Научные статьиM.H.Sayidova, S.U.Pulatova2025
ИЙС ГАЗИНЕН АБАЙЛЫ БОЛЫӉ
Қоӊырат Сода заводы ЖШЖ
Современная наука и исследования · 2025
Аннотация
Бул мақалада тәбийғый газден пайдаланыў барысында жүзеге келетуғын қәўип-қәтерлер, әсиресе, ийис газиниң толық жанбаўы нәтийжесинде пайда болатуғын уўланыў жағдайлары ҳаққында сөз етиледи. Газ үскенелеринен пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиў, электр үскенелериниң жағдайын бақлаў, газ сыртқа шығып кетиўиниң алдын алыў бойынша әҳмийетли усыныслар берилген. Ийис газиниң адам денсаўлығына кери тәсири ҳәм оннан сақланыў жоллары жарытылған. Гилт сөзлер: ийис гази, тәбийғый газ, қәўипсизлик, уўланыў, партлаў, электр үскенелери, газ сыртқа шығыўы, алдын алыў. БУДЬТЕ ОСТОРОЖНЕЕ, ЧЕМ ИЗ ИЗОЛЮТНОГО ГАЗА Аннотация. В данной статье рассматриваются опасности, возникающие при использовании природного газа, особенно случаи отравления из-за неполного сгорания угарного газа (ийис газа). Даны рекомендации по соблюдению правил безопасности при эксплуатации газовых и электрических приборов. Также рассмотрено негативное влияние угарного газа на здоровье человека и способы предотвращения несчастных случаев. Ключевые слова: угарный газ, природный газ, безопасность, отравление, взрыв, электрические приборы, утечка газа, профилактика. BE CAREFUL WITH ICE GAS Annotation. This article discusses the risks associated with the use of natural gas, especially carbon monoxide (iyis gas) poisoning resulting from incomplete combustion. It provides safety recommendations for the proper use of gas and electrical appliances and highlights the dangers of gas leaks. The harmful effects of carbon monoxide on human health and preventive measures are also addressed. Keywords: carbon monoxide, natural gas, safety, poisoning, explosion, electrical appliances, gas leakage, prevention. Халықтың тәбийий газге болған талабы асыўы менен бир қатарда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына бойсынбағанлы ямаса кеўил аўдармағанлығы ақыбетинде портлаў ҳәм газден зәҳәрлениў менен байланыслы бахытсыз жағдайларға себепши болыўы мүмкин. Пуқараларымыз тәбийий газден пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларына бойсынбағанлығы, газ үскенеси орнатылған бөлмеде уйықлаўы, печлерди ҳәм суў ысытқыш үскенелерин күни бойы жағыўы, жанып турған газ үскенелерин қараўсыз қалдырыўы ҳәм газ плиталарынан өжирени жылытыў ушын пайдаланыўы, өз еркинше қосымша газ үскенелерин орнатыў ҳәм резина шлангалар менен жалғаўы, газ ийси пайда болғанда электр үскенесин өширип жағыў, шырпы жағыў, темеки шегиўи, ысытыў үскенелерин қараўсыз қалдырыў себепли ақыбетинде өрт ҳәм газден зәҳәрлениўлер келип шығатуғынлығын көрсетпекте. 63 Iyul, 2025-Yil Пуқараларға соны ескертип айтып өтиўимиз керек, төмендеги қағыйдаларға бойсыныўы, өзиниң ҳәм шаңарақ ағзаларының аманлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийнлеген болар еди. - үйден шыға турып, газ үскенелери ҳәм электр лампаларын өшириў; - үйде ямаса бөлмеде газ шығып атырғанлығы сезилсе, электр әсбаплары, шоқ шығарыўшы басқада үскенелерди жақпаў; - электр әсбапларының ҳәдден тыс қызып (ысып) кетиўи жағдайлары ҳәм өрт келип шығыўына алып келеди; -үйлерде электр тармағына бир ўақыттың өзинде бир неше ток қабыл етиўши үскенелер жалғаў жүдә қәўипли; - ақ майды қыздырыў (күйдириў) ўақтында бақлаўсыз қалдырыў кеўилсиз жағдайларға алып келиўи мүмкин; - жағып қойылған электр әсбапларын, электр утюг ҳәм плиталарды қараўсыз қалдырмаў; -негизинде стандарт талапларына жуўап бермейтуғын электр ысытқышлардан пайдаланбаў; -жанып турған газ плитасы үстинде жуўылған кир қурытыў ҳалатлары күшли өрт шығарыўына себеп болады. Жасаў үй төбелеринде ҳәр түрли жаныўшы буйымлар, екилемши үй буйымларын сақлап болмайды. Тәбийий газди резина шлангалар арқалы жалғаў қәўипли. Айнықса, түнде газди жағып қалдырыўға болмайды. Себеби, түнде газ басымы көбейип (артып) ямаса пәсейип, бахытсыз ҳәдийсе жүз бериўи мүмкин. Буннан тысқары, адамлар арасында ийис газинен зәҳерлениў жағдайлары ҳәм көп ушыраспақта. Ийис гази - үйлеримизде пайдаланып атырған табиий газдиң толық жанбаўы натийжесинде пайда болатуғын газ. Инсан организиминиң дем алыў жоллары ҳәм дем алыў органларына күшли тәсир қылады. Дем алыў жоллары арқалы организмди, орайлық нерв системасын зәҳәрлейди. 64
Доказательный фрагмент
«Бул мақалада тәбийғый газден пайдаланыў барысында жүзеге келетуғын қәўип-қәтерлер, әсиресе, ийис газиниң толық жанбаўы нәтийжесинде пайда болатуғын уўланыў жағдайлары ҳаққында сөз етиледи.»
Образец извлечения
Демо-превьюБул мақалада тәбийғый газден пайдаланыў барысында жүзеге келетуғын қәўип-қәтерлер, әсиресе, ийис газиниң толық жанбаўы нәтийжесинде пайда болатуғын уўланыў жағдайлары ҳаққында сөз етиледи. Полный текст публикации CiteX не хранит — доступ к первоисточнику открывается по DOI согласно лицензии издателя и выбранному плану.
- Цитирований
- 0
- Тип
- Журнал
- Страна
- Узбекистан
- Ключевые слова
- carbon monoxide, natural gas, safety, poisoning, explosion, electrical, газ сыртқа шығыўы, партлаў, уўланыў, тәбийғый газ, алдын алыў., қәўипсизлик, электр үскенелери, ийис гази
Смежные источники
Общество и инновацииKhosiyat MAMATKULOVA2024
Академические исследования в современной наукеKhudaiberdiyeva Arafat Israilovna, Ph.D Professor hudayberdiyevaarofat@gmail.com +12026
Научные статьиI.B.Yangiboyev, E.X.Berdanov +22025