Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
ВИЗУАЛЬНО-ПОЭТИЧЕСКИЙ ТЕКСТ
ВИЗУАЛ ПОЭТИКАЛЫҚ ТЕКСТ · VISUAL POETIC TEXT (Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети.)
Современная наука и исследования · 1 · 2023
Аннотация
The article analyzes the language of works of art in connection with the problem of linguapoetics of the text. It has been established that the content is influenced not only by the content of the text, but also by its form. From this point of view, a visual literary text is a type of poetic instrument that reveals the individuality of the poet, and the theories presented here were studied using the example of the work of the poet Saginbay Ibragimov. Key words: visual graphics, grapheme, grapholexeme, graphic integrity, graphic image, graphic decoration, author's spelling, author's punctuation. ВИЗУАЛЬНО-ПОЭТИЧЕСКИЙ ТЕКСТ Aннотация. В статье анализируется язык художественных произведений в связи с проблемой лингвопоэтики текста. Установлено, что на содержание влияет не только содержание текста, но и его форма. С этой точки зрения визуальный художественный текст представляет собой тип поэтического инструмента, проявляющего индивидуальность поэта, а представленные здесь теории изучались на примере творчества поэта Сагинбая Ибрагимова. Ключевые слова: визуальная графика, графема, графолексема, графическая целостность, графический образ, графическое оформление, авторская орфография, авторская пунктуация. 324 ResearchBib IF-2023: 11.01, ISSN: 3030-3753, Valume 1 Issue 7 ISSN: 3030-3753. VOLUME 1, ISSUE 2 Көркем тексттиң графикалық көриниси ҳәм поэтикалық графика ҳаққында В.Семёновтың: «Тексттиң графикалық формасын анализлеў оны тек ғана дәстүрий усылда жазылғанлық ямаса оннан шетке шығып кетиў фактын анықлаўдан ибарат емес. Бунда автор тәрепинен пайдаланылған графикалық элементлер қурамын (ҳәриплер, санлар, иркилис белгилери ҳәм басқалар), соның менен бирге қолланған визуал усылдың шегарасын (өзине тән графикалық форма, бөлек қатар, абзац ямаса қосықтың бир қатарында қолланған болыўы, мийнеттиң мәлим бир бабы ямаса текстти пүтинлигинше бослық қамтып алыўы мүмкин) анықлаў нәзерде тутылады»[2:467] - деген пикири әҳмийетли. Жоқарыда улыўма санап өтилген визуал-графикалық поэтикалық текстлерге тән болған белгилердиң классификациялаўды рус алымы Ю.Казарин усынды. [1] Ол поэтикалық графиканың бирликлери ҳаққында сөз етип, төмендеги белги ҳәм олардың бирикпелерин (комплекслерин) тап сол бирликлер ретинде есаплаўды басшылыққа алды: -графемалар (арнаўлы шрифт ямаса каллиграфикалық усыл арқалы бир ямаса бир неше ҳәриплердиң ажыратылыўы); -графолексемалар (арнаўлы шрифт, каллиграфикалық усыл ямаса өзинен алдын ҳәм кейин жайласқан қатар/сөзге салыстырғанда өзгеше жайластырыў арқалы графикалық сөздиң ажыратылыўы); -графикалық пүтинликлер (поэтикалық тексттеги графема, графикалық сөз, қосықтың бир қатары ҳәм бөлимлериниң комплекслери, соның менен бирге, пүтин тексттиң өзи); -графикалық суўрет (жоқарыда келтирип өтилген бирликлердиң өзгеше жайластырылыўы арқалы мәлим бир форма, соның менен бирге, геометриялық фигураларнинг комплекс суўрети); -графикалық безеў (орнамент) (барокко (безеў) функциясын атқаратуғын графикалық суўрет); -авторлық орфографиясы ҳәм пунктуациясы (поэзиялық текстти фоносемантикалық ямаса фонотекстли себеплер арқалы иркилис белгилерин қолланбастан ямаса авторлық орфографиясы менен баспадан шығарыў ) Ю.Казарин усыныс еткен бул бирликлерди басшылыққа алып қарақалпақ поэзиясында визуал поэтикалық текстлерди Сағынбай Ибрагимов шығармалары арқалы анализ етиў орынлы. Графемалар. Қарақалпақ тилиндеги поэтикалық текстлерде графемаларды, яғный бир ҳәрипти бөлек шрифт менен ажыратып жазыў визуал элемент ретинде қолланыўы онша ушыраспайтуғын ҳәдийсе болып табылады. 325 ResearchBib IF-2023: 11.01, ISSN: 3030-3753, Valume 1 Issue 7 ISSN: 3030-3753. VOLUME 1, ISSUE 2 Базда Гәп етиўге арзымайтуғын нәрселерге ўайран болады кеўил, байланады ақыл, қарлығады тамақлар, зая болады Ўақыт, Адамның Өмири, Қудирети... Усындайда Мәртлик Керек Адам Баласына Өз Өмирин Ақлайтуғын Уллы Бир Мақсет[3:17] қоя алыўы ушын алдына.- бунда ўақыт, өмир, бир, мақсет сөзлериниң биринши ҳәриби бас ҳәрип пенен берилген. Олар орын тәртиби жағынан киши ҳәрип пенен жазылыўы керек. Ал, олардың өзгертилип берилиўи биринши мысалда қәдирлиликти, екинши мысал толық гәптиң ядта сақланыўы шәрт деген көзқараста поэтикалық усылда графикасы өзгертилген. Бул тил билиминде поэтикалық графема деп аталды. Графолексемалар.Сағынбай Ибрагимов шығармалары текстлерин анализ етиўге кирисер екенбиз, олар визуал графикалық элементлерге толы екенлигин түсинемиз. Атап айтқанда, қурамында графолексемалар әмелдеги болған поэтикалық текстлер көп ушырайды. Бунда поэтикалық тексттеги қандайда бир сөз әдеттегиден тыс түрде қолланылады. «Ҳүжданды» сөзликтен өширип болады, бирақ саў қалады нерв тамырлары...[4:22] Ҳаятымды-Сени-Исенимимди. Жоғалған төринде түндеги бағдың бир ғайбана шуғла ─ көңлимниң табы ─ Дунья, бир көрсеткен Ләйли жамалын. [4:75] Бәлким, бир жақларда тат басқан шығар бир винтовка (№…) мен асынбаған.[4:105] Кунорта Кербела шөлинен өттим-- ГУЛАГты дөреткен мениң әсирим 326 ResearchBib IF-2023: 11.01, ISSN: 3030-3753, Valume 1 Issue 7 ISSN: 3030-3753. VOLUME 1, ISSUE
Доказательный фрагмент
«The article analyzes the language of works of art in connection with the problem of linguapoetics of the text.»
Образец извлечения
Демо-превьюThe article analyzes the language of works of art in connection with the problem of linguapoetics of the text. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- visual graphics, grapheme, grapholexeme, graphic integrity, graphic image, графический образ, графолексема, grafema, авторская орфография, author's punctuation., grafik yaxlitlik, muallif tinish belgilari., graphic decoration, grafik bezak, vizual grafika, авторская пунктуация., muallif imlosi, визуальная графика, author's spelling, grafik tasvir, графема, графическая целостность, grafoleksema, графическое оформление
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Журнал универсальных научных исследованийAND RESTORATION, Khatamov Orif Yusupovich2024
Магистерские диссертацииЮлдашев Ж.Х2014