Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
ОБУЧЕНИЕ И РАЗВИТИЕ ТВОРЧЕСКИХ КАДРОВ
Моянов Ықласбай Жийенбаевич
Современная наука и исследования · 2 · 2023
Аннотация
This article discusses the issues of training Karakalpak art personnel, including the opening of the department of the first state Artistic and Musical Drama Society and the first actors and the first written plays of the national Karakalpak troupe "morning light". Key words: Theater, Ton nuri troupe, artistic personnel, play, first actors, drama, club, library, amateur togaraks, music, Bakhshi zhirov, kissakan, soloists, dancers playing the shang- kobyz. ОБУЧЕНИЕ И РАЗВИТИЕ ТВОРЧЕСКИХ КАДРОВ Аннотация. В данной статье рассматриваются вопросы подготовки каракалпакских художественных кадров и в том числе об открытии отделения первого государственного художественно-музыкального драматического общества и первых актерах и первых написанных пьесах национальной Каракалпакской труппы «утренний свет». Ключевые слова: Театр, труппа «Тон нури», художественный состав, спектакль, первые актеры, драма, кружок, библиотека, любительские тогараки, музыка, Бахшижиров, кисакан, солисты, танцоры, играющие на шанг-кобызе. Тарийхый тәжирийбе көрсеткениндей ақ ҳәр мәмлекет адамларының қәнигелиги бойынша ақыл мийнети менен жумыс ислейтуғын айрықша бир социяллық қатламсыз күн көрмеген ҳәм күн көре алмайды. Бул қатламға инженерлер, техниклер, агрономлар, врачлар, муғаллимлер, көркем өнер хызметкерлери ҳәм ақыл мийнетиниң басқада хызметкерлери киреди. «Республикада әмелге асырылып атырған демократиялық ҳәм экономикалық реформаларды кадрлар менен беккемлеўде ҳәм ақыл зийреклигин асырыўға қаратылған деп көрсетип өтеди». [1; 258; б]. Қарақалпақ халқының миллий көркем өнери кең көлемде раўажлана баслады. 1917-жылдың ақырында (Петро Александровскиге) биринши Мәмлекетлик көркем өнер музыкасы драма жәмийетиниң бөлими ашылды. Оның ўазыйпасына Әмудәрья бөлиминдеги ҳәўескерлер дөгереклерин бирлестириў оларға басшылық етиў, қалаларда төлемли спетакльлер, концертлер ҳәм кешелер шөлкемлестириў сондай ақ орайлық 6 5 International scientific journal ISSN: 2181-3906 «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» 2023 VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ қалалардың Профессионал коллективлер шақырыў илажлары кирилди. Хийўадағы өзбек театр топары – Хорезм республикасының мәмлекетлик театр жәмәәтиниң гостроллары Қоңыраттың мәдений турмысында үлкен ўақияға айланды. Хийўа артистлериниң өнер көрсетиўлери жергиликли халық арасында үлкен қызығыўшылықлар туўғызды ҳәм олар арасында үлкен өзлериниң театр дөгерегин шөлкемлестириў тилегин пайда етти. [2] 1920-жылға келип Қоңырат округлик комсомол комитети жанынан 25 адам қурамында усындай дөгереклер дүзилди. 1920-1921 жылларда бундай дөгереклер клублардың, интернатлардың, дийхан үйлериниң, қызыл чайханалардың, шымбай шораханның, шаббаздың қызыл мүйешлеринде пайда болды. 1921-жылға келип Төрткүлде қалалық клуб, китапхана ҳәм театр ашылды. Клубда ҳәр қандай кешелер өткерилди. Лекция, докладлар дөгерек қатнасыўшылардың күши менен концертлер шөлкемлестирилди. 1920-жылларда Өзбек әдебиятының тийкарын салыўшы Хамза Ҳәкимзада Ниязий қарақалпақстанда болыўы қарақалпақ халқының драмматургиясы менен театр өнериниң раўажланыўына сөзсиз әдеўир тәсир жасады. 1925-жылы. З.Ф. Касимов Хорезмнен қарақалпақстанға келди. Ол ҳәўескерлер дөгереклерине белсене қатнасыўшылардан қарақалпақ театр труппасын шөлкемлестирди. 1927-жылы 24-апрельден баслап миллий қарақалпақ театры шөлкемлестирилди. Онда дәслеп 14 адам соның ишинде 3 ҳаял-қыз болған. Т.Сейтмуратов, А.Матякупов, К.Убайдуллаев, М.Матжанов, И.Сейтов, М.Темирханов ҳәм басқалар «Таң нуры» миллий қарақалпақ труппасының биринши актёрлары болды. 1922-25 жылларда А.Өтепов «Жездежан», «Зиндан» пъесаларын «Теңин тапқан қыз», «Шәлеке бай» пъесалар жазды. 1927-жылға келип «Таң нуры» труппасы репертуарларында К.Әўезовтың «Тилек жолында», С.Мажитовтың «Ерназар алакөз», «Ақсақал» пъесалары театр сахналарында қойылды. 1930-жылға келип қарақалпақ миллий театр шөлкемлестирилди. Қарақалпақстанның барлық районларында хызмет көрсетиўге жиберилди. 1932-жылдың ақырында қарақалпақстан театрында 122 адам болды. Соннан 96 адам артист, 35 адам Қарақалпақстан театрында иследи. Жас театрдың талантлы артистлеринен Ю.Шарипов, Файзиев, К.Бегимов, АХожалапесов, Машарипов, Ж.Шамуратов, Х.Ахмедов ҳ.б. 1934-жылы 10-августта Қарақалпақстанда театр ҳәм музыка театр салыў туўралы қарар қабыл етилди. 1937-жылы Нөкисте скрипка, фортепиано, қосық айтыў ҳәм аяқ ойын ойнаў класслары бар оқыў мүддети үш жыллық музыка мектеби ашылды. Драмматургияны буннан былайда раўажландырыў ҳәм қарақалпақ театрларын қәнигели кадрлар менен толықтырыў мақсетинде москва А.В.Луначарский атындағы театр өнери институты жанында миллий қарақалпақ студиясы шөлкемлестирилди. Ташкент, Москва қалаларына ресаубликалық студиясы шөлкемлестирилди. Ташкент, Москва қалаларына республиканың барлық театрларынан белгили қәнигелер таярлаў ушын А.Шамуратова, Т.Рахманова, А.Қурбанова, З.Зарипов, Ю.Шарипов, С.Юсупова ҳ.б. белгили көркем өнер усталары жиберилди. Кейинги жылларда Қарақалпақстанда қәнигели кадрлар таярлаў бойынша Ташкенттен Моннан Уйғыр театр көркем и
Доказательный фрагмент
«This article discusses the issues of training Karakalpak art personnel, including the opening of the department of the first state Artistic and Musical Drama Society and the first actors and the first written plays of…»
Образец извлечения
Демо-превьюThis article discusses the issues of training Karakalpak art personnel, including the opening of the department of the first state Artistic and Musical Drama Society and the first actors and the first written plays of… Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- Theater, Ton nuri troupe, artistic personnel, play, first actors, drama, club, Theater, Ton nuri troupe, Театр, труппа «Тон нури», Театр, Таң нуры труппасы
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
МонографииK.J.Murodov2026
Научные статьиI.B.Yangiboyev, E.X.Berdanov +22025