Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
ЭВОЛЮЦИЯ ОБРАЗА ЕРЕЖЕПА АГАБИЯ
Марат Шамуратов
Современная наука и исследования · 2026
Аннотация
The image of Yerejep Agabiy is considered the most appropriate image in the novel. By writing the image of Rezheb, the concepts and views about the historical Rezheb can be reworked and appear before our eyes in the novel. The image of the rule is manifested not only in these characteristics, but also in its emotional, psychological, and aesthetic aspects. The writer Rezhep gave these characteristics of the character of the dance not in the form of author's description, but in the plot line. Keywords: Image evolution, historical image, hero, patriot, patriot, servant. moral virtues, present responsibility. ЭВОЛЮЦИЯ ОБРАЗА ЕРЕЖЕПА АГАБИЯ Аннотация. Образ Ережеп Aга бия является главным образом в романе. Образ Ережеп Aга бия в романе писателем мастерски выражен и предоставлен на суд читателя. Читатель видит не только эти качества но и эмоционально- психологическое состояние так же эстетические стороны характера Ага бия. Писатель в романе показывает Ага бия не только с авторской позиции но и раскрывает его характер в сюжетах романа. Ключевые слова: Эволюция образа, исторический образ, батыр, джузбасы, патриот, нокер, человеческие качества, oстрый ум. 341 Ережеп ағабий образы романдағы ең орайлық образ есапланады. Ол роман- дилогияның бастан ақырына шекем ҳәрекет етеди. Автор бул образдың эволюциясына айрықша итибар берген ҳәм исенимли жасай алған. Романның прологында Ағабийдиң соңғы сапарға атланып баратырғаны сүўретленеди: Шымбай шәҳәринен шығып, Кегейли көпиринен өткен бир топар адамлар арқа батысқа тартылған арба жолға түсти. Ийинлериндеги табытты гезеклесип алмасып, тез қәдем таслап, асығып барар еди.»1 Демек, Ережеп ағабий образы роман-дилогияда нәзерде тутылған идеяны алып жүриўши образ сыпатында ҳәр тәреплеме үйрениў, оның образ сыпатындағы эволюциясын изертлеў талап етиледи. Ережеп Бухара әмирлиги сорамындағы Амантүбек деген жерде Ақсуўаттың бойында Артық сериниң баласы атақлы Кулшы бийдиң шаңарағында дүньяға келди. Әдеўир ўақытқа шекем перзентли болмай иренжип жүрген бийдиң екинши ҳаялы Айбийбиден туўылған балаға Раджаб айында туўылғанлықтан Ережеп деп исм қойды. Ережеп «әкеси Қулшыға мегзеп, бойшаң болажағынан дәрек берип, ақсары жүзине көк көзлери жарасып, аўыл арасын шаңғытып жүретуғын бала еди.» (22-бет) Жазыўшы әдетте, тарийхый образды жасаўда тарийхый шынлықты басшылыққа алады, олсыз мүмкин емес. Себеби, тарийхый образ тарийхта болған шахстан – прототипинен алыста жасалса оқыўшы оған исенбейди. Демек, жазыўшы жаратқан көркем шынлық қәлбеки есапланады. Ережеп образы да жазыўшы тәрепинен тарийхый Ережеп ҳаққындағы түсиниклер, көзқараслар қайта исленип, бизиң көз алдымызда романдағы көриниске ийе болады. Романның екинши китабында Ережепке байланыслы ўақыялар жийи ушырасады. Ол енди тийкарғы ҳәрекет етиўши образға айланады. Ережеп Шымбай базарында басқа балалар менен асық ойнайма я басқа ойын ойнайма, ғыррамлыққа шыдамас, өзинен үлкен бала болса да жағаласып кете берер еди. Бирақ ол көше баласы емес, шаңарақта жақсы тәрбия алған бала болып жетилисти. Жазыўшы тек көз ишарасы менен-ақ усы сезимди бере алған: «көзлерине көзи түскенде жигиттиң жүреги силкинип кеткен яңлы болды.» Бул жазыўшылық шеберлик есапланады. Ержеткен Ережептиң характериниң қәлиплесип атырғанын оның диалогларынан да аңлаўға болады. Ол енди өмирде анық мақсетти гөзлеген, турмыста өз орнына ийе болыўға умтылып атырған шахс. 1 Каримов К. Ағабий, Нөкис, «Билим», 2013, 3-бет 342 Ережеп нөкер болып атланғаннан кейин оның урыстағы қатнасын сүўретлемеў көркем ҳақыйқатлықтан шетлеў болар еди. Жазыўшы Ережептиң урысқа қатнасыўын, онда ерлик көрсетиўин жүдә исенимли сүўретлейди. Ережептиң батырлығы, мәртлиги, дәўжүреклилиги – жазыўшы усы сүўретлеўлери арқалы оның характериндеги бул белгилерди исенимли жеткерип берген. Ережеп тек батыр ғана емес, ҳәзил сөзди де орынлы қоллана алатуғын жуўабый жигит. Ережеп пенен Өмирбек лаққы ортасындағы диалогтан оның характериндеги бул сыпатты билиў мүмкин. Өмирбек Ережеп Хийўаға атланар ўақытта аўыл жигитлери менен келип Хийўаға бирге алып кетиўин өтиниш етеди. - Апарар едимдағы, бирақ деп Ережеп ойланып қалғандай шырай танытты, бирақ… - Не бирағы бар, айтсеш, - деди Өмирбек те шыдамсызланып. - Өткен сапары қатынымды мингестирип барып едим. Бул сапары сени мингестирип барсам, көргенлер: «қатынын мынаў еркекке алмастырыпты», деп жүрмес пе екен? Өмирбек аз ғана егленип турды да, ҳәзилдиң мәнисин түсинип күлип жиберди. - Әкел қолды, тентек жора! - Не ушын? - Әкеле бер. Мени бир түсирдиң, ядымда болар. Өзим-ақ рети менен Хийўаға бара берермен. Бапладың. - Лаққы жора, мени де тыңлап ал. Ертең Хийўаға барсаң ҳәр көшениң мушында «тентек» дей берме, бул жақтағысы да аз емес еди, ол жаққа да таралып кетер. - Яқшы, тентек жора.» (330-бет) Ҳәзиржуўаплық, қуўақы сөздиң устасы Өмирбек лаққыны да жеңиў – Ережепке тән минез-қулық өзиншелигиниң бир көриниси. Демек, оған жабыстырылған «тентек» лақабы оның озбырлығы, дәўжүреклилиги ушын ғана берилген емес, ол рети келген жерде сәўбетлесин сөз бенен-ақ түйрей алады. Бул сүўре
Доказательный фрагмент
«The image of Yerejep Agabiy is considered the most appropriate image in the novel.»
Образец извлечения
Демо-превьюThe image of Yerejep Agabiy is considered the most appropriate image in the novel. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- Image evolution, historical image, hero, patriot, patriot, servant. moral virtues, Oбраз эволюциясы, жузбасы, тарийхый образ, человеческие качества, батыр, джузбасы, патриот, present responsibility., нокер. адамгершилик фазыйлетлери, Эволюция образа, исторический образ, ҳәзиржуўаплық., нокер, oстрый ум.
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Диссертации и авторефератыYusupov Kuanıshbay Baltabayevich2026
Научные статьиI.B.Yangiboyev, E.X.Berdanov +22025