Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
СЛЕДЫ КУЛЬТУРНОГО НАСЛЕДИЯ АЛТЫН ОРДЫ В МАТЕРИАЛЬНОЙ И КУЛЬТУРНОЙ ЖИЗНИ ТЮРКСКИХ НАРОДОВ СРЕДНЕЙ АЗИИ
Нуриев Тимур Конгратбаевич · Таженов Азат Аскар улы
Современная наука и исследования · 2 · 2023
Аннотация
In this article, it is written about the material and cultural life of the Central Asian Turkic peoples of Altyn Orda cultural heritage, who studied the history of Central Asia - gerians around the Mongols. Key words: cultural heritage, history, scientific works, Mongols, politics. СЛЕДЫ КУЛЬТУРНОГО НАСЛЕДИЯ АЛТЫН ОРДЫ В МАТЕРИАЛЬНОЙ И КУЛЬТУРНОЙ ЖИЗНИ ТЮРКСКИХ НАРОДОВ СРЕДНЕЙ АЗИИ Аннотация. В данной статье написано о материальной и культурной жизни среднеазиатских тюркских народов культурного наследия Алтын Орды, изучавших историю Средней Азии – герян вокруг монголов. Ключевые слова: культурное наследие, история, научные труды, монголы, политика. Монголлар дәўириндеги тарийхты изертлеў академик В.В.Бартольдтың тийкарғы мәселелериниң бири есапланған. Академик В.В.Бартольд XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басында жасаған көрнекли рус шығыс таныўшысы ҳәм тарийхшысы. В.В.Бартольддың «Орта Азия монгол шабуылыўлары дәўиринде» (1963), Орта Азияның мәдений турмысы, тарийхы, «Чингисхан», «Шағатай» ҳәм тағыда басқа илимий жумысларында ҳәм Орта Азия жерлериниң көп әсирлик тарийхын уйренип монголлар дәўиринде кеңнен баҳа береди10. Бул мийнетин жазыўда В.В.Бартольд Европа, араб, парсы тиллериндеги жазба дереклерден кеңнен пайдаланған. Бунда автор монголлар дәўирине дейинги ҳәм монголлар ўақтындағы Орта Азия жерлерин тарийхый жақтан үйренип, тарийхый ўақыяларды ҳәм фактлерди салыстырады. В.В.Бартольдтың «Орта Азия монголлар шабылыў дәўириндеги» мийнетинде «монголлар ҳәм түрклер, монголлар ҳәм қара қытайлылар, хорезмшаҳлар ҳәм шынғысханлылар» деген бөлиминде монголлар менен Орта Азия жерлери арасындағы байланыслар, қатнаслар ҳәм де мәдений турмыстың раўажланыўына тоқталады. Академик В.В.Бартольд Орта Азия жерлериниң атап айтқанда хорезмшаҳ мәмлекетиниң монголлар тәрепинен басып алыныўын илмий негизде бириншилер қатарында баҳа береди. В.В.Бартольд «Орта Азияға монголлардың жүриси, хорезмшаҳ султаны Мухаммедтиң орынсыз ҳәрекетлери себепшиси болады» деген пикирди айтады11. 1 18 3 International scientific journal ISSN: 2181-3906 «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» 2023 VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ Бунда автор 1218-жыллардағы «Отрар катастрофасын» көзде тутады. Бул жылы Хорезмшаҳтың шығармасындағы шегара қорғанларының бири Отрар да Чингисханның 500 түйеден турған кәрўан тоналған еди. Бул ўақыя Чингисханның батысқа жүрисин тезлеткени анық мәселе. В.В.Бартольдтың мийнетиндеги есапқа алынбаған мәселелердиң бири монголлар жүриси ўақтындағы бүлгиншилиги экономикалық ҳәм мәдений кризисти жақсы баҳалай билген. В.В. Бартольд әсиресе араб Персия авторы Ибн ал Асир, Ата Мелк Ат Джубейни (XIII әсир) Рашидаддин (XIV ә.) ҳәм басқа монголлардың бүлгиншиликлери ҳаққындағы мағлыўматлардан жоқары баҳалай билгенлиги. Соның ушын да В.В.Бартольдтың айырым пикирлери совет – тарийх илиминде критикаланып келинди12. Соңғы ўақытлары совет тарийхшылары И.М.Майский 1884-1975 ж.ж., М.П.Петрушевский 1898-1977 ж.ж., С.А.Тихвинскийлер монголлардың бизиң елимиз территориясына басып кириўи оның дүньяны ийелеў ушын болған сиясатының бир бөлеги ретинде қарайды. Академик М.П.Петрушевский Чингисхан планлары тек ғана Орта Азияны толық бағындырып алыў ғана емес: бул жүрис Батыс ҳәм Шығыс Европаны басып алыўдың алды ғана еди усы мақсетте Чингисхан еле қолға киргизилмеген Әмиўдәрья ҳәм Арал теңизи бойлары, Иртегистиң шығысындағы жерлерди өзиниң баласы Жочи ҳәм оның әўладларына үлес етип береди деген пикирде болған. Орта Азия жерлериниң монголлар дәўириндеги тарийхын изертлеў айрым советлик дүзим дәўириниң шығармаларында орын алған. Академик И.М.Майский, профессор И.Я.Мерфет, В.Т.Пашуто, Л.В.Черепнин ҳәм тағы басқалар өз шығармаларында Чингисхан дәўириниң зулымлықларын ашып көрсетти. Илимпаз М.Кутлуков «Шығыс Түркистандағы монголлар үстемлиги» деген илимий мақалаларында Орта Азия жерлериндеги бүлгиншиликти жазба дереклер негизинде уйренеди. М.Кутлуков өз мийнетин жазарда Қытай ҳәм уйғыр жазба дереклеринен көбирек пайдаланған. Биз бул мақаладан басқа Орта Азия жерлериндегидей уйғыр феодаллардың монголларға еткен хызмети есабынан үлкен пайда түсиргенлигин көремиз13. XX әсирдеги Евразия тарийхын изертлеўшилердиң қатарында монголлар дәўириндеги Орта Азия жерлериниң тарийхын үйрениўге өз үлесин қосқан көрнекли илимпазларының И.П.Петрушовский болғаны есапланады. Автор «1219-1224 жыллардағы монгол әскерлериниң Орта Азияға жүриси ҳәм оның ақыбетлери» деген мақаласында, «XIII-XIV әсирдеги Ирандағы егиншилик ҳәм аграр қатнаслары» атлы (1960-1961 ж.ж.) китабында Орта Азия жерлериндеги монголлар дәўириндеги тарийхый жағдайы үйренилген. Бизиң магистирлик диссертациямыз ушын И.П.Петрушевскийдиң «1219-1224 ж.ж. монгол әскерлериниң Орта Азияға жүриси ҳәм оның ақыбетлери» атлы мийнети жүдә баҳалы, бул көлемли мақала биринши рет 1970-жылы «Татаро-монголы в Азии, в Европе» деген атлы арнаўлы китаб жыйнақта басылып шықты14. Мақала «жазба дереклер ҳәм изертлеўлер, «XIII әсирдиң басындағы Хорезмшаҳлар мәмлекети», «Хорезмшаҳ ҳәм Чингизхан», Урыстың себепшиси ким болды?» урыстың
Доказательный фрагмент
«In this article, it is written about the material and cultural life of the Central Asian Turkic peoples of Altyn Orda cultural heritage, who studied the history of Central Asia - gerians around the Mongols.»
Образец извлечения
Демо-превьюIn this article, it is written about the material and cultural life of the Central Asian Turkic peoples of Altyn Orda cultural heritage, who studied the history of Central Asia - gerians around the Mongols. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- cultural heritage, history, scientific works, Mongols, politics, культурное наследие, история, научные труды, монголы, политика., cultural heritage, history, scientific works, Mongols, politics., мәдений мийрас, тарийх, илимий жумыслар, монголлар, сиясат.
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Диссертации и авторефератыYusupov Kuanıshbay Baltabayevich2026
Научные статьиI.B.Yangiboyev, E.X.Berdanov +22025