К содержанию
РецензированоRU2026

ПЕДАГОГИЧЕСКОЕ В ПРОЯВЛЕНИИ ВОСПИТАТЕЛЬНОГО ВОЗДЕЙСТВИЯ НА ШКОЛЬНИКОВ ВОЗМОЖНОСТИ ИСПОЛЬЗОВАНИЯ ДИАГНОСТИКИ

Алауаддинова Раушан

Современная наука и исследования · 2026

Аннотация

In this article, the cultural warehouse of the residential district of the school subdistrict, the sports, technical and cultural-educational warehouse of the subdistrict, children's rooms, clubs, military-sports grounds and complexes, workshops, for the organization of extracurricular activities of children and adolescents. accessibility is mentioned. Key word: School students, pedagogical diagnostics, educational impressions, family, school pedagogic staff. ПЕДАГОГИЧЕСКОЕ В ПРОЯВЛЕНИИ ВОСПИТАТЕЛЬНОГО ВОЗДЕЙСТВИЯ НА ШКОЛЬНИКОВ ВОЗМОЖНОСТИ ИСПОЛЬЗОВАНИЯ ДИАГНОСТИКИ Аннотация. В данной статье культурный склад жилого района школьного подрайона, спортивный, технический и культурно-просветительский склад подрайона, детские комнаты, клубы, военно-спортивные площадки и комплексы, мастерские, для организации внеклассных занятий. деятельности детей и подростков.Упоминается о доступности. Ключевые слова: школьники, педагогическая диагностика, образовательные впечатления, семья, педагогический состав школы. 288 Социал–педагогикалық изертлеўлер, микроорталық өзгешеликлерин үйрениў тәрбиялық тәсир көрсетиўдиң жобалары ҳәм прогнозларын дүзиўдиң даслепки шәртлери, тийкары болыўы керек. Социал педагогтың кәсиплик искерлиги микрорайон жәмийетшилиги тамырларына шекем барып жетип, инфраструктурасының өзине тән өзгешелигине, дәстүрлерине ийе болған буларды билип алмастан турып, тийкарланған шешимлерге келиў мүмкин болмайды. Соның менен бирге социал–педагогикалық паспорт ең дәслепки ҳүжжет болып, ол арқалы социумдағы шараят ҳақкында түсиникке ийе болыў ушын анаў яки мынаў баҳа бериў имканын беретуғын пүткил микрорайон бойынша мағлыўматларды улыўмаластырыў мүмкин болады. Социал–педагокалық паспорт төмендеги аспектлерди өзине қамтып алған болады. Мектеп киши районының жасаў массивиниң материаллық базасы, микрорайонның спорт, техникалық ҳәм мәдений–ағартыў базасы, балалар бөлмелери, клублары, әскерий–спорт майданшалары ҳәм комплекслери, устаханалар, оны балалар ҳәм өспиримлердиң оқыўдан тыс ўақытларын шөлкемлестириў ушын пайдаланыў имканияты. Мектеп микрорайоны стихиялы түрде қәлиплескен тәбийғый жабық яки микрорайон балалары ҳәм өспиримлериниң бос ўақытларында қызығыўлары бойынша жәмлестириў мақсетке бағдарланған орайлар арқалы шөлкемлестирилген учаткалар болып бөлинеди. Киширайонның бундай салыстырмалы жабық микроучасткалары үлкен турақ жайлардың ҳәўли аймақларынан, мирорайонның айырым обьектлеринен ибарат болып, балаларға унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин (жағымсыз элементлердиң жәмлесиў орынлары, балаларға қарағанда саўда қәделерин сақламайтуғын саўда орынлары ҳ.т.б). Атап өтилген аспектлерге сәйкес ҳалда микрорайонды үйрениў микрорайон балалары менен алып барылатуғын жумыслардың баслы мақсетин анықлаў, сондай–ақ, усы жумыстың мазмуны, формалары ҳәм методларын, микрорайон балалары менен жүргизилетуғын тәрбия жумысларын жәмлестериетуғын жетекши орай (орайлар)ды, жасаў орны бойынша балалар менен жүргизилетуғын жумысларды жәмийетшиликтиң қатнасыўының конкрет формаларын анықлаў имканын береди. Киши районның ересек ҳәм әтираптағы адамлары: оның қурамы (жасы ҳәм маманлығы бойынша) Киширайон балаларына биринши гезекте унамлы яки унамсыз тәсир көрсететуғын әтираптағы адамлар ҳақкында жасына қарата ҳақыйқый түсиникке ийе болмай турып, тәрбиялық ўазыйпаларды шешимиин табыў мүмкин болмайды. Усыған байланыслы 289 микрорайон диагностикасы үлкен жастағы әтираптағы адамларды, микрорайонның ересек жастағы турғынларын, мектеп микрорайоны әтирапындагы мәдений –санаат кадрларын үйрениўди де өзине қамтып алған болыўы керек. Усы компонентлердиң диагностикасы ғана микрорайонның бир қатар тәрбиялық имканиятлары ҳәм талапларын анықлаў имканын береди: бириншиден, ересек адамлар ҳәм әтираптағы өндирислик адамлар диагностикасы микрорайон ушын айтарлықтай дәстүрге айланған кәсиплик, мәдений ҳәм турмыслық бағдар бериўдиң формаларын анықлаў имканын береди. Ол екинши жақтан, реал яки потенциал түрде балалардың дыққат итибарында болатуғын, балалар ушын өзине тән еликлеў үлгиси (унамлы яки унамсыз мағанада) бола алатуғын конкрет адамларды (микрорайонда жасайтуғын ҳәм ислейтуғын) анықлаў мүмкиншилигин береди. Үшиншиден, диагностика микрорайон балаларын тәрбиялаўда, оның нәтийжелелигин арттырыў мақсетинде усы жумысқа тартыў (балалар бирлеспелери, дөгереклери, секциялары, жеке тәрбия жумысларына басшылық етиўге) зәрүр болған адамларды анықлайды. Шаңарақ академиясы. Шаңарақ тәрбиясы машқаласы киши район характеристикасында айрықша әҳмийетке ийе болады. Оның шешимин табыў шаңарақ қурамына: материаллық шараятына, қолда бар қәдириятларына, тәрбиялық мақсетке бағдарланғанлығына, әдеп –икрамлық мәдениятына байланыслы болады. Киши район диагностикасында баслы итибар микрорайонның барлық балаларын, олардың қызығыўшылықларын ҳәм усы қызығыўшылықларын әмелге асыратуғын жумысларды үйрениўге қаратылады. Балалар ҳәм өспиримлердиң қызығыўшылықлары, оларды әмелге асыратуғын жумыслары сыяқлы бәринен бурын балалардың мүтәжлерин, олардың қоршагаң дүниясына қатнасын, сондай –ақ, ола

Доказательный фрагмент

«In this article, the cultural warehouse of the residential district of the school subdistrict, the sports, technical and cultural-educational warehouse of the subdistrict, children's rooms, clubs, military-sports grou…»

Образец извлечения

Демо-превью

In this article, the cultural warehouse of the residential district of the school subdistrict, the sports, technical and cultural-educational warehouse of the subdistrict, children's rooms, clubs, military-sports grou… Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

Цитирований
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
школьники, педагогическая диагностика, образовательные, Мектеп оқыушылары, School students
Открыть DOI
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники