К содержанию
РецензированоRU2025

БАСЛАЎЫШ КЛАСС ОҚЫЎШЫЛАРЫНЫҢ РУЎХЫЙ ИНТЕЛЛЕКТУАЛ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИН АНЫҚЛАЎДЫҢ ПЕДАГОГИКАЛЫҚ МАЗМУНЫ

Матмуратова Гулистан Камалатдиновна

Современная наука и исследования · 4 · 2025

Аннотация

The article examines the results of identifying intellectual disabilities in primary school students, primary school teachers, lecturers and teachers. Key words: Intelligence, morality, knowledge, education, ethics, intellectual differences. Ҳәзирги күнде билимлендириў хызметкерлери алдында жас әўладқа жоқары интеллектуал көз қарасты қәлиплестириў заман талаплары менен тең қәдем қоятығын еркин пикирлейтуғын жетик инсанларды тәрбиялаў ўазыйпалары тур. Бул ўазыйпаларды орынлаўда баслаўыш класс оқытыўшыларынан, өз кәсибине пидәйылық, теориялық билим, излениўшеңлик қасийетлер, өз исине жуўапкершиликли қәтнаста болыў талап етиледи. Бунда биринши гезекте баслаўыш класс оқыўшыларын билим алыўға болған қызығыўшылығын, интасын, қәбилетлилигин арттырыў менен бирге олардың интеллектуал сезиминде раўажландырып барыў зәрүр. Баслаўыш класс оқыўшыларының интелектал өзгешеликлерин раўажландырыўда оқыўшы ҳәм оқытыўшы биргеликте ҳәрекет етиў керек. Ақыл, әдеп, билим инсаныйлық жәмийеттиң ҳәр дәўиринде өзине сай турмыслық тәжирийбелерге, жасы үлкенлердиң кеңеслерине сүйенип жүргизилип отырды. Нәтийжеде жасы үлкен менен жасы киши, тәжрийбели ҳәм билимли адамлар арасында әдеп- икрамлық қатнаслардың өз-ара байланыслары пайда бола баслады. Әсирлер бойы ата- бабаларымыз жаратқан тәртип пенен тәрбия, әдеп пенен интизам ҳаққында үрп-әдетлер Орта Азия халықларының әййемнен киятырған миллий тарийхый дәстүрлери болып есапланады. Ата-бабаларымыздың үгит-нәсиятлары менен тәлим-тәрбиясы өмирден, турмыс тәжрийбелеринен арзыў-үмитлеринен дөреп ҳәр бир әўладтың келешегине мүнәсип дәрежеде тәрбиялық тәсир тийгизип келмекте. Усылар тийкарында бүгинги күни заманласларымыз шығыстың уллы данышпанлары жаратқан тәлим-тәрбиялық мийрасларды оқып-үйренип, ақыл-ойын, руўхый интеллектуал дүньясын байытады. 6 9 International scientific journal ISSN: 2181-3906 «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» 2025 VOLUME 4 / ISSUE 8 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ Себеби, бизлер данышпанлардың сөзлери менен ақыл-кеңеслеринен, озық ойлар менен жазылған тәлим-тәрбия ҳаққындағы әжайып пикирлерин оқыймыз. Бүгинги күни ата-бабаларымыздың тәрбия тараўында жаратқан тәлим-тәрбиялық мийрасыларын, миллий үрп әдетлерге жарасқан турмыс көринислерин қайта тиклеў ақыл тәрбиясының ең әҳмийетли ўазыйпасы болып тур. Биз өзимиздиң ҳалықлық миллий көринислеримизди жасларға терең сиңдирип барыў мәселесин, мектеп оқыўшылары алдына көбирек қойыўымыз, соның менен оларда адамгершилик минез-қулық, тәрбия ҳәм билимине жараса өз халқы ҳәм миллетиниң бай мийрасларын терең ийелеў мүмкиншилигин жаратқан боламыз. Себеби ата-бабаларымыз жасап бинә еткен, күнделикли турмыс көринислеринен пайда болған барлық нәрсени үйренбей, оларға туўры ҳәм ылайлықлы баҳа бермей, айтылған даналық пикирлери менен өзимизди байытпай адамгершилик, пәклик, ақыл ҳәм әдеплилик қусаған әўладтан-әўладқа өтип киятырған қәдирли пазыйлетлерди меңгере алмаймыз. Оқыўшыларда интеллектуал өзгешеликлерин раўажландырыўда оқытыўшыларда буйрық, жазалаў сыяқлы усыллардан пайдаланбаў керек. Ал, керисинше айрықша қабилетке ийе оқыўшыларда айрықша интеллектуал сезим қәбилетти билгенде оларға хошаметлеў усылларынан пайдаланыў зәрүр. Баслаўыш класс оқыўшыларын интеллектуал өзгешеликлерин анықлаўда баслаўыш класс оқытыўшысы ўазыйпасы-оқыў дәстүрине сәйкес түрде оқыў шынығыўларын жобаластырыў, өзлестириў барысын бақлаў ҳәм оқыўшылардың сабақтағы хызметин тәртипке салыўдан ибарат. Мине усы жол менен баслаўыш класс оқытыўшысы бул класстың хызметине басшылық етеди. Оқыўшыны руўхый интеллектуал өзгешеликлерин қәлиплесиўи төмендеги оқытыў ҳам үйретиўдиң нәтийжели усыллары мененде байланыслы деп есаплаймыз. 1. Баслаўыш класс оқыўшыларына жәмийетшилик жумысларда бөлистиргенде олардың минез-қулық қабилети, сол истиң қолынан келиў яки келмеў өзгешеликлерин итибарға алыныўын дурыс деп есаплаймыз. 2. Айрым пәнлерге оғада ықласлы оқыўшыларды сол пәнге қызығыўшылығын арттырыў, усы пәнди терең ийелеўи ушын жол-жоба бағдар бериўи. Атап айтқанда оқыўшы баслаўыш класс басларынан баслап-ақ мақалалар, қосықлар жазыўға ийкеми болса, усындай интеллектуал оқыўшыға көбирек әдебий китаплар оқыўға бағдар бериўи, класстағы ямаса мектептеги дийўалы газеталарға ағза сыпатында усыныў дурыс болады. Ал спортқа қызығыўшылығы басым теориялық сабақларға, оқыў п1нлерине онша қызықпайтуғын оқыўшыларды баслаўыш классларынан баслап-ақ спорт секцияларына дөгереклерине ағзалыққа бекитиў, өз ўақтында дурыс жол жоба бериў, келешектеде олардың белгили өз тараўынының маманы болыўына себепши болады. Баслаўыш класс оқытыўшысының баслаўыш класс оқыўшылары жәмәәтине өз ўақтында дурыс басшылық етиўи оқыўшының шахс сыпатында қәлиплестирип барады, оқытыўшыға болса. өз гезегинде бир қатар ўазыйпаларды жүклейди. Билим бериў процессинде оқыўшының материалларды, билимди дурыс өзлестириўи, класста түрлише жәмийетлик жумысларда қәбилетине қарай бөлистириў, 7 0 International scientific journal ISSN: 2181-3906 «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» 2025 VOLUME 4 / ISSUE 8 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ баслаўыш класс оқыў

Доказательный фрагмент

«The article examines the results of identifying intellectual disabilities in primary school students, primary school teachers, lecturers and teachers.»

Образец извлечения

Демо-превью

The article examines the results of identifying intellectual disabilities in primary school students, primary school teachers, lecturers and teachers. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.

Цитирований
0
Тип
Журнал
Страна
Узбекистан
Ключевые слова
Intelligence, morality, knowledge, education, ethics, intellectual differences, билим, тәрбия, интеллектуал өзгешеликлер., Ақыл, әдеп
Открыть DOI
Спросить CiteX об этой работе

Смежные источники