Современные тенденции инновационного развития науки и образования в глобальном миреMAKTABGACHA TA’LIM, SHODIYEVA G. +32026
Алтернатив сөз таңлаў мәселеси
Сейтниязова Гулжахан Мырзагалиевна
Актуальные вопросы лингвистики и преподавания иностранных языков: достижения и инновации · 2026
Аннотация
Мақалада көркем аўдармада шығарманың мәни-мазмунын сәўлелендириў ушын алтернатив сөз таңлаў мәселелери қарақалпақ халық шайыры 24 Профессор Ж.Хошниязовтан жазып алынған материаллар. 406 И.Юсуповтың «Шөгирме» қосығының өзбек тилиндеги ҳәм инглиз тилиндеги аўдармалары мысалында салыстырмалы талқыға тартылады. Таяныш сөзлер: көркем аўдарма, алтернатив, сөз бирликлери, эквивалент, миллий колорит, шөгирме. Белгили өзбек жазыўшысы П.Қодировтың “Жулдызлы түнлер” (Юлдузли тунлар) романының түркмен тилиндеги аўдармаларын арнаўлы изертлеген алыма Б.Буранова “Өзбек, түркмен тиллериндеги уқсаслық барлық ўақытта да оригиналдың көркемлик қәсийетлерин толық бере алмайды. Себеби, ҳәммеге таныс болған сөзлер текстте ҳар түрли мәнислерде келеди. Оларға алтернатив түркменше сөзлер излеп табыў аңсат емес. Себеби, аўдарма – өнер. Аўдармада бир тилдеги бирлик екиншисинде қурыдан-қуры алмастырылмайды.” [1] – деп, белгилегени сыяқлы көркем аўдарма исленетуғын әдебияттың текстинде қолланылған сөздиң басқа миллет тилинде ҳәр түрли мәнислерде қолланылыўы да мүмкин болады. Сонлықтан, аўдармашы сөздиң алтернатив сөзин ислеп, оны мәнисине қарай пайдаланады. Алым, Ғ.Раҳимов өзиниң “Таржима назарияси ва амалиёти” атлы мийнетинде көркем аўдармада алтернативлик мәселеси жөнинде тоқтап, мынандай пикирлерин билдирген. “Дәректиң тили менен аўдарма тилиниң арасында мазмун, қурылысы ҳәм ўазыйпасы жақтан уқсаслық алтернативлик есапланады. Дәректиң текст мәни-мазмунын жеткерип бериўши аўдарма текст тил бирликлерине хызмети жақтан алтернатив (ылайық бирликлер) ретинде дәрек текстиниң орнында ислетиледи. Тил бирликлери өлшем мәнистте қолланылғаны ушын дәректиң тили бирликлериниң аўдарманың тилинде белгили бир алтернативлери бар болып, олар ҳәр түрли аўдарманың текстлеринде сол бирликлердиң орын алмасыўы болып қолланылады. Басқаша айтқанда, дәрек текст менен аўдарма тексттиң арасындағы алтернативлик дәрек тексттиң контекстлериниң ҳар түрли бөлимлеринде қайта ислеп шығылыўға тийкарланған болыўы мүмкин. [2] Мақтымқулы шығармаларының өзбек тилине аўдарыў мәселелери бойынша изертлеў алып барған филология илимлери бойынша философия докторы Ф.Сапаева көркем аўдармада сөзди таңлаў ҳәм сөздиң әҳмийети мәселелери ҳаққында мынандай пикирлерди билдиреди. “Көркем аўдармаға поэтикалық сөздиң рәңбәреңлиги, сөз арқалы қайта жаратыў өнери ретинде қараў орынлы. Аўдармада сөздиң орны үлкен: таўып орнына қойылған бирғана сөз аўдармаға көркем түс бериўи, керисинше, надурыс қолланған бирғана сөз әйне усы ғөзаллыққа дақ та түсириў мүмкин.”[3] Ҳақыйқатында да аўдармада сөздиң үлкен әҳмийети болып, ол аўдарма исленип аттырған шығарманың сол тилде оқыўшыға түсиникли, мәни-мазмуны менен жеткерип бериўинде баслы роль атқарады. Аўдармашының шеберлиги де усы сөзди таңлап билиўи уқыбында да гүзетиледи. Биз сөз етпекши болған Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсуповтың “Шөгирме” қосығының инглиз тилине коркем аўдарма ислениўинде аўдармашының алтернатив сөз таңлаў шеберлигине иттибарымызды тарттық. Шайыр өз қосығын ҳалық шайырымыз Аббад Дабыловтың алпыс жыллық тойына арнап жазады. Онда қарақалпақ халқының миллий бас кийими шөгирме ҳаққында сөз етиледи: Turmısımız taza bolg’anson’ endi, Kiyimler de ko’shken jan’asha tu’rge... Aytsam sen tuwralı esitkenimdi, 407 Babalardın’ bas kiyimi sho’girme. Бул қосық қатарларында қарақалпақ халқында ер адамлар шөгирме бас кийимин миллий кийим-кеншелерден есаплайтуғынын, ата-бабаларымыз бул кийимди асырып, абайлап жоқарыда қойғанлығын тарийх ҳәм бүгинги заман менен салыстырмалы түрде баян етиледи. Қосықта заман ҳәм мәкан көзқарасынан өзгешеликлерине қарамастан, онда халқымыздың миллийликке үлкен итибар менен қарайтуғынлығы баслы орында сүўретленеди. Қосық төрт қатарлы, 11 буўынлы, абаб көринисинде уйқасып, дәстүрий қосық формасында жазылған. Бул қосықты Гулнур Азбергенова инглиз тилине аўдарған. Қосық: Our lifestyle is getting modern,so Clothing changed a newer style,too If I tell stories heard about you The main head clothing of ancestors [4] Аўдармада қосықтта сәўлеленген заман ҳәм мәқан көзкарасынан мазмуны толық сақланған, бирақ мазмунды дәл түрде бериўде, яғный, алтернатив сөзлерди таңлаўда аўдармашы кемшиликлерге жол қойған. Мәселен, инглиз тилинде бул қосықтың мазмуны биринши қатарда «Our lifestyle is getting modern, so» (Бизиң турмысымыз заманағөйлесип бармақта) көринисинде аўдарылып, даўамлы фейил сөз қолланылған, ал оригинал текстте «Turmısımız taza bolg’anson’ endi» көринисинде пикир ҳәзир заман фейилинде баянланады. Екинши қатарда болса, оригиналды «Kiyimler de ko’shken jan’asha tu’rge» көриниснде берилген болса, ал аўдармада «Clothing changed a newer style, too» «Кийим де жаңа стилди өзгертти» деп, «түр» сөзине дерек алтернатив мәнис туўра келмеген «стил» сөзи қолланылған. Ал үшинши қатарда «Aytsam sen tuwralı esitkenimdi» деген қосық қатарын аўдармада қосымша «if» сөзин қолланған. Бул сөз «Егер» деген мәнисти билдиреди. Төртинши қатарда болса «The main head clothing of ancestors» көринисиндеги аўдармада оригинал тексттеги баслы идея-маз
Доказательный фрагмент
«Мақалада көркем аўдармада шығарманың мәни-мазмунын сәўлелендириў ушын алтернатив сөз таңлаў мәселелери қарақалпақ халық шайыры 24 Профессор Ж.Хошниязовтан жазып алынған материаллар.»
Образец извлечения
Демо-превьюМақалада көркем аўдармада шығарманың мәни-мазмунын сәўлелендириў ушын алтернатив сөз таңлаў мәселелери қарақалпақ халық шайыры 24 Профессор Ж.Хошниязовтан жазып алынған материаллар. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- эквивалент, лексика, национальный красочно, vocabulary, миллий колорит, альтернатива, equivalent, художественный перевод, көркем аўдарма, алтернатив, thank you, шөгирме, national colorful, сөз бирликлери, спасибо, alternative, literary translation
Смежные источники
Медицина и инновацииМ Сабиров, О Скосырева +12021
Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025