ағашы” түсинигине дүнья алымларының көзқараслары, пикирлеўлери салыстырмалы изертленеди. Нәтийжеде, байтеректиң жүдә күшли турмыс потенциалды өзинде жәмлестирген жанлы нәрсе деп түсиниў, ойлаў ҳәм ғайрийтәбиий қәсийетке ийе болған объект ретинде муқаддес деп есаплаў дәстүри оның культ дәрежесинде талқыйын етилиўинине алып келгенлиги белгиленеди. Таяныш сөзлер: байтерек, култ, мифология, “өмир ағашы”, “әлем ағашы”, дәстан, ертек. Аннотация: В данной статье анализируется мифологическое понятие культа дерево Байтерек. В том числе сравнительно изучается взгляды и мнения мировых ученых дерева байтерек как понятие “дерево жизни”. В результате определяется, что понимание, восприятие дерева Байтерек в качестве вещи, который воплотил в себе сильный жизненный потенциал, считать священным как объект со сверхъестественными качествами привело к его трактовке на уровне культа. Ключевые слова: байтерек, культ, мифология, “дерево жизни”, “дерево вселенной”, эпос, сказка. Annotation: This article deals with the mythological concept cult of the tree Bayterek. Including the comparative study of the views and opinions of world scientists of the tree Baiterek as the concept of “tree of life”. As a result, it is determined that the understanding, perception of the Bayterek tree as a thing that embodied a strong life potential, considered sacred as an object with supernatural qualities, led to its interpretation at the level of a cult. Key words: bayterek, cult, mythology, “tree of life”, “tree of universe”, epic, tale. Дүнья илимине нәзер таслағанымызда дарақытлар (терек) пенен байланыслы халық көзқараслары, түсиниклери, мифологиялық ойлаўлар, соның менен бирге, дарақыт (терек) образының фольклор шығармаларындағы көркем талқыны мәселеси дүнья фольклортаныўында ҳәм этнологиясында кең изертленгени көзге тасланады. Бул нени билдиреди деп пикирлеймиз? Бул бизиң ата-бабаларымыздың тереклерди муқаддес есаплағаны, соның менен бирге оларға сыйыныў, оларда ғайрийтәбиий қәсийет бар екенлиги, соның менен бирге оларды өз миллий салт-дәстүрлеринде кең қолланылыўы болып табылады. Бул ҳаққында белгили алым Ж.Ж.Фрэзердиң пикирлеўинше, тәбиий тоғайлардың ертедеги адамлар тәрепинен руўҳлар, тәңрилер, иләхийлик ҳәм мабудалар менен байланыслы муқаддес жай ретинде түсинилиўи дарақыт (терек) культы ҳаққындағы түсиниклерди келтирип шығарған. 146 Этнограф 146 Фрезер Д. Золотая ветвь. – М.: Политиздат, 1986. – С.110. 191 Respublika ilmiy-amaliy konferensiya алым Э.Тайлор дарақыт (терек) мифологиясында еки баслы аспекттиң бар екенин айрықша белгилейди, олар төмендегише: а) ҳәр бир өсимлик, дәслеп, дарақыттың (терек) жанлы деп тусинилиўи дарақытларға (терек) сыйыныў, ибадат етиў дәстүрлерин келтирип шығарған; б) дарақыт денеси өлген адамның руўхы ушын материаллық қабық ўазыйпасын атқарыўы мүмкин. 147 Усы дарақыттың (терек) мифологиялық қәсийети ҳаққындағы илимий дәреклерде билдирилген пикрлерди салыстырып қарағанымызда оларда өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясының анимистикалық мифологиясы ҳаққындағы тәлийматтың тәрепдарлары, дарақыт культының тарийхый тийкарларын өсимликлер, усы орында, дарақытлардың (терек) да жанлы деп түсинилиўи ҳаққындағы мифологиялық түсиниклерге байланыстырады. Олардың пикирлеўлеринше, тәбийий объектлердиң мазмуны дарақытлар (терек) тек ғана өсип турған ўақтында емес, ал кесилгеннен кейин де өзиниң иләхийлик, ғайрийтәбиий қәсийетлерин сақлап қалады екен, деген түсиниклердиң пайда болыўына тийкар болғаны айдынластырылады. Усындай, дарақытлардан бири байтерек болып, ол дүнья фольклорында муқаддес есапланған. Биз де усы мақаламызда усы байтерек ҳәм оның мифологиялық түсиниклери ҳаққында дүнья фольклорында билдирилген талықлаўлар, пикирлеўлер жөнинде тоқтап, оларды салыстырмалы изертлеўди мақсет еттик. Қазақ фольклортаныўындағы мийнетлерге қарағанда ертедеги дәўир фольклоры ҳаққында айтқанда ең алды менен тек қазақ халқында ғана емес, ал, басқа да түркий халықлардың да фольклоры менен байланыслы екенлиги, оларда аңыз-ертеклердиң мотивлерине айналған, символ ретинде қаралатуғын “мықан ағашы” ның бар екенлиги белгиленеди. Қазақ аңыз-ертеклериндеги мықан ағашының (байтеректиң) символ белгиси – заман, мәңгилик өмир. Қазақ ушын о дүнья менен бул дүньяның шегаралық белгиси – гүдәсте терек. Ер Төстик те, Керқула атлы Кендебай да, Тазша бала да байтеректиң түбине келип, усы өмирге келеди. Олар биз жайлаған кеңисликтен басқа кеңисликте өмир сүрип келген. «Күн астындағы Күникей қыздағы» алтын ағаш та сондай қүдиретке ийе, мықан ағашы (байтерек) – мәңгилик ўақыттың символы екенлиги белгиленеди. Қазақ фольклорында Жер мен Көкти жалғастырыўшы Бәйтерек ағашы – Мықан ағашы деп аталады екен1. Бундай мағлыўматлар Қазақстан интернет Уикипедия мағлыўматларында да мынадай деп келтириледи. Байтерек – ертедеги түсниклер бойынша сырлы қәсийетке ийе ағаш есапланады екен. Бәйтерек ертедеги орталық түсинигинде жердиң дәл орайында өсетуғын ин

Доказательный фрагмент

«Бул мақалада байтерек култының дүнья фольклорында мифологиялық түсиниклери талқыйын етиледи.»

Образец извлечения

Демо-превью

Бул мақалада байтерек култының дүнья фольклорында мифологиялық түсиниклери талқыйын етиледи. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

DOI не указан
Цитирований
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
bayterek, cult, mythology, “tree of life”, “tree of universe”, epic, tale, культ, сказка, ертек, дәстан, дерево жизни, култ, дерево вселенной, tree of universe, tree of life, әлем ағашы, эпос, мифология, байтерек, өмир ағашы
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники