Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
«ҚЫРЫҚ ҚЫЗ» ДӘСТАНЫНДАҒЫ СУЎРЕТЛЕЎ ҚУРАЛЛАРЫ (ҚУРБАНБАЙ ЖЫРАЎ РЕПЕРТУАРЫ МЫСАЛЫНДА) Оразымбетова Айшолпан Муратбай қызы ӨзРИАҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлерилим
ILM-FAN VA INNOVATSIYA · ILMIY-AMALIY KONFERENSIYASI · Оразымбетова Айшолпан Муратбай қызы (in-academy.uz/index.php/si)
Наука и инновация · 2026
Аннотация
Биз бул мақалада Қурбанбай жыраў репертуарындағы «Қырық қыз» дәстанында актив қолланған көркем сүўретлеў қуралларына тоқтап өтиўди мақул көрдик. Атап айтқанда жыраўдың теңеў ҳәм метафоралардан орынлы пайдаланғанлығына анализ жасадық Гилт сөзлер: жыраў, метафора, теңеў, Қырық қыз, символ. Қырық қыз дәстаны өзиниң идеялық-көркемлик сыпатлары бойынша шын халықлық шығарма болып табылады. Ол қарақалпақ халқының аўызеки поэтикалық дөретиўшилиги дөретпелериниң жоқарғы үлгиси, хасыл маржаны. Әсиресе, Қурбанбай жыраў репертуарындағы «Қырық қыз» дәстанының композициясы шеберлик пенен қүрылған. Көркем сүўретлеў қуралларына оғада бай. Атап айтқанда метафора, метонимия, аллегория, ирония, анофора, теңеў қүсаған түрлери көплеп ушырасады. Биз бул мақалада Қурбанбай жыраў репертуарындағы «Қырық қыз» дәстанында актив қолланған теңеў ҳәм метафораға тоқтап өтиўди мақул көрдик. Қурбанбай жыраў репертуарындағы дәстанлардың басым көпшилигинде теңеўлер ең тәсирли келбетликлер арқалы келтиреди. Солай етип теңеўдиң күши ҳәм тәсири артады. Бизге мәлим тәсир өткермейтуғын теңеўлер көркем өнерде де, әдебиятта да қәдирленбейди. Әлбетте теңеўлер қолланылғанда метафориялық мәнилер де жүзеге келеди. Яғный теңеў метафораға айланыўы мүмкин. Мәселен, қайғы, дәрт, машқала «от» символы менен аңлатылады. От бул иштеги дәрттиң үлкенлигин ашып береди. Ат үстинде таўланып, Иши оттай жанады. Сондай-ақ, дәстанда қайғы ҳәм дәрт сары рең арқалы сәўлеленеди ҳәм метафора көринисинде пайда болады. Сарғышқа толтырма көздиң қарасын, Қашық етпе екеўиниң арасын, Айтатуғын бир-еки аўыз сөзим бар, Тартып тур қақайым атыңның басын! Қыз баланы қапа қылыў, оған зыян жеткериў ашылып турған гүлди солдырыў менен барабар. Бул жағдай дәстанда сулыў сөзлер менен шебер баянланған. Ҳалыңды билмей Журынтаз қыз қыдырдың, Биразлардың қызыл гүлин солдырдың, Ҳа Журынтаз жетпей, желкең қыйылсын, Бүгинги күн сонша қойды қырдырдың. 98 ILM-FAN VA INNOVATSIYA ILMIY-AMALIY KONFERENSIYASI in-academy.uz/index.php/si Ҳалы болмаў, күшиниң жоқ екенлиги «димари қурыў», «диңкеси қурыў» фразасы менен еле анық етип түсинидириледи. Бул бойымнан кетер болды дәрманым, Ашықлықтан қурыды ғой димарым, Гүлайымның сүйсем аппақ бетинен, Бул дүняда болмас еди әрманым. Ал, итибарсызлық, қәдири болмаў жағдайлары төмендеги метафоралар арқалы келтириледи. -Өле берме өйтип Сәйеке жора, Ол қыз саған оңлы жуўап бермейди, Атыңды урып еттиң санларын жара, Қайт кейниңе тезден, маңлайы қара! Нийети бузық, жаман, жаўыз ҳәм сықымар адамды «кеўил» менен байланыстырыў теңеў ҳәм метафораның тәсирин арттырады. -Мен жылайман бир қудайға зар-зар, Бул дүняда көпти сықмар, пейли тар, Елден шыққан еки бирдей жолдасым, Аз да болса айтатуғын сөзим бар. Қурбанбай жыраў инсанлардың ашынарлы ҳәм күлкили жағдайларын қызықлы теңеўлер арқалы келтириўден де шетте қалмайды. Төмендеги қатарлар Қурбанбай жыраўдың сәтиралық яғный мысқыллаў сөзлерден орынлы пайдалана алыў жөниндеги билимин ашып береди. Зәлел көрген базаршыдай, Салбырап қақай бул қайтар. Сәйеке ҳаққындағы мысқыллаў сөзи төмендегише даўам етеди. -Қол байлаўлы кетти мениң қолайым, Қызға келип неден болды гүнайым, Таяқ урып, атыма терис мингизип, Қойынына кириппедим Гүлайым. Қарамадың мениң сулыў қәддиме, Аяўсыздан таяқ урдың етиме, Неке қыйып мен апаңды алғандай, Қолды байлап, күйе жақтың бетиме. Әшир менен Аманқул Гүлайымнен таяқ жеп келген Сәйекени мазақ қылып атырғандағы жағдайы: -Усы истен көп кетипти қолайың, Онда барып қалай болды ҳал-жайың, Қол байлаўлы атыңа терис минипсең, Қутлы болсын қыздан алған сарпайың. Көмилипти дизден болып жолыңыз, Киседе жоқпеди жалғыз пулыңыз, 99 ILM-FAN VA INNOVATSIYA ILMIY-AMALIY KONFERENSIYASI in-academy.uz/index.php/si Қутлы болсын қыздан алған сарпайың, Беккем байланыпты еки қолыңыз. Биз қарасақ көзден аққан жасыңа, Гүлайым ашыўлы кепти қасыңа, Қутлы болсын қақай жора өмирлик, Қундуз телпек кийгизипти басыңа. Гүлайым қызлардан алынған айың, Қашып киятырсаң не болды жайың, Кийген сарпайларың артықмаш дәўлет Несип етсин терлеп ишкен көк шайың. Бизден қашып не деп кеттиң сен саяқ, Бийорын жерлерге басыпсаң аяқ, Қутлы болсын қыздан алған сарпайың, Басыңа тийипти не жуўан таяқ. Гүлайымнан уллы сарпай кийипсең, Ериксиз басыңды жерге ийипсең, Қутлы болсын қақай жора өмирлик, Қуўанғаннан атыңа терис минипсең. Және де бул киби теңеў менен келтирилген мысқыллаўға төмендеги мысалды келтирип өтсек болады: Ат үстинде шалқайып, Түси суўық шаяндай, Қустан қашқан қояндай, (Сәйеке ушын айтылған сөзлер) Қақайды сонда көреди, Қыз жеңгесин көргеннен, Қақайда сөйлей береди: Гүлайымның ышқында жанып атырған шопан Журынтаздың Гүлайым менен ушырасыўы, оның алдында турған жағдайы да теңеў көринисиндеги мысқыллаў менен келтириледи. Яғный жаман адамды жаман нәрселерге теңеў ҳәм метафоралар арқалы аңлатылады. Сол арқалы олардың жаман, қәдирсиз екенлиги ҳәм күлкили жағдайларын ашып бериўге ҳәрекет етеди. Гүлайым жатқан отаўдың, Тусында турып Журынтаз. Түби түскен шелектей, Өзин-өзи мақтады: Иши дәрт ҳәм ғам-қайғыға толыўы, душпанға тисин қарсы қайраўы төмендег
Доказательный фрагмент
«Биз бул мақалада Қурбанбай жыраў репертуарындағы «Қырық қыз» дәстанында актив қолланған көркем сүўретлеў қуралларына тоқтап өтиўди мақул көрдик.»
Образец извлечения
Демо-превьюБиз бул мақалада Қурбанбай жыраў репертуарындағы «Қырық қыз» дәстанында актив қолланған көркем сүўретлеў қуралларына тоқтап өтиўди мақул көрдик. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- символ., метафора, теңеў, Қырық қыз, жыраў
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Журнал универсальных научных исследованийAND RESTORATION, Khatamov Orif Yusupovich2024
Магистерские диссертацииЮлдашев Ж.Х2014