American Journal of Philological SciencesMardanova Zilola Fatxullo qizi2024
Инглиз ва қорақалпоқ тилларида ғалаба медиасига тегишли атамалар
Н Асенов · Х Палуанова
Ренессанс в парадигме новаций образования и технологий в XXI веке · 2 · 2000
Аннотация
Бул мақалада кейинги ўақытлары қарақалпақ тилинде ғалаба хабар қураллары атамалары инглис тилинен аўысқан атамалар бир нешше тҥрлерге бӛлип ҥйренилген. Гилт сӛзлер: калькалаў, социаллық тармақлар, терминология, лексикалық бирликлер. Лингвистикада атамалар, әсиресе шет тиллери менен байланыслы атамалар менен байланыслы изертлеўлер лингвист илимпазлардыӊ итибарында болған. Мәселен, Россияда ӛткен әсирдиӊ 30-жылларында терминология менен Д.С. Лотте, Г.О. Винокур, А.А. Реформатский, В.М. 84 Лейчик ҳәм басқалар изертлеў жумысларын алып барған. Атап ӛтетуғын болсақ, Россия терминология мектебиниӊ тийкарын салыўшылардыӊ бири Д.С. Лотте мына пикирди билдирген еди: атама әпиўайы сӛзден парқлы рәўиште контекстен ғәрезсиз тҥрде жазып алыӊған тҥсиникти билдирмейди, сол тараўдыӊ шеӊберине кирмейди [1]. Ал, Г.О. Винокур болса, «атама бул ӛзгеше сӛз, ӛз ўазыйпасына ийе яки жоқары информативликке ҳәм анықлыққа ийе сӛзлер комплекси». Ғалаба хабар қуралларында атамалар менен байланыслы жағдайға итибар беретуғын болсақ, жергиликли ғалаба хабар қуралларында әсиресе инглис тилинен кирип келген атамалардыӊ кӛбейгенин кӛриўге болады. Буныӊ бир нешше себеплери бар, олардыӊ бири интернет тармағы менен байланыслы, кейингиси болса, информациялық коммуникациялық технологиялардыӊ масс-медиа тармақларындағы орныныӊ артып баратырғанлығы менен тҥсиндириўге болады. Бҥгинги кҥни қарақалпақ тилине инглис тили лексикалық бирликлериниӊ енисип атырғанлығын байқаймыз. Инновациялық технологиялар қарақалпақ тилине жаӊа англицизмлердиӊ енисиўине тийкар болмақта. Атап ӛтиўимиз керек, ӛзге тилге кирген сӛзлер басқа тилге енисип кетиўи ушын бир нешше басқышлардан ӛтеди, траслитерация яки транскрипциялық формада. Мәселен, инглис тилиндеги mass media сӛзи латын графикасында сол ҳалатында қолланылған болса, кейинги ўақытлары, бул атаманыӊ масс-медиа, масс медиа кӛринислеринде қолланып атырғанлығын кӛремиз. Мессенджер есапланған Instagram тармағы да бҥгинги кҥни кирилл имласы менен Инстаграмм кӛринисинде де қарақалпақ тилинде берилген материалларда ушырасады. Тилге англицизмлердиӊ кирип келиўинде туўрыдан-туўры ғалаба хабар қуралларыныӊ орны гиреўли деп айтсақ та болады. Айрым жағдайда ғалаба хабар қуралларыныӊ ӛзлериниӊ тил нормаларына бойсына бермейди. Әсиресе, интернет ғалаба хабар қуралларындағы берилип атырған материалларда инглис тилиндеги атамалардыӊ туўрыдан-туўры кӛринисинде қолланып атырғанлығын кӛремиз. Шет тиллерден кирип келген сӛзлердиӊ ана тилине енисип кетиўине тилдиӊ ишки себеплери кӛрсетиледи, буннан тысқары, тилдеги тҥсиниклер, предметлер, реалияларды ана тилинде тҥсиндирип бериў талабы кҥшли болады [2]. Басқа тиллерден сӛзлердиӊ ӛзлестирилиўи бойынша бир қатар илимий пикирлер бар. Мәселен: Л.П. Крысин былай деп атап ӛтеди: «Ӛзлестириў деп мыналарды атап ӛтиўимиз мҥмкин: 1) Бир тил элементиниӊ екинши тил системасына ӛтиўи, бул тиллер ортасында узақ мҥддетли байланысты қәлиплестиреди; 2) Бундай ӛзлестириў нәтийжесинде сӛз яки сӛз бирикпелери кирип келеди» [3]. Ӛзлестириўдиӊ және бир ишки себеби – шет тили сӛзлери менен арнаўлы предмет тҥрлерин аӊлатыў [4]. Ғалаба хабар қуралларыныӊ орайлық итибарында ғалабалық мәденият пенен байланыслы англицизмлерде бар. Атап ӛтетуғын болсақ, имидж, ток-шоу, шоу-бизнес ҳәм басқалар. Компьютер технологиялары менен байланыслы англицизмлерде жҥдә әҳмийетли, сервер, сайт, браузер. Телеканаллардағы спортқа байланыслы трансляцияларда, әсиресе спорт ойынларында англицизмлерди кӛп ушыратыўға болады, мысалы, голкипер, хавбек, лайнсмен. Кейинги ўақытлары социаллық тармақлардыӊ коммуникация қуралы сыпатында кеӊ пайдаланыў нәтийжесинде инглис тилинде актив қолланылып киятырған сӛзлер қарақалпақ тилинде жумыс алып баратуғын социаллық тармақларда да кеӊ тҥрде қолланылып келинбекте. Айрым жергиликли сайтлардыӊ атамаларында да инглис тили сӛзлери қолланыла баслады. Мәселен, www.KarOne.uz сайты, дәслепки буўын Қарақалпақстан сӛзиниӊ қысқартпасы, яғный сайт Қарақалпақстандағы екенлигин билдирсе, one – сӛзи биринши дегенди аӊлатады, яғный сайт редакциясы жергиликли аудитория ушын жаӊалықларды бириншилерден болып жеткерип бериўге умтылып атырғанлығын кӛрсетеди. www.Kanews.uz сайты Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкӛл районы ҳәкимияты сайты есапланады. Бунда да Ka буўыны Қанлыкӛл районы дегенди аӊлатады. News – cӛзи қарақалпақ тилинде жаӊалық сӛзиниӊ орнына актив қолланбаса да, айрым жеке меншик мәкемелер, сайтлар менен блокларда қолланып келмекте. Bookie – online audiokitaplar каналы атамасында да инглис тили сӛзлерин ушыратыўға болады. Демек, book – китап, online – тармақта дегенди аӊлатады. Қарақалпақ тилинде китап оқыйтуғын оқыўшы бирден ақ бул каналдыӊ тийкарғы мақсети китапларды онлайн, китаплардыӊ электрон нусқаларын оқыўға имканият жаратып беретуғынын бирден тҥсинип алады. Инглис тилинен ғалаба коммуникация тараўына байланыслы атамалар бир нешше усыллар арқалы ӛзлестирилип атыр: Калькалаў 1. antivirus program – антивирус программасы 2. archived file – архив файллар 85 3. data journalism – дата журналистика 4. data –
Доказательный фрагмент
«Бул мақалада кейинги ўақытлары қарақалпақ тилинде ғалаба хабар қураллары атамалары инглис тилинен аўысқан атамалар бир нешше тҥрлерге бӛлип ҥйренилген.»
Образец извлечения
Демо-превьюБул мақалада кейинги ўақытлары қарақалпақ тилинде ғалаба хабар қураллары атамалары инглис тилинен аўысқан атамалар бир нешше тҥрлерге бӛлип ҥйренилген. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- лексик бирликлар, терминология, калава, ижтимоий тармоқлар
Смежные источники
Медицина и инновацииМ Сабиров, О Скосырева +12021
Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025