Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
ИЙИС ГАЗИНЕН ЗӘҲӘРЛЕНИЎДИҢ АЛДЫН АЛАЙЫҚ
К Танирбергенов
Современная наука и исследования · 2024
Аннотация
This article discusses the fire safety month and the measures to ensure fire safety and prevent emergency situations in multi-storey and individual residential buildings located in the district. Keywords: fire safety, emergency situations, education, prevention. ПРЕДОТВРАТИМ ОТРАВЛЕНИЕ ЗАПАХОМ ГАЗА Аннотация. В данной статье рассмотрены вопросы пожарной безопасности за один месяц, а также обеспечения пожарной безопасности и предотвращения чрезвычайных ситуаций в многоэтажных и индивидуальных жилых домах, расположенных на территории района. Ключевые слова: пожарная безопасность, пропаганда чрезвычайных ситуаций, профилактика. Ийис гази бул- үйлеримизде пайдаланып атырған табиий газ, қатты отын ҳәм басқада жаныўшы затлардың толық жанбаўы натийжесинде пайда болатуғын газ. Ийис гази инсан организиминиң дем алыў жоллары ҳәм дем алыў органларына күшли тәсир қылады. Ийис гази дем алыў жоллары арқалы организмди, орайлық нерв системасын зәҳәрлейди. Ис газинен зәҳерлениў оның ҳаўадағы концентрациясына ҳәм тәсир етиў мүддетине байланыслы болады. Жеңил турдеги зәҳерлениўде- бас қатты аўырады, бас айланады, қулақлар шыңылдайды, кеўили айныйды, қусыў ҳәм өзин жоғалтыўы мүмкин. Орташа түрдеги зәҳерлениўде - булшық етлер ҳәлсизленеди, дем алыўы қыйынласады, пульстиң урыўы тезлеседи, артерия қан басымы пәсейеди, кеўили айныйды, ақыл еси пәсейеди, уйқысы келеди, бетте сепкил дақлар пайда болады. 571 Noyabr, 2024-Yil Аўыр түрдеги зәҳерлениўде- адам өзин жоғалтады. Аяқлары көгерип ҳәм ағарып, бетте сепкил дақлар пайда болады. Пульстиң урыўы тезлеседи, артерия қан басымы пәсейеди, дем алыў қыйынласады ҳәм тереңлеседи, булшық етлер босасады, дем алыў тоқтайды ҳәм адам набыт болады. Ийис газиниң ҳаўадағы өлимге алып келетуғын концентрациясы 0,08 процентти қурайды. Алды менен биринши жәрдем көрсетиў ушын, зәҳерленген адамды тез арада таза ҳаўаға алып шығыўы керек. Күнниң ыссы ўақытлары оны далаға алып шыққан жақсы. Қысқа-қысқа дем алғанда ямаса дем алыўы тоқтап қалғанда жасалма дем бериледи. Бул иләж наўқас еркин дем алыўына шекем ҳәм биологик өлим түри пайда болғанынша даўам еттириледи. Денени ўқалаў, аяқларға грелка қойыў, азырақ нашатырь спиртин пайдаланыў зәҳерлениўди тоқтатыўына алып келеди. Зәҳерленгенлерди емлеўханаларға жатқарыўы керек, себеби азырақ ўақыт өткеннен кейин өкпе ҳәм нерв системаларында аўырыўлар алып келиўи мүмкин. Емлеўханадан шыққаннан кейин наўқаслар терапевт ҳәм невропатолог бақлаўында болыўы шәрт. Егер наўқастың жағдайы жақсы болса, денениң жоқары бетин қысып турыўшы кийимлерден босатылады, ыссы шай ҳәм кофе ишкизеледи. Усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде, Районымыз аймагында бой тиклеп атырган таза курылыс, реконструкция хам капитал онлау жумыслары алып барылып атырган имаратларга, үйлерге печка орнатылып атырған ўақытта оның жақсы ҳәм саз ҳалда жалғаныўы, газ қулақлары, газ плитасы ямаса печке болған белгили аралықта жайласыўы, үй ишине печка орнатыўдан алдын оның морысы сазлығын көрип шығыў, газ қулақларына балалардың жақынласпаўы ҳәм оның менен ойнамаўлары, қала берсе инсан саламатлығына ҳәм өмир ушын зыянлы қәўипли болған барлық затлар ҳаққында балаларға барқулла үйретип барыў мақсетке муўапық болады. Табиий ҳам ийис гази менен зәҳерлениў жағдайлары менен байланыслы айрықша жағдайлар жүз бериўине төмендегилер себеп болыўы мүмкин, яғный, табиий газдиң толық жанбаўы ақыбетинде пайда болатуғын ийис газдиң тәсири, үй ишлерин ысытыў системаларына табиий газдиң жалғаныўы талапқа жуўап бермеўи, тәбиий газден пайдаланыўда техникалық қәўипсизлик талапларына жуўап бермеўи, ысытыў ушын мөлшерленген печкалар ямаса морылардың саз жағдайда емеслиги, жақсылап тазаланбағанлығы ҳәм басқалар. Ханаға табиий газ толып қалғанын сезген жағдайда, тез арада төмендегилерди әмелге асырыў тийис, яғный, хананың әйнек-көзлерин ашып, шамаллатыў, ханада электр 572 Noyabr, 2024-Yil үскенелерин жақпаў, жанып турған болса өширмеў, ханада ушқын шығарыўшы затлардан пайдаланбаў, газ қулақларын бекитиў, газ қулақларын бекитиўдиң иләжы болмаса ямаса жарылған, сынған ҳәм тесилген жерлери анықланса, дәрҳалгаз тармақларының авария хызметиниң 104 номерине хабар бериў керек.
Доказательный фрагмент
«This article discusses the fire safety month and the measures to ensure fire safety and prevent emergency situations in multi-storey and individual residential buildings located in the district.»
Образец извлечения
Демо-превьюThis article discusses the fire safety month and the measures to ensure fire safety and prevent emergency situations in multi-storey and individual residential buildings located in the district. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- fire safety, emergency situations, education, prevention, үгит-нәсият, өрт қаўипсизлиги, профилактика, айрықша жағдайлар
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Научные статьиI.B.Yangiboyev, E.X.Berdanov +22025
МонографииK.J.Murodov2026