К содержанию
РецензированоRU2024

ҚАРАҚАЛПАҚЛАР ТУРМЫСЫНДА РОССИЯ ПАТША ХҮКИМЕТИНИҢ ИРРИГАЦИЯ ҲӘМ СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ СИЯСАТЫ

Тангирбергенова. К · Толыбаева. А

Современная наука и исследования · 2024

Аннотация

This article discusses the policy of the Russian Tsar's government on irrigation and water use in the lives of the Karakalpaks. Keywords: land and taxes, irrigation, canal, cotton, agriculture. ИРРИГАЦИОННАЯ И ВОДОПОЛЬЗОВАТЕЛЬСКАЯ ПОЛИТИКА РОССИЙСКОГО ЦАРСКОГО ПРАВИТЕЛЬСТВА В КАРАКАЛПАКАХ. Аннотация. В этой статье речь идет о политике царского правительства России по ирригации и водопользованию в жизни каракалпаков. Ключевые слова: земля и налог, ирригация, канал, мураб, хлопководство, аграрный. Патша Россиясының қарақалпақлар турмысында колониялық сиясаты ирригация ҳәм суўдан пайдаланыў мәселеси менен тығыз байланыста болды. Себеби, Қарақалпақстан үлкесинде суўсыз тиришилик те, дийқаншылық та болмады. Түркстан генерал-губернаторы 1877-жылы-ақ әскерий министрге жазған хатында: «Бөлимдеги жер ҳәм салық мәселелерин үйрениў, және додалаўдың нәтийжелерин айтпағанның өзинде де ирригация мәселеси үлкен әҳмийетке ийе» ,-деп көрсеткен еди. Түркстанның басқа аймақларынан өзгеше Қарақалпақстан үлкесинде суўғарып дийқаншылық етиўдиң дереги тек Әмиўдәрьядан алатуғын нешше мың шақырымлық көп санлы каналлар ҳәм жаплар болды. Тек Әмиўдәрья бөлиминде дәрьядан саға атуғын 145 ири ҳәм майда канал менен жаплар бар еди. В.Каульбарстың мағлыўматларына қарағанда, Шымбай участкасындағы тек магистрал Кегейли каналынан 350 аслам жаплар суў алған. Әмиўдәрья бөлиминдеги 79 31-oktabr, 2024-Yil барлық жаплардың саны 630 дан асқан [1,174] ал олардың узынлығы 2700 'шақырымнан көбирек еди. Қарақалпақстан үлкесинде дийқанлар ерте заманлардан-ақ суўғарыў каналларын қазған ўақытта, әсиресе олардың сағасын оңлаўда, аяғына бир қанша жаптың жағасын тәртипке салыўға ҳәм тарнаўлар қурыўға үлкен кеўил бөлди. Халық мураплары саға алынатуғын жерге, оның қатты бослығына айрықша әҳмийет берген. Себеби саға қолайлы жерге түспесе, жапқа суў жарамай қалған, ал, саға орпан топырақлы жерден алынса, дәрья ағысы менен оны бузып ямаса уйық басып, суўғарыў тармаклары тез истен шығып қалыўы мүмкин еди. Қарақалпақстан үлкесинде ирригациясы мәселелериниң бул өзгешеликлери дийқанлар ушын үлкен қыйыншылыкларды пайда ететуғын еди. Россия патша ҳүкимети бул өзгешеликлерди есапқа алмады ҳәм суўдан пайдаланыў бойынша айтарлықтай нызам күшине ийе ҳеш нәрсе ислей алмады. 1877-жылы 19-июньде патша ҳүкимети тәрепинен мақулланған пүткил Түркстан үлкеси ушын «Ирригация бойынша айрықша ўақытша реже» болса бул жерде суўдан пайдаланыўдың бурынғы тәртиплерин мақуллады. Енди бурын қабыл етилген: «Ўақытша реже» керексиз болды ҳәм ирригация тәртибин ҳеш қандай өзгертпестен, тек ирригация хызметкерлериниң талапларын қанаатландырыў ушын жергиликли халықтың қалтасынан бир неше мыңлаған манат ақшаларды алып атыр »,-деп айтылып та жүрди. [2,123]Патша ҳүкимети ирригация ҳәм суўдан пайдаланыў бойынша колониаллық мақсетин иске асырыў ушын суўғарыў мәселесин қадағалаўға алды, оны үйрениў бойынша қәнийгелер жумыс иследи. Суўдан пайдаланыў иси менен арық ақсақаллар ҳәм мураплар шуғылланды. Арық ақсақаллар баслы суўғарыў каналларын басқарса, ал оларға тиккелей бағынатуғын мураплар болса екинши дәрежели каналлар менен жапларды басқарыў жумысларын жүргизди. Бундай мураплар саны XIX әсирдиң ақырында Әмиўдәрья бөлиминде 79 дан аслам болды.[3,158] Олар тийкарынан суўғарыў тараўларының жағдайын бақлап барыўы, қазыўы, тазалаўы, оңлаў жумысларын шөлкемлестириўи, ҳәр бир дийқан хожалығының жерине белгили муғдарда суў бериўи, хожалықлардың суўдан пайдаланыў мүддетин белгилеўи тийис болды. Және де, арық ақсақал ҳәм мураплар суў кемтарлығы ўақытлары суўдан пайдаланыўдың «әспек» тәртибин енгизип, ҳәр бир жер участкасына суў беретуғын ўақыт ҳәм гезекти белгиледи. Әмиўдәрья суўын, оның жағасын бақлаў әсиресе, жағысты ҳәм сағаларды суў жуўып кетпеў ҳәм басқа да ирригация мәселелери бойынша Қарақалпақстан үлкесинде бир қатар инженер-ирригатор ҳәм гидротехниклер жумыс иследи. Олардың 80 31-oktabr, 2024-Yil ишинде инженер Валуев, Бонч-Осмоловский, Абрамов, Гельман, Писарев, Памшиев ҳәм басқалар болған еди. Бирақ, бул жумыслар ақырына шекем апарылмады ҳәм тийисли нәтийже бермеди. Сонлықтан, дийқанлар ирригация қыйыншылыкларын хәм суў кемтарлыкларын өз басларынан аўыр жағдайда өткерди. Мәселен, патша ҳүкиметиниң ирригация жумысларына жетерли дыққат аўдармаўы нәтийжесинде көп жыллар даўамында оғада әҳмийети үлкен дийқаншылық оазислери болып киятырған Көкөзек, Шоманай ҳәм басқа да каналлардың жағалары XIX әсирдин ақыры хәм XX әсирдин басларында шөлистанлықка айналды. Дийқанлар бул жерлерди таслап, Арал тенизи жағаларына, Каратерең ҳәм басқада жақларға көшип кетиўге мәжбүр болды.[4,127] Ирригациялық қурылыслардың жарамсызлығы нәтийжесинде бурын өзлестирилген егислик жерлер жарамсызланып қала берди. Ғәлле егинлериниң майданы қысқара баслады. Бул халық ушын азық-аўқат ҳәм маллар ушын от-жемниң жетиспеўшилигине алып келди. Солай етип, патшашылыктың Қарақалпақстан үлкесиндеги жер-суў сиясаты колониаллық характерге ийе болды. Патшашылық халықты қаталлық пенен жумсады, колониаллық сиясаттың нәтийжесинде Қарақалпақстан үлке

Доказательный фрагмент

«This article discusses the policy of the Russian Tsar's government on irrigation and water use in the lives of the Karakalpaks.»

Образец извлечения

Демо-превью

This article discusses the policy of the Russian Tsar's government on irrigation and water use in the lives of the Karakalpaks. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

Цитирований
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
land and taxes, irrigation, canal, cotton, agriculture, аграр., ирригация, мурап, пахташылық, жер ҳәм салық, канал
Открыть DOI
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники