Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
XIX ӘСИР АҚЫРЫ XX ӘСИР БАСЛАРЫНДА УРАЛ КАЗАКЛАРЫНЫҢ ЖЕРГИЛИКЛИ ХАЛЫҚЛАР МЕНЕН МҮНÁСИБЕТЛЕРИ ТАРИЙХЫНАН (МОЙНАҚТАҒЫ УРАЛ КАЗАКЛАРЫ МЫСАЛЫНДА).
КАЗАКЛАРЫ МЫСАЛЫНДА). · Ниязов Азамат Абдикаримович.
Журнал универсальных научных исследований · 2023
Аннотация
Берилген илимий мақалада автор тийкарынан XIX әсир ақыры XX әсир басларында елимизге көширип әкелинген ураллы казаклардың жергиликли халықлар менен өз-ара қатнасықларына итибар қаратады. Ураллылардың тийкарғы кәсиби балықшылық болғанлығы ҳәм усы тараў раўажланған аймақ Мойнақтағы ураллылар менен түпкиликли миллетлер арасындағы дослық мысалында ўақыяларды баян етеди. Мақала авторы өзиниң Мойнақ районындағы ураллылар ҳаққында топлаған мағлыўматларды пайдаланып, оның тарийхын кеңнен жарытып бериўге урынған. Соның менен бирге, илимий жумыста ураллылардың көширилиўи ҳәм соған байланыслы болған тарийхый ҳәдийселер сәўлелендирилген. Таяныш сөзлер: XIX әсир ақыры XX әсир баслары, Қарақалпақстан Республикасы, Мойнақ районы, Ураллы казаклар, миллетлер аралық мүнәсибетлер, балықшылық, Арал теңизи, Әмиўдәрья. Елимиз тарийхын үйренгенде белгили бир аймақты арнаўлы изертлеў сол жердиң ҳәм аймақтағы түпкиликли халықтың қурамлық өзгешелигин, дәстүрлерин көрсетип береди. Соның ишинде елимиздиң тарийхын районлар бойынша үйрениў кейинги дәўирде актуаллыққа айналды. Себеби, Қарақалпақстанда районластырыўдың алып барылғанына да бир әсирге шамаласты. Айырым районлар жабылып, жаңалары ашылған ҳәм белгили бир районларлдың аймағы кеңейтирилген болса да олардың өзиниң тарийхы сақланып қалды. Оның үстине районларда халық тек ғана бир әсир алдын пайда 13 ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2023 SJIF 2024 = 5.073/Volume-2, Issue-7 болып қалған жоқ. Соның ушында районлардың тарийхы дүзилгеннен алдынғы узақ әсирлерге барып тақалады. Солардан бири үлкемиздиң ең арқа районы болған Мойнақ есапланады. Мойнақ районы бойынша кең түрде арнаўлы илимий изертлеўлер еле алып барылмаған. Соған қарамастан районның тарийхы бойынша қысқаша мағлыўматлар беретуғын илимий жумыслар бар. Олардың бири Ж.Үббиниязов, С. Қалқашов, Е. Бегдуллаевлар тәрепинен жазылған «Мойнақ: кеше, бүгин ҳәм ертең» китабы болып[7], бул да районның балықшылық тараўына бағышланған. Әлбетте, район Арал теңизи бойында жайласқанлығы ушын балықшылық раўажланған. Районның балықшылық тараўы бойынша илимий изертлеўлер алып барылған. XIX әсирдиң соңғы шерегинде көширип әкелинген урал казаклары ҳәм олардың тийкарғы кәсиби болған балықшылық өндириси ҳәм дәстүрлери ҳаққында П.А. Шмачков[8,9,10], Е.Е.Калбанова[4], Данилко[2,3] ҳ.т.б алымлардың илимий жумысларын көрсетиў орынлы болады. Россия империясының 1875-жылғы әскерий хызметке шақырыў бойынша жаңа қағыйданы киргизиўи казаклар арасында сораўлар туўдырды, әсте-ақырын казаклар ортасындағы түсинбеўшиликлер наразылыққа айланды, жағдай кескинлесе баслады. Нәтийжеде, армияда ғалаба бойсынбаўшылық басланды – казаклар оқыў лагерлерине келиўден ҳәм жаңа нызам менен байланыслы болған баслықлардың буйрықларын орынлаўдан бас тартты. Бул бойсынбаўшылық неадекват репрессияға себеп болды. 1875-жылы сентябрде сүргин етилген Ураллы казаклар Әмиўдәрья бөлиминиң орайы Петро-Александровск қаласына алып келинди. Оларға орналасып алыў ушын үй-жайлар, хожалық имаратларын қурыў усыныс етилген, бирақ ураллы казаклар өзлерин зорлық пенен алып келингенин ҳәм жайласыўды қәлемейтуғынын айтады. Олардың қайсарлығын сындырыў ушын жаңа жазалар қолланылған[9:32]. Ураллы казаклар Әмиўдәрья бөлиминиң Петро-Александровск, Первоначальный (Уральский), Шаббаз, Нөкис, Мойнақ посёлкаларына жайластырылған. 14 ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2023 SJIF 2024 = 5.073/Volume-2, Issue-7 Ураллы казаклар ҳәзирги Мойнақ районы аймағындағы Арал теңизиниң қубла жағалаўларына, атап айтқанда, Тоқпақ ата, Мойнақ атаўының әтирапларына қоныс басады. Айтыўшылардың сөзлерине қарағанда, Аққалаға жақын жердеги «Бердишқум» деген жерге дәслеп 50-60 ураллылар орналасқан. Кейин бул дөгеректен балық аўлаў рус администрациясы тәрепинен қадаған етилгенликтен, ураллылар Мойнақ, Ypгeгe көшкен. XIX әсирдиң ақырында уральскийлерден 183 адам Ақдәрьяда, 501 адам Зайырда, 30 адам Қызылжарда, 750 адам Мойнақ Үшсай, «Тигровый хвост» деген жерлерде жасаған[7:7]. А. Абдиевтиң тастыйықлаўынша, «Мойнақ ҳәм оның әтирапларында Урал казаклары көп болған. Олар балық аўланатуғын жақсы ҳәм қолайлы орынларды ийелеп алған. Казаклар жудә искер, исбилермен еди. Россиядан үлкен кеме, қайық, аў, басқа да балық аўлаў қуралларын, мылтық алып келип, балық, аң аўлаў исин раўажландырған. Шолан қурып, балық сақлап, балықты дузлап, ыслап Россияга жиберип турған. Ал, Россиядан тақтай, қурылыс материалларын, ун, қант, шай, кийим-кеншек, таўар әкелип сатқан. Қарағай тақтайдан қайық соғып, қарақалпақларға ижараға берген. Олар қайық соғыўды әўелги ўақытта үйретпеген. Кейин ала бизиң халыктың ишинен өнерли усталар шығып, қайық соғыўды, аў тоқыўды үйренген. Былғары етик, байпақ, жүн, мылтық, постын алыў ушын ураллы казакка кеминде бир-еки жыл ислеп бериўи керек болған. Соның, ушын адамлар тораңғылдан, қамыстан сал, жекеннен, ири қамыстан қалың етип тоқып кишигирим қайық ислеп, өзлери балық аўлап күн кеширген. Көллерге нәрете қурған…. 1930-жылға шекем балықшылық тараўы Урал казакларының қолында болған»[1:93].
Доказательный фрагмент
«Берилген илимий мақалада автор тийкарынан XIX әсир ақыры XX әсир басларында елимизге көширип әкелинген ураллы казаклардың жергиликли халықлар менен өз-ара қатнасықларына итибар қаратады.»
Образец извлечения
Демо-превьюБерилген илимий мақалада автор тийкарынан XIX әсир ақыры XX әсир басларында елимизге көширип әкелинген ураллы казаклардың жергиликли халықлар менен өз-ара қатнасықларына итибар қаратады. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- Қарақалпақстан Республикасы, миллетлер аралық мүнәсибетлер, Ураллы казаклар, XIX әсир ақыры XX әсир баслары, Мойнақ районы
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Научные статьиI.B.Yangiboyev, E.X.Berdanov +22025
МонографииK.J.Murodov2026