Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ – БӘРШЕМИЗДИӉ ЎАЗЫЙПАМЫЗ
Ж.С. Хожанов
Современная наука и исследования · 2024
Аннотация
This article discusses the Decree on measures to combat corruption and further improve the anti-corruption system. Keywords: Corruption, society, document, measures, reforms. БОРЬБА С КОРРУПЦИЕЙ – НАШ ДОЛГ Аннотация. Данная статья посвящена указу о мерах по борьбе с коррупцией и совершенствованию антикоррупционной системы. Ключевые слова: Коррупция, общество, документы, меры, реформы. Жәмийетте сондай иллет бар, ол мәлим бир тараўға емес, ал пүткил жәмийеттиӊ раўажланыўына өзиниӊ кери тәсирин тийгизеди. Мәмлекетти иш-ишинен жемиретугын бул иллет – коррупция ҳәм парахорлық. Әйне усы иллет себепли көпғана мәмлекетлердиӊ кризиске жүз бурғаны бизге тарийхтан мәлим. Раўажланыўдыӊ жаӊа басқышына қәдем қойып атырған Өзбекстан ушын коррупцияныӊ ҳәр қандай көринистеги түрлери реформалар барысын төменлестириўи менен қәўипли. Сол себепли мәмлекет басшысы Шавкат Мирзиёев өз ўәкалатына кирисиўи менен Президент сыпатында қойған еӊ биринши ҳүжжети “Коррупцияға қарсы гүресиў туўрысында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы болды. Усы нызамныӊ талапларын тийкарлы орынланыўын тәмийнлеў, жәмийет ҳәм мәмлекеттиӊ барлық тараўларында коррупцяиныӊ алдын алыўға байланыслы ис- иләжларды өз ўақтында ҳәм сыпатлы әмелге асырыў мақсетинде Президенттиӊ 2017-жыл 2-февралдағы қарары менен “2017-2018-жылларға арналган коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекет бағдарламасы” қабыл етилди. Бағдарлама шеӊберинде бир қатар нызам жойбарлары ислеп шығылды, бар қарарлар инвентаризациядан өткерилди. 487 Noyabr, 2024-Yil Улыўма алғанда, соӊғы жылларда исленген жумыслар нәтийжелилиги халықтыӊ ҳукықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға бәсекесиз мүнәсибетти қәлиплестириўге қаратылған системалы илажлар алып барылганлығын атап өтиў орынлы. Реформаларды әмелге асырыў шеӊберинде пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, мәмлекет ҳәкимияты ҳәм баскарыў органлары искерлигиниӊ ашықлығын, жәмийетшилик ҳәм парламент бақлаўын тәмийинлеў механизмлери жетилистирилди, сондай-ақ ҳукықты қорғаў ҳәм суд органларыныӊ искерлигиниӊ ҳуқықый тийкарлары жетилистирилди. Әлбетте, орынланған ислер салмақлы. Бирақ биз кешеги ислеген жумыслардыӊ нәтийжесине исенип, қуўанып қалсақ, ертеӊ исимиздиӊ жуўмағы биз күткендей болмаўы анық. Буннан келип шығып экономиканы жәнеде өсириў, ҳалық пәраўанлығын асырып, мәмлекетте инвестиция барысын жақсылаў барысындағы стратегиялық ўазыйпаларды шешиў керек екенлиги үлкен әҳмийетке ийе. Бул болса коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекет сиясатыныӊ нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша жаӊа системалы илажлар көрилиўин талап етпекте. Президентимиз тәрепинен имзаланған “Өзбекстан Республикасында коррупцияға карсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы да әйне усы мақсетти гөзлегенлиги менен әҳмийетли есапланады. Коррупция сондай иллет болып, оны бир яки еки шөлкемниӊ ҳәрекети менен жоқ етип болмайды. Тийкарында, барлық пуқараларымыз, жәмәәт оған қарсы биргеликте гүресип, оныӊ тамырын жоқ етиўге умтылғанда ғана унамлы нәтийжеге ерисиў мүмкин. Пәрманныӊ түп мәнисине итибар қарататуғын болсақ, коррупцияға қарсы тек ғана ҳуқықты қорғаў органлар ҳәм мәмлекетлик шөлкемлеринде, ал жәмийетлик бақлаўы институты имканиятынанда кеӊ пайдаланыў зәрүрлиги белгилеп қойылғанлығын көриў мүмкин. Бириншиден, пәрманда жәмийетлик бақлаўын алып барыўда әҳмийетли орын тутыўшы Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси палаталары ҳәм сиясый партиялардыӊ ролин жәнеде күшейтириў айрықша белгиленип қойылған. Екиншиден, орынларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы ислердиӊ жағдайын комплекс үйрениў ҳәм бар болған машқалаларды сапластырыў жүзесинен усыныслар таярлап барыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси, халық 488 Noyabr, 2024-Yil депутатлары ўәлаят ҳәм Ташкент каласы Кеӊеслери, халық депутатлары районы ҳәм қала Кеӊеслериниӊ қурамы коррупцияға қарсы гүресиў комиссияларын шөлкемлестириў усыныс етилмекте. Үшиншиден ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жәнеде асырыў, жәмийетте коррупцияға қарата бәсекесиз мүнәсибетти күшейтириў, усы тараўдағы нызам бузылыўы жағдайлары жүзесинен хабар берген шасларды қорғаўдыӊ шөлкемлестириўшилик- ҳуқықый механизмлерин жәриялаў атап өтилген. Төртиншиден, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары искерлигиниӊ еркинлигин тәмийинлеў ҳәм оларды коррупцияға қарсы илажларын таярлаў, орынлаў ҳәм мониторинг ислеўде қатнасыўға қамтып алыў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, пәрманда мәмлекетлик уйым хызметкерлериниң ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын жоқарылатып барыў, оларда коррупция ҳәм басқада ҳуқықбузарлықларға қарата бәсекели мүнәсибетлерин қәлиплестириў ўазыйпасы белгилеп берилди. Бул норма, әлбетте, ҳәр бир лаўазымлы шахстиң тийисли жуўмақ шығарыўын талап етеди. Усы тийкарда, ҳәр бир мәмлекетлик уйым хызметкерлери ҳәм ҳуқық қорғаў органлары хызметкерлериниӊ минез-ҳулқына Өзбекстан Республикасы нызамларына бойсыныў ҳәм оларды ҳүрмет етиў әдебин сиӊдирип барыў еӊ әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Пәрманда көрсетилгениндей, жәмийетимизде коррупцияға қарсы қата
Доказательный фрагмент
«This article discusses the Decree on measures to combat corruption and further improve the anti-corruption system.»
Образец извлечения
Демо-превьюThis article discusses the Decree on measures to combat corruption and further improve the anti-corruption system. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- Corruption, society, document, measures, reforms, ҳүжжет, ис-иләж, жәмийет, реформалар., Коррупция
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Диссертации и авторефератыYusupov Kuanıshbay Baltabayevich2026
Научные статьиI.B.Yangiboyev, E.X.Berdanov +22025