К содержанию
РецензированоRU2026

ВОСПИТАНИЕ МОЛОДЕЖИ К ПАТРИОТИЗМУ, МУЖЕСТВУ И СВОБОДЕ ЧЕРЕЗ ЛОЖКИ В ИСПОЛНЕНИИ ДРУГИХ

Есемуратов Бахтияр Сагидуллаевич

Современная наука и исследования · 2026

Аннотация

The article talks about the importance of teaching and training of Karakalpak people's traditions. Key words: National symbols, akyl-nisyat kosyklar, terme-tolgao, dastan, oatan syuyoshilik, bravery-freedom, iskarlik. Қарақалпақ халқын аңлатыўшы, миллий намаларына, миллий усылына салып атқарылатуғын көплеген тәрбиялық әҳмийетке ийе ақыл-нәсият қосықлар, терме- толғаўлар, дәстанларымыз бар. Бул қосықлар терме-толғаўлардың айрым қатарлары, халқымыздың нақыллар орнынада пайдаланып айтылып киятыр. Халықты жақсы турмысқа алып шығатуғын, ерликке искерлик пенен мәртликке, дослыққа шақырыўшыда ақыл- нәсият қосықлар. Тәлим тәрбиялық әҳмийетине нәзер салсақ, қосықлардың өтмиштен усы дәўирге намалары менен халық аўзында сақланып келиўинде. «Халықты тәрези»-деп бийкарға айтылмаса керек. Тек ғана пайдалы, ел ийгилигине дурыс жуўап беретуғын, инсан санасына иркинишсиз қәсийетлилиги менен жетип баратуғын пазыйлетли нәрселерди халық қабыл 197 алып ҳәм удайы сақлайды. Ақыл-нәсият қосықлардың жасларымыз тәрбиясына терең тәсир етеди. Бул нәсият сөзлердиң тийкарғы орайы халық болып есапланады. Булай деўимиздиң себеби нақылда-ақылда халық мүлки десек алжаспаған болармыс. Халықтың өтмишинен келип шыққан ҳалда нақыл, ақыл сөзлер, нәсиятлар пайда болады. Шайырларымыз халық данышпанлығына сүйенген ҳалда қосықлар дөретеди-деп ойлаймыз. Нәсият қосықлар жазып, турмысты сүўретлеген, елин мақтаныш еткен, халқымыздың мақтанышы Бердақ, Әжинияз, Күнхожа, Өтеш ҳ.т.б. көплеген шайырлары бар. Бул шайырларымыздың нәсият қосықлары қарақалпақ халық намалары менен суўғарылып, халқымыз арасында бақсылар, жыраўлар тәрепинен айтылып киятыр. Миллий музыкамыздың қүдиретлилиги сонда, шайыр қосықларын нама менен халықтың жүрегине тез елтип жеткериўинде. Егер намасыз айтылса ямаса оқылса, онда да тыңланып халық рәҳәтленеди, ал нама сол шығарылған қосыққа егиздиң сыңарындай болып жантасады. Бул усылда шайырлар қосықлары узақ сақланып ҳәм тез таралады. Тыңлаўшылар рәҳәтленип сөзине ҳәм намасына итибар берип тыңлайды ҳәм қандайда нәсият қосықлардан үлги алады. Мәселен Бердақ шайырдың «Халық ушын» қосығында Жигит болсаң, арысландай туўылған, Хызмет еткил удайына халық ушын, Жигит болсаң арысландай туўылған, Ҳеш қашанда жумыс етпес өзи ушын Жақсы адамның аяғына бас урар, Жаманлар дарғазап етип тас урар. Мәрт жигитлер халық исине тақ турар, Соныңдайлар хызмет етер халық ушын [1] -деп келтиреди. Бул жерде Бердақ шайыр адамның мақсети ҳаққында сөз етеди, адам билимли болып халыққа ҳадал хызмет етиў кереклигин нәсиятлайды. Бул қосықты ҳәзирги дәўиримизде қарақалпақ халық намасы «Хожа бала» намасына салынып бақсыларымыз айтып киятыр. Тийкарында Бердақ шайыр болып ғана қоймастан бақсы да болғанлығын тарийх айқын айтып бере алады. Шайыр қосықларын халық намаларына салып өзи атқарғанлығын ҳеш кимсе бийкарлай алмайды. Бердақ шайырдың нәсият қосықларынан «Жақсырақ», «Балам», «Бүлбил», «Маған бер» ҳәм батырлыққа тәрбиялаўшы «Амангеди», «Ерназар бий», «Ақмақ патша» ири көлемли шығармалары жасларға сабақ бола алады. Мәселен «Жақсырақ» қосығында Жумыс исле туўылған соң ел ушын, 198 Жаныңды аяма елде ер ушын, Киндиктен қан тамған туўған жер ушын, Өлип кеткениңше хызмет жақсырақ [2]-деп келтирген. Бул қосығында белгили бир кәсипти ийелеп, Ана Ўатан, халық ушын хызмет етиў кереклигин нәсиятлайды, ақыл береди. Халық арасында Қарақалпақтың «Дәрдиңнен» намасы менен айтылып киятыр. Бул намада тыңлаўшыны ериксиз өзине тартады, ойландырады, ақылландырады. Батырлық дәстанлар деп «Қоблан», « Алпамыс», «Едиге», «Қырық қыз», ҳ.т.б. дәстанларды айтамыз. Бул дәстанның ўақыясы, мазмуны халықтың арзыў-әрманларынан тикленген ҳәм буны халық тән алған. Бул дәстанлар келешек әўладларды ер жүрек, билимли, өнерли, ўатанын сүйиўшиликке тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе. Себеби дәстан мазмунында елдиң жаўын қырып ямаса достын қутқарыў жағдайлар сөз етиледи. Бул ўақыяларды жыраў өзиниң жағымлы даўысы менен жырлап, халықты силтидей тындыра алған ҳәм халық сүйсине тыңлаған. Қаҳарманлық дәстанлардың халыққа тәсирин бир ғана мысалдан билиўге болады. Мәселен туўылған балларын дәстандағы бас қаҳарманның атын үлкен үмит пенен қойыўы. Қаҳарманлық дәстанда жоқарыда айтып өткенимдей тийкарынан ерликке, батырлыққа шарықлайды. Мәселен «Едиге» дәстанын алып қарайық. Едиге дәстанында ўатан, туўылған жерге сүйиўшилик ерликлер жүрек толғаныслары менен бериледи. Мысалы. Есиктиң алды бай терек, Ол не болар Хожамжан, Есиктиң алды шоқ қамыс, Бул не болар Хожамжан Есиктиң алды тақ қамыс Бул не болар Хожамжан [3] -деген жумбақ сораўларға Едигени тәрийплеп жуўап бериўлери. Есиктиң алды бай терек Едиге батыр болмасын Есиктиң алды шоқ қамыс, Аттың жалы болмасын Есиктиң алды тақ қамыс Ат қуйрығы болмасын, -деп келтирген. 199 Бунда Едигениң батырлығы, душпанларының сетем алып қорқыўлары сөз етилсе Атам күйеў болған жер Енем келин болған жер Ийилип сәлем берген жер Сазандайын тиресип Сап азамат өскен жер Киндик қаным тамған жер Китап алып қолыма Мектепке ойнап барған жер Сен не болдың меннен соң Мен не болдым сеннен соң [4] дег

Доказательный фрагмент

«The article talks about the importance of teaching and training of Karakalpak people's traditions.»

Образец извлечения

Демо-превью

The article talks about the importance of teaching and training of Karakalpak people's traditions. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

Цитирований
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
National symbols, akyl-nisyat kosyklar, terme-tolgao, dastan, oatan syuyoshilik, Национальные символы, Миллий намалар
Открыть DOI
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники