К содержанию
РецензированоRU2023

НАЦИОНАЛЬНЫЕ МУЗЫКАЛЬНЫЕ ИНСТРУМЕНТЫ КАРАКАЛПАКСКОГО НАРОДА – НАПЕВЫ КОБИЗ И ЖИРОВ.

ЖЫРАҮ НАМАЛАРЫ · Кудайбергенов Нурсултан Пахратдин улы

Современная наука и исследования · 2 · 2023

Аннотация

This article talks about the national musical instruments of the Karakalpak people, kobiz and jiro tunes, performance skills and the history of performers, jiro, bakhshi, kissakhan, sozanda, and spoon-makers. Key words: Qobiz and Jirov, Soppasli sipira Jirov, "Edige", Qobiz, "Alpamis", "Qiriqqiz". НАЦИОНАЛЬНЫЕ МУЗЫКАЛЬНЫЕ ИНСТРУМЕНТЫ КАРАКАЛПАКСКОГО НАРОДА – НАПЕВЫ КОБИЗ И ЖИРОВ. Аннотация. В данной статье рассказывается о национальных музыкальных инструментах каракалпакского народа, напевах кобиз и дзиро, исполнительском мастерстве и истории исполнителей, джиро, бахши, киссахан, созанда, ложковых певцов. Ключевые слова: Кобиз и Жиров, Соппасли сипира Жиров, «Эдиге», Кобиз, «Алпамис», «Кырик Кыз». Атқарыүшылық өнери қарақалпақ халқының ең ескиден киятырған суйикли өнерпазларымыздың бир топарын курайды. Олардың сазы менен сөзи мийнет адамларының тилегине унлес, тилегине сай болып келеди. Халықтың әдебияты менен искусствосының раүажланыүында белгили дәрежеде улес қосқан атқарыушылардың хызмети халқымыздың көп әсирлик тарийхының алтын бетлерин толықтырады. Арал теңизиниң кун шығар арқасында Әмиу менен Сырдарьяның аралығында жайласқан қарақалпақлардың әййемги ата-бабалары болған массагетлердиң атқарыушылықты урдис еткени жөнинде тарийхтың атасы деп аталыушы Геродот қызықлы мағлыӯмат береди. Иранлылардың «өлмес» патшасы Кирди жеңген массагетлердиң патшасы анамыз Тумарис хаққындағы эпоста да сазенде, қосықшылар да атқарып, кенап шегип кеуил көтерип отыратуғын болғанлығын жазады.[1]Атқарыӯшылар жыраӯ, бақсы, қыссахан, сазенде, қосықшы болып бир неше топарға бөлинеди. Соның ишинде жыраӯлар шығысы жагынан қарақалпақ халқының сол массегетлер дәуринен киятырган ең ески өнерпазы есапланады. Сондай-ак Орта Азия хәм Қазақстан халықлары арасында да қобыз бенен атқаратуғын жыраӯшылық өнериниң кута ертеден киятырғанлығы мәлим. Жыраӯлар батырлық жырларының тийкарғы атқарыӯшылары есапланып, олар халық басындағы аӯыр мийнет, жоқшылық зары, терең қайгысына шериклес, дәртине 5 8 International scientific journal ISSN: 2181-3906 «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» 2023 VOLUME 2 / ISSUE 8 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ дәртлес болып, қайғысын умыттырыӯдағы жалғыз кеӯил хошы болып мың-мыңлаған тыңлаушы аудиториясының журегин тербетип отырды.[2] Аты аңызға айланған Соппаслы Сыпыра жыраӯ Қарақалпақлар арасында легендаларға айланған. Соппаслы Сыпыра жыраӯ XIV әсирде жасаған жыраӯ болып, ол көп ғана турк тиллес кәӯимлер ноғайлы бирлеспесинде ямаса Алтын Орда ханлығы қарамагында жасап турған бир дәуирде өмир сурген қазақ, башқурт, татар, ноғай фольклорында да аты кеңнен сақланған. Ол қарақалпақ жыраӯшылық традициясының баслаушыларының бири, уллы көркем сөз шебери сыпатында танылады. Қарақалпақ, қазақ, ноғай, башқурт халықларының изертлеулерине қарағанда белгили тарийхый уақыялар тийкарында пайда болған дәстан «Едиге» деги белгили тарийхый фигуралар Тоқтамыс, Едиге, Темир т.б. адамлар менен бир қатарда аталыӯының өзи тарийхый шынлыққа туӯра келеди. Усы жағдайларға байланыслы Соппаслы Сыпыра жыраӯдың аты, творчествосы Қорқыт ата, Асан қайғы, Жийренше шешен сыяқлы көпшилик турк тилинде сөйлейтуғын халықларға ортақ болып келеди. Илимий әдебиятта Сыпыра жыраӯдың атын биринши болып киргизген белгили әдебиятшы, этнограф, музыка изертлеӯши Ш. Уәлийханов: «Сыпыра жыраӯ Тоқтамыс ханның ең абыройлы кенесгөйлериниң бири болды, ол ноғайлы дәуириниң көп ғана эпикалық жырларын атқаратуғын еди»-деп керсетеди.[3]Белгили қарақалпақ илимпазлары Н. Дауқараев, К. Айымбетов, х.т. басқалар қарақалпақ жыраӯшылық мектебин. Сыпыра жыраӯдың аты менен ,байланыстырады. Олар Тоқтамыс ханның тусында Ноғайлы Союзының кулаӯ дәӯиринде жасағаны[4] хаққында мағлыумат берилген. Қарақалпақ халқының арасында шығысы жағынан ең гөне, ески музыкалық асбаплардың бири-қобыз. Қобыз-әспабы қарақалпақлардан басқа көпшилик шығыс халықлары қазақ, қырғыз, өзбек, уйғыр, улыума турк тиллес халықлардың көпшилигинде, сондай-ақ украинларда (бандур) т.б. халықларда гезлеседи. (Қобыз аспабы өзиниң қурылысы, жыраӯдың айтыӯ техникасы хәм де басқа да көплеген тарийхый дереклерге қарағанда ол кута әййемги аспаб болғанлығы мәлим. XVIII әсирде жасаған белгили илимпаз Дервиш Алийдиң айтыӯына қарағанда: «Қобыз-кутә жағымлы хәм көркем дауыслы тар тағылған музыкалық әспаб. Оның айтыӯына қарағанда қобыз уллы сәзенде хәм музыка теориясын терең ийелеген Султан Жалайыр (1356 - 1374) атлы алым терепинен соғылған. Қобызды ол рубабтың балдағын хәм оның путкил денесин узайтып жолы менен ислеп шыққан, ол хаққында автор кута қызықлы хәм узақ даӯам еткен аңыз сөзлерди баян етеди. [5] Жыраӯлардың қобыз бенен атқаратуғын арнаӯлы намалары оғада көп болып олар раңбарең нағысларына ийе. Олардан «Айга шап», «Шоласқан», «Шербейит», «Толқын», «Уллы зибан», «Келте зибан», «Жан-жан», «Хәӯжар», «Көз айдын», «Жигирма бесте», «Таң атар», «Кун шығар», «Ылғал», «Хәйяр», «Яғлы бахар» хәм т.б. намалар менен терме толғаулардың өзлери де бир неше турлерге ийе. Қобыз намаларының өзине тан стили, даӯыслық колорити тембри менен айырықша кеӯил

Доказательный фрагмент

«This article talks about the national musical instruments of the Karakalpak people, kobiz and jiro tunes, performance skills and the history of performers, jiro, bakhshi, kissakhan, sozanda, and spoon-makers.»

Образец извлечения

Демо-превью

This article talks about the national musical instruments of the Karakalpak people, kobiz and jiro tunes, performance skills and the history of performers, jiro, bakhshi, kissakhan, sozanda, and spoon-makers. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

Цитирований
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
Qobiz and Jirov, Soppasli sipira Jirov, "Edige", Qobiz, "Alpamis", "Qiriqqiz", қобыз хәм жырау, Соппаслы Сыпыра жыраү, «Едиге», Қобыз, «Алпамыс, «Қырық қыз»., Qobiz and Jirov, Soppasli sipira Jirov,, Кобиз и Жиров, Соппасли сипира Жиров, «Эдиге», Кобиз, «Алпамис», «Кырик Кыз».
Открыть DOI
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники