К содержанию
РецензированоRU2026

КУЛЬТУРА УЗБЕКИСТАНА И ЕГО ИСТОРИЯ

Омирзакова Саҳибжамал Генжемурат қызы

Современная наука и исследования · 2026

Аннотация

This article is devoted to the culture of Uzbekistan and its history. Key words: Bactria, Sogdiana, Khorezm, painting, Shilpik, Decorative and applied arts, architecture-building craft. КУЛЬТУРА УЗБЕКИСТАНА И ЕГО ИСТОРИЯ Аннотация. Эта статья посвящена культуре Узбекистана и его истории. Ключевое слово: Бактрия, Согдиана, Хорезм, живопись, Шилпик, Декоративно-прикладное искусство, архитектура-строительное ремесло. Өзбекстан әййем заманлардан баслап мәденияты раўажланған еллердиң бири. Әййемги грек тарийхшысы Страбон Окс пенен Яксарттың арасында согдилер, Окстың қубласында бактрлар, Яксарттың арқасында саклар бар, деп көрсеткен «География» атлы китабында. Ал «Авесто» да (б. э. ш. IX-VII әә.) Хорезм ели Хвайризем деп аталып өтиледи. Демек, Өзбекстанда бизиң эрамыздан көп бурын Бактрия, Согдиана, Хорезм атлы мәмлекетлер болған. Олардың қорған-қалалары болған, оларда көркем өнер, өнерментшилик, архитектура-қурылыс өнери, қала сыртында болса егиншилик, бағшылық раўажланған. Олардың гейпара үлгилери бизиң дәўирге жазба мағлыўматлар арқалы ямаса археологиялық қазыўлар нәтийжесинде келип жеткен. Мысалы, қублада Кираполь, Мараканда, Наутака, Ксенипта—б. э. ш. IV әсирде болған қалалар. Б.э-ш. IV-III әсирлерден баслап Орта Азияның барлық жеринде 326 төртмүйешли, ортасында бир бөлиги бар қалалар салынады. Олар қалалылар ҳәм дөгеректеги аўыллар ушын жаў келгенде қорған болған. Мысалы. Жамбас қала (б. ә. ш- III ә.), көлеми 170x200 м.2 Дәрўазасының алды бөлек қорғанланған, оның алдыңғы дийўалының ҳәр жеринде душпанға оқ ататуғын гезелер болған. Қаланың ишинде көше бойлап салынған үйлер, базар, ибадатхана болған (онда бәрқулла от жанып турады). Усы дәўирлерде салынған Аңқақала, Аязқала, Топыраққала қорғанлары да көрсетилген пишимде болған. Халық Зардушта динине исенген, сол себепли отҳа табыныў, от өшпейтуғын ибадатхана қаланың әҳмийетли бөлеги болған. Айырықша дыққатқа сазаўар архитектуралық қурылыс — дөңгелек дийўаллы Қойқырылған қала, (б. ә. ш. III а). Бизиң эрамыздан баслап Өзбекстанның қубла таманы Қушанлар мәмлекетиниң қурамына киреди, сол себептен Ҳиндстанда пайда болған Будда дини ене баслайды. Оның бизиң дәўирге келип жеткен үлгилери Бухара деген қала атамасы (вихара — бутпараслардың монастыры). Зурмал минәри Термездеги Қаратөбе. Шығыстөбе атлы Қурылыс қалдықлары ҳәм олардағы диний дәстүрге байланыслы мүсинлер, т- б. Сүўрет өнериниң ең әййемги үлгилери — бул таў баўрайындағы тасқа ойып соғылған сүўретлер. Олар палеолит дәўирине тийисли болып, адамлардың күн-көриси туўралы дерек береди: Жиззақ қасындағы Теке-таш (таў текелерди оқжай менен атыў сүўретленеди), Зараутсай (жабайы буқаны қамап атыў), Ферғанадағы Сурат-сай (бизон сүўрети), Шылпық қасындағы тастағы қайық түйе, ат сүўретли ыдыслар, тағыншақлар, диний буйымлар алтыннан, қоладан исленген. Мысалы, алтын арбаның кишкене модели (б. ә. ш- V-IV әә.). «Авесто» да айтылған күн қудайы Митраның төрт ат жеккен арбада жүриси, алтын билезик (сол дәўир), еки ушында қус тумсықлы, қанатлы еки таў теке сүўрети, ҳәм т. б. сүўретленген. Булар Орта Азияның Иран менен байланысынан келип шыққан образлар, деп саналады. Б. э. ш. III - II әсирлердеги қубла Өзбекстан мәденияты грек патшалығы менен байланыслы. Себеби Искендер Зулқарнайдың (Александр Македонский) атланысынан кейин бул елде Грек Бактрия мәмлекети дүзилген. Теңгелердеги патша сүўрети, гүлалшылық ыдыстағы Дмонисий байрамы көриниси сол дәўирдиң айқын естеликлерине киреди. 327 Бутпараслыққа байланыслы дөреген шығармалардың ең белгилиси Айртам фризи. Бийиклиги ярым метр ганшқа ойылған үш сазенде қыздың мүсини жақсы сақланған. Болжаў бойынша. фризде Будданың өлгенине байланыслы сюжет суўретленген. Үш қыз арфа, сопақ барабан, лютня шертип отыр. Хорезмшахлардың пайтахты болған Топыраққала сарайының дийўалында реңли бояў менен исленген сүўретлер, ылайдан соғылған улкен мүсинлер болған. Археологлар олардың айырым сақланған бөлеклерин қазып тапқан. Сүўретлер ылай сыбаўдың бетине қалың етип жағылған ақ ганшқа соғылған. Қолланылған бояўлар тәбийий минераллардан исленген, олардың реңи: ақ, қара, жасыл, көк, ашық қызыл, қойыў қызыл, лимондай сары, кызғылт сары, қойыў көк, қарамық көк, қоңыр. Тематикалық композициялардың баслылары мыналардан турады: салтанатлы түрде отырған еркек пенен нашардың сүўрети; сазенделер сүўрети; арфа шертип отырған қыздың сүўрети; фартугине толтырып, мийўе терип атырған нашар; жазылған қағазларды алып баратырған хатшы өспирим. Топыраққаладан табылған мүсинлер де тәсирли исленген. Мысалы археологлар «Қызыл бас», «Базамардың қостары» деп ат қойған нашар сүўретлери. «Патшалар залында» (20x20 м2) бөлек-бөлек мүсинлер болған. Малдас қурынып отырған еркеклердиң дөгерегинде түргелип турған еркек ҳәм нашарлар болған. Булар Хорезм патшалары оның бала-шағалары ҳәм қайырқом қудайлары деген болжаў пикир бар.

Доказательный фрагмент

«This article is devoted to the culture of Uzbekistan and its history.»

Образец извлечения

Демо-превью

This article is devoted to the culture of Uzbekistan and its history. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

Цитирований
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
Bactria, Sogdiana, Khorezm, painting, Shilpik, Decorative and, Шилпик, Сүўрет, архитектура-строительное ремесло., живопись, Decorative and applied arts, Шылпық, Хорезм, Декоративно-прикладное искусство, Бактрия, көркем өнер, Согдиана, өнерментшилик, архитектура-қурылыс өнери., architecture-building craft.
Открыть DOI
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники