К содержанию
РецензированоRU2024

ИММУНИТЕТ – ГАРАНТ ЗДОРОВЬЯ И ДОЛГОЛЕТИЯ

Сапаров Турдыбай Толыбаевич

Современная наука и исследования · 3 · 2024

Аннотация

The article talks about the history of the origin of the word immunity, the main function, types and meaning of immunity. Keywords: Immunity, amino acid, leukocyte, phagocytosis, elimination, vaccine, antigen, antibody, epidemic, pandemic, AIDS/HIV. ИММУНИТЕТ – ГАРАНТ ЗДОРОВЬЯ И ДОЛГОЛЕТИЯ Аннотация. В статье говорится об истории происхождения слова иммунитет, основной функции, видах и значении иммунитета. Ключевые слова: Иммунитет, аминокислота, лейкоцит, фагоцитоз, элиминация, вакцина, антиген, антитело, эпидемия, пандемия, СПИД/ВИЧ. Буннан көп жыллар бурын халықтың абыройын шығарған жаўырыны жерге тиймеген палўанларды, темирден түйме соққан, ағашқа гүл ойған усталарды ҳәм т.б халықтың ишинен шыққан айрықша талантлы инсанларды патша ҳәм ханлар өмириниң ақырына шекем салықтан азат еткен ҳәм ондай адамларды иммунитети бар инсанлар деп атаған. Дерлик ХIХ әсирдиң ақырына шекемги дәўирде айрықша қәўипли кеселликлердиң (холера, шума, сибир жарасы ҳәм т,б) эпидемиясынан халық қырылып, қалалар босап қалған. Бирақ айрым адамлар наўқаслар менен тығыз қатнаста болыўына қарамастан оларға кеселлик жуқпаған. Ондай адамларды халық иммунитети бар адамлар (қудай талам кеселлениўден азат еткен деген түсиникте) деп атаған ҳәм оларды дизимге алып эпидемия ўактында наўқасларға хызмет етиў ушын ҳәм қалаларды труплардан тазалаў жумысларында пайдаланылған. Иммунитет ҳаққында түсиникке ийе болыў ушын дәслеп адам организмниң дүзилисин билиўимиз керек. Организминиң тийкарғы қурылыс материалы белок есапланады. Негизинде тиришиликти белоклардың жасаў усылы деўге болады. Белок оғада қурамалы дүзилиске ийе болып, ол 20 аминокислотадан турады ҳәм аминокислоталар жайласыў аралығы менен өзгешеленеди. Аминокислоталардың ҳәм олардың жайласыўы аралығының кодланыўы нәтийжесинже 12700 сандағы организмди жаратыўға болады. Физиклер бул сан пүткил әлемниң молекуласын санаўға жетеди деген пикирди айтады. Мине соның ушында барлық тири организмлер генетикалық жақтан өзгешеликке ийе болып, бир-бирине уқсамайды, яғный, дүньяға бир мәрте келеди. Солай етип ҳәр бир 1 04 6 International scientific journal ISSN: 2181-3906 «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» 2024 VOLUME 3 / ISSUE 1 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ организмниң қудай талам инам еткен тек өзине тән арнаўлы гербиши болады ҳәм ол клетка деп аталады. Адам организми әне усындай клеткалардың жыйындысынан ибарат болып эволюциялық раўажланыў басқышында клеткалар ҳәр қыйлы (200 жүзден аслам клетканың түри бар) хызмет атқарыўга ийкемлескен. Илимпазлардың берген мағлыўматларына қарағанда адам организми орташа 10 триллион клеткадан турады. Иммунитеттиң тийкарғы ўазыйпасы, генетикалық жақтан бийтаныс организмлерди ажыратып билиўи яғный, өзиникин ҳәм басқаны таныўы. Генетикалық жақтан өзгешеликлерге ийе организмлерге (затларға) бактериялар, вируслар, әпиўайылар қуртлар, белоклар, клеткалар, тканлар аутоанигенлер ҳәм рак клеткалары жатады. Адам организминде күнине бир нешше жүз миллиард клетка ыдырайды (набыт болады) ҳәм сонша клетка тазадан пайда болады. Тилекке қарсы тазадан пайда болған клеткалардың ишинде мәлим дәрежеде өзгериске ушыраған, (мутация болған) клеткалар ҳәм пайда болады. Ҳәзирги ўақытта мутацияға алып келиўши факторлар көбейип кетти. Оларға радиацияны, экологиялық өзгерислерди, аўқатлық затлардың структурасының өзгериўин ҳәм сапасының төменлеўин т,б мысал етиўге болады. Буның ақыбетинде адамлар арасында кеселлениўшилик жийи ушырасып, өсимте, аутоиммун, аллергиялық ҳәм т.б. кеселликлер менен наўқасланғанлардың саны күннен-күнге көбеймекте. Мине усындай мутациялық өзгериске ушыраған генетикалық жақтан өзгешеликке ийе клеткаларды жоқ етиў, үзип таслаў, (элиминациялаў) иммун системаның тийкарғы ўазыйпасы есапланады. Иммунитеттиң тийкарғы мақсети организмниң ишки орталығының сапалық турақлылығын қадағалаў. Ал иммунитеттиң жуқпалы кеселликлерге қарсы гүресиўи болса тийкарғы функциясының ақыбети есапланады. Ҳәр бир организмде иммунлық система генетикалық жақтан қадағаланады.[5] Негизинде ҳәр бир организмниң генетикалық системасы сол организмниң жазмышы есапланады. Айрым адамлар жасаўшаң ҳәм көбейиўшең болады. Соның ушында халықтың арасында узақ жасаўшы ҳәм туқым тебериги кең тарқалған адамлар деген пикирлер бар. Иммунологиялық хызметти арнаўлы клеткалар, тканлар ҳәм органлар системасы атқарады. Оларға айры тәризли без, талақ, лимфа түйинлери, лимфатикалық фолликулалар, лимфойдлық топламлар, қызыл сүйек мийиндеги ҳәм перифиялық қандағы лимфоцитлер жатады. Бул диффуз жайласқан органның салмағы орташа 2,0 кг жақын болады. [3] Өмирде көринис бир болады дегениндей жаратылыста душпанларда көп ҳәм олардың ҳийлелериде көп. Соның ушында жоқары дәрежеде раўажланған организмлерде иммунлық системаның дүзилиси ҳәм функциясы оғада қурамалы болады. (раўажланған мәмлекетлердиң қурамалы дүзилиске ийе армиясын еслетеди). Иммунлық системаның функциясы толық үйренилген деўге болмайды. Себеби, организм ушын бийтаныслық қәсийетке ийе рак клеткаларының раўажланыў механизмин ҳәм аутоиммун кеселликлердиң патогенезин толық билмейми

Доказательный фрагмент

«The article talks about the history of the origin of the word immunity, the main function, types and meaning of immunity.»

Образец извлечения

Демо-превью

The article talks about the history of the origin of the word immunity, the main function, types and meaning of immunity. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

Цитирований
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
Immunity, amino acid, leukocyte, phagocytosis, elimination, vaccine, antigen, Иммунитет
Открыть DOI
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники